БАХЫТ КҮЛИП БАҚҚАН — «ШЫМБАЙ ГҮЗАРЫ»
Садағаң кетейин, адам баласының қолы тийген жер пайызлы мәканға айланарын бүгинги күни Нөкис қаласындағы «Шымбай гүзары» пуқаралар жыйынының ҳәр бир турғыны өз көзлери менен көрип, және де исеним арттырмақта.
Ҳақыйқатында да, пайтахттан сәл қашықлаў жайласқан бул пуқаралар жыйыны социаллық инфраструктурасы тәрепинен ең аўыр, машқаласы басымырақ елаттан бири саналар еди. Мәкан турғынларының айтыўларына қарағанда, алдын бул жер көрген көзге көримсиз, әбигер аўҳалда еди, ҳәтте, «атаўлап» қалғандай сезим оятқан. Жаңадан ирге көтерген шаңарақлар электр тармағы бағанасы жоқлығынан ким тапқан қадасын, айырымлар сырық пенен тартқан. Қар-жаўыннан олардың түби ширигенликтен қулаў дәрежесине жеткен. Самал менен қосыла шайқалған бағанадағы сымлар өнер көрсеткеннен қалай ғана жарық алып берекет тапсын! Жанғанынан өшкени көп электр энергиясы әдеўир жәбир көрсетти. Күнделикли турмыста керекли газ, ишимлик суўы қубырларын тартыў да бас қатырғандай машқала болып, ишки жолларда болса автомобильде ҳәрекетлениўдиң имканияты аз еди. Аймақ турғынлары, әсиресе, мектеп оқыўшылары, бақша балалары қыста ылай, жазда қум кешип, атына ылайық емес көшелерден қыйналып, азап шегип қатнағанлығы кешеги күнниң ашшы ҳақыйқаты.
Ал, бүгин бахыт күлип баққан «Шымбай гүзары» мәкан пуқаралар жыйынындағы жүзден аслам қурылыс шөлкемлери ҳәм арнаўлы техникалар жәрдеминде қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары қоса алып барылмақта. Буннан гөзленген мақсет, 14 мыңнан аслам халық жасайтуғын аймақтың мүшкилин жеңиллестириў, жыйынды аўыр аймақ дизиминен шығарыў ҳәм бул жерде жасаўшы халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыўдан ибарат.
Қулласы, бул бағдардағы кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде барлық бағдарларда бир ўақыттың өзинде күшлер бириктирилип, ҳәрекетке қәдем тасланды. Жуўапкер шөлкемлер ҳәм қурылысшылар тәрепинен қысқа ўақыт ишинде 40 километрлик жоллар, ишки көшелерге қум тас араласпасы төселип, жоллар пиядалар ҳәм машиналар жүриўи ушын қолай ҳәм көркем жағдайға келтирилди. Аймақта 950 дана темир-бетон бағаналары, 25 километрлик электр тармағы линиялары ҳәм 9 дана трансформаторлар жаңадан орналастырылды. Буған қосымша 19,5 километр аралыққа ишимлик суўы ушын қубырлар тартылып, 945 дана суў есаплағыш үскенелери орнатылды. Тәбийғый газ тәмийнатын жақсылаў ушын 26 газ бөлистириў пункти оңланды. Газ қубырлары оңланып боялды, 630 дана есаплағыш жаңасына алмастырылды.
Қурылыс министрлиги тәрепинен ҳәр бир мәкан пуқаралар жыйынларын абаданластырыў бойынша бас режеси ислеп шығылмақта. Усы реже тийкарында «Шымбай гүзары» мәкан пуқаралар жыйынына кириў босағасына стелла орнатыў жумыслары алып барылмақта. Бул стелла қурып питкерилсе көрген көзге тартымлы, әжайып орынға айланарына гүман жоқ. Сондай-ақ, жыйында үлгили шаңарақ қандай болыўы кереклиги бойынша усыныслар таярланып, оған бола үй қапталына тандыр, ыссыханалар қурылып, жайлардың сыртқы фасадлары оңланып атыр.
Бүгинги күни жыйын аймағындағы ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселеси жуўапкер шөлкемлердиң дыққат-итибарына алынды. Буннан алдын 100 ҳаял-қыз тигиўшилик пенен шуғылланатуғын цех иске түсирилген еди. Тап ҳәзирги пайытта усы бағдарда тағы бир комплекс бой тиклемекте. Усы цех иске түсирилсе аймақта 300 орынлық жаңа жумыс орынлары жаратылады.
— Сыр емес, алдын тек телевизорда көретуғын өзгерислер бүгин бизиң мәканымыз, көше ҳәм үйлеримизде болмақта, - дейди «Шымбай гүзары» МПЖ турғыны Жолдас ата Оралбаев. — Туўрысы, алдынлары, әсиресе, ҳәзиргидей қыс мәўсиминде балалардың мектепке барып келиўи ата-аналар ушын өз алдына бир тәшўиш еди. Бала түўе, ҳәтте, өзимиз де пияда жүрип, асфальт жолға шығыўға қыйналар едик. Ал, кеште электр тогының қуўаты пәсейип, қар аралас жаўған жаўын себепли ме, тез-тез өшип турар еди. Көрип турғаныңыздай, қысқа мүддетте көше ҳәм жолларымыз, электр тармағы, абаданластырыў, үйлеримиздиң сыртқы фасадлары оңланып, мәканымыз ҳақыйқый абат мәканға айланды. Бул жумыслар халқымыздың кейпиятын көтерип, абадан турмыс кешириўине үмит оятып атыр. Усындай ийгиликли ислердиң басында турған елимиз басшыларына алғысымыз шексиз...
«Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында ири көлемдеги жумыслар «Шымбай гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны жамалын пүткиллей унамлы тәрепке өзгертип жибергенин аймақ турғынларының ҳәр бири тән алмақта. Алдынлары еңселери түскин адамлардың бүгин көкиреклери ояў, жасаўға болған үмитлери қайта тирилгенинен дәрек береди. Олар абат мәканға айланған аймағындағы өзгерислерге тең қәдем атыў ушын қулшына ҳәрекетленип атырғаны қуўандырады.
Қ.РЕЙМОВ, өз хабаршымыз.
Нөкис қаласы.
СҮЎРЕТТЕ: қурылыс ҳәм абаданластырыў
жумысларынан көринис.