Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:08:52, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОЙБАР ИСКЕ ТҮСТИ

«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәми­йети қоспа кәр­ханасында жылына 20,6 мың куб.метр атмосфераны патаслаўшы карбонат ангидрид (98-99 процент) пайдаланылған газлерди қайта ислеў жойбары иске түсти.

Президентимиздиң  2021-жыл 13-февральдағы «Химия санааты кәрханаларын буннан былай да реформалаў ҳәм қаржылай саламатландырыў, жоқары қосымша қунлы химиялық өнимлер ислеп шығарыўды раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша иске түсирилген жойбар кәрхананың өндирислик қуўатлылығын және де арттырып, жылына қосымша 10 мың тонна кальцийлестирилген сода ислеп шығарыў  имканиятын жаратты.

Карбонат ангидрид пайдаланылған газлери «Uz-Kor Gas Chemical» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасында өндирис процесслеринде пайда болып, усы күнге шекем бул газлер қайта исленбестен, атмосфераға тасланатуғынын атап өтиў керек. Сондай-ақ, жойбарды иске түсириў нәтийжесинде технологиялық процесслердеги карбонат ангидрид қурамы 38 процентке шекем жеткерилип, бул фактор техноло­гиялық процесслердиң жақсыланыўына, тийкарғы үскенелердиң турақлы ислеўин  және шийки затлардың сарпланыўының азайыўын тәмийинлейди.

Улыўма баҳасы 1,65 миллион АҚШ долларын қурайтуғын жойбарды әмелге асырыў шеңберинде узынлығы 14,5 километр болған газ трубасы, карбонат ангидрид газин кәрханаға жеткерип бериўши компрессор қурылмасы ҳәм басқа да керекли инфраструктура объектлери қурып питкерилди.

Бул жойбардың иске түсиўи кәрхананың қуўатлылығын арттырады, өнимлердиң сапа көрсеткишлерин жақсылаған ҳалда олардың баҳасын арзанлатады, ең әҳмийетлиси, усы күнге шекем атмосфераға тасланып келген 20,6 мың куб.метр карбонат ангидрид пайдаланылған газлерди қайта ислеў имканиятын жаратады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF