ЖАРАТЫЛЫП АТЫРҒАН ИМКАНИЯТЛАРДАН УТЫМЛЫ ПАЙДАЛАНЫЎ КЕРЕК
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң жаслар ҳәм бизнес структуралар менен ислесиў бөлими тәрепинен тийисли қәнигелер менен биргеликте, Тақыятас районындағы политехника кәсип-өнер колледжинде «Көп тармақлы — көп дәраматлы» атамасында ашық сәўбетлесиў тәризинде семинар өткерилди.
Ондағы мақсет — келешегимиз болған жасларды киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке кеңнен тартыў, жаслардың исбилерменлик ҳәм фермерлик тараўы бойынша билимлери менен көнликпелерин арттырыў болып есапланады.
Онда тийкарынан мәмлекетимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат дәрежесинде алып барылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.
— Сәўбетлесиў даўамында жасларға көп тармақлы фермер хожалықлары жерлеринен ҳәм қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў, егислик майданларға, қыйтақ жерлерге тәкирарый егинлерди егиў ҳәм тәрбиялаў, жас фермерлер арасында овощ егинлерин жетистириў ҳәм бийдайдан босаған жерлерден утымлы пайдаланыў, «Ҳәр бир жасқа бир гектар» жойбары бойынша кең түрде түсиниклер берилди,-дейди Тақыятас районы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң қәнигеси Х.Тлеўбаев. — Көп өтпей бәҳәр басланады.
Жаслар арасында өткерилип атырған усындай илажлар, олардың арасынан тараўға қызығыўшылардың табылыўына, өзин-өзи бәнт етип, өзи ушын дәрамат дәрегин жаратыўға хызмет етеди. Жаслар берилип атырған жерлерден, ҳәзиргидей жаратылып атырған мүмкиншиликлерден, жеңилликлерден утымлы пайдаланыўы зәрүр.
Семинарда колледж жаслары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды. Олардың бир қатары партияға қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.