ҚЫЗЫҒЫЎШЫЛЫҚ ТАБЫСҚА ЖЕТЕЛЕЙДИ
Оқыўшылардың сабақтан тыс ўақытлары, спорт ямаса миллий ойынларымызды ойнап, ҳеш болмағанда әдебий китаплар оқып бос ўақытларын мазмунлы өткергенине не жетсин.
Әсиресе, спорт пенен досласса саламатлығын беккемлеп, физикалық жақтан шынығып, наўқыран болып жетилиссе анаў-мынаў қыйыншылықлардан мүдирмей өтери анық.
Дурыс бүгинги күнниң балаларын компьютер ҳәм уялы телефон, интернеттен бетин берман қаратыў көп күшти талап етеди. Себеби, олар бул нәрселерге баўыр басып баратырғандай сезиле береди. Лекин, балалардың кеўлине жол тапсаң, оларда спорт ойынларын ойнаўға қарсы емес.
Тақыятас районындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниң дене тәрбия пәни муғаллими Батыр Тажибаев оқыўшыларының спортқа болған қызығыўшылығын оята алған устазлардан. Шәкиртлери менен ҳәр қашан шынығыўлар өткериўди үзилиске түсирмеўге тырысады. Соның арқасында шәкиртлери «Үмит нәлшелери» спорт жарысларының районлық басқышы сынақларында турақлы түрде «пайын туўрап» киятыр. Жүдә айтарлықтай ири-ғаба жеңислер қолға киргизилмегени менен, ең баслысы оқыўшылардың саламат турмыс тәризине үйренисип атырғаны қуўандырады. Ҳақыйқатында да, телефон яки компьютердеги социаллық тармақлардағы болар- болмас мултфильмди көрип яки ойынларды ойнағаннан, бир заман таза ҳаўада бой жазып ойын ойнағанның артықмашлығы бәри бир басым-аў.
Шәкиртлери устазының исенимлерин ақлаўға ҳәр дайым тырысады. Жақында, Тақыятас районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеп оқыўшылары арасында «Саламат турмыс тәризин ен жайдырыў» атамасында өткерилген вело-марафон жарысында әжайып нәтийже қолға киргизилди. Жарысқа старт берилгеннен, қарсыласларын шаңында қалдырып кеткен, мектептиң 10-класс оқыўшысы А. Мамедов финиш сызығын биринши болып басып өткен болса, Г. Араздурдиев ҳәм Н. Жумабаевлар сыйлы орынларды жеңип алды. Солай етип, жарыс жуўмағында мектеп оқыўшылар қарсыласларынан әдеўир басым екенлигин ис жүзинде дәлилледи.
Әлбетте, жетискенлик өз-өзинен қолға киргизилмейди. Мектеп оқыўшылары алдағы жарысларға пуқта таярлық көриў табыстың гилти екенлигин тәжирийбе де сынап көргенликтен, дене тәрбия пәни муғаллими Б. Тажибаевтан спорт ойынлары сырларын тереңирек үйрениўге умтылып ҳәрекет етип атыр.
Қ.РЕЙМОВ,
Өз хабаршымыз Тақыятас районы.