БИЙПУЛ ЮРИДИКАЛЫҚ ХЫЗМЕТ
Елимиздеги бир қатар мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер халқымыздың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў бойынша жумыс алып барып, пуқаралардың нызамлы мәплерин қорғаў, оларға бийпул юридикалық хызметлер көрсетиў бойынша жумыс ислеп келмекте.
Соның ишинде, «Yuksak saloxiyat» жәмийетлик шөлкеминиң Қарақалпақстан филиалы да ҳәзирги ўақытта «Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районы ҳәм Нөкис қаласы халқының ҳуқықый саўатлылығын арттырыў» жойбары бойынша арнаўлы илажларды әмелге асырмақта.
АҚШтың USАID бағдарламасыниң қаржыландырыўындағы усы жойбар бойынша филиалдың Нөкис қаласы ҳәм Қоңырат районындағы бөлимлери тәрепинен ҳуқық қорғаў ҳәм ҳәкимшилик уйымлары менен бирге жумыслар алып барылмақта, - дейди «Yuksak saloxiyat» жәмийетлик шөлкеми Қарақалпақстан филиалының директоры М.Аллашова. — Пуқаралар, сондай-ақ, мийнет мигрантлары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының қатнасыўында Нөкис халықаралық аэропортында, Нөкис қаласы ҳәм Қоңырат районындағы мәкан пуқаралар жыйынларында 80ге шамалас ушырасыўлар өткерилди.
Ушырасыўларда суд уйымларына мүрәжат етиўде ҳүжжетлер менен ислесиў тәртиби, жазба түрде мүрәжат етиўдеги талап етилетуғын ҳүжжетлер ҳәм оларды толықтырыў бойынша мағлыўматлар, сондай-ақ, алимент өндириў мәселелери бойынша ең көп берилген сораўларға филиал юристлери тәрепинен толық жуўап берилди.
Усы күнге шекем жойбар тийкарында 2000нан аслам пуқараға юридикалық ҳәм әмелий жәрдемлер берилген.
Мәселен, келип түскен мүрәжатлардың арасында унамли шешим тапқанлары салмақлы. Пуқара Ж.Г. бурынғы өмирлик жолдасынан алиментлерин өндириў мәселесинде мүрәжат етти. Мүрәжат үйренилип, өндирилмеген алимент ушын 5 бөлмели жай Г.Ж.ның атына өткерип берилди. Сондай-ақ, 2021-жылдың сентябрь айында пуқара А.Т.ның өмирлик жолдасы А.К. Россия Федерациясының пуқарасы болғанлықтан, ата-анасынан мийрас қалған турақ жайды атына өткере алмай атырғанлығы бойынша юридикалық жәрдем алыў мақсетинде мүрәжат етти. Бул пуқараның мүрәжаты да унамлы шешилип, турақ жайды пуқара А.Т.ның атына өткериўге әмелий жәрдем берилди.
«Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районы ҳәм Нөкис қаласы халқының ҳуқықый саўатлылығын арттырыў» жойбары бойынша халыққа бийпул юридикалық жәрдем бериў бойынша жумыслар усы жылдың биринши шерегиниң ақырына шекем алып барылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.