Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:00:12, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РАЎАЖЛАНЫЎ СТРАТЕГИЯСЫ — ӨМИР СТРАТЕГИЯСЫ

Кейинги бес жылға мөлшерленген Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясы жәми 7 бағдар, 100 мақсеттен ибарат болып, халқымыздың келешеги ушын хызмет етеди.

Мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысларын «пуқараға хызмет етиўге бағдарлаў» принципи тийкарында өзгертиў арқалы мәмлекетлик шөлкемлердиң жумысларының барлық жөнелислерин «Мәмлекет — халық хызметшиси» принципи тийкарында пуқараға туўрыдан-туўры хызмет көрсетиўге бағдарланғанлығы да халықтың мәплерин ойлап әмелге асырылып атырған реформалардың бирден-бир көриниси. Әлбетте, стратегияны ислеп шығып, тастыйықлаў бир тәрепи болса, оның орынланыўын өз ўақтында ҳәм сапалы тәмийинлеў екинши әҳмийетли мәселе есапланады. Пәрманның 25-бәнтинде Әдиллик министрлиги, Есап-санақ палатасы, «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетине Раўажланыў стратегиясы ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың әмелге асырылыўының барысын системалы мониторинг етиў, оны сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаў ушын қосымша илажлар көрип барыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар жүклетилди.

Стратегияның l4-мақсетинде Нызам үстинлиги ҳәм Конституциялық нызамшылықты тәмийинлеў ҳәм де инсан қәдирин усы процесс­тиң бас өлшеми сыпатында белгилеў айрықша орын алған. Судланғанлар ҳәм жазаны өтеп болған шахслардың мийнет, социаллық тәмийинлениў ҳәм халық­аралық тән алынған басқа ҳуқықларын тәмийинлеў, олардың социаллық бейимлесиўин ҳәм жәмийетке реинтеграциясына көмеклесиўдиң нәтийжели меха­низм­лерин енгизиў, усы жөнелисте мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик институтлардың биргеликтеги жумысларын жолға қойыў айрықша талап етиледи. Пуқараларға ҳуқықый тәсир көрсетиў, соның ишинде, ҳәрекетлениў еркинлигин шеклеў менен байланыслы шараларды қолланыўда нызамшылықты сөзсиз тәмийинлеў ҳәм санлы технологияларды енгизиў арқалы жәмийетшилик қадағалаўды күшейтиў де айрықша белгилеп өтилген. Пуқараларды жасаў мәнзили бойынша есапқа алыў системасын және де әпиўайыластырыў ҳәм халыққа қосымша қолайлылықлар жаратыў, усы бағдарда басланған реформаларды жуўмағына жеткериў зәрүрлиги де қатаң тап­сырыл­ған. Жынаят, жынаят-процессуал ҳәм жынаят атқарыў нызамшылығын жетилистириў сиясатын избе-из даўам еттириў, жынайый жазалар ҳәм оларды орынлаў системасына инсансүйиўшилик принципин кең енгизиў, қыйнаўлардың алдын алыў бойынша превентив механизмлерди жетилистириў ҳәм усы жө­не­лис­те арнаўлы нызам қабыл етиў де айрықша белгилеп өтилген. Сондай-ақ, Ювенал әдиллик системасын қәлиплестириў ҳәм бала ҳуқықлары нызамшылығын кодификациялаў сыяқлы ўазыйпалар да қатаң белгиленген.

Әлбетте, Раўажланыў стратегиясында белгиленген бундай ўазыйпалар елимиздиң гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың социаллық турмыс дәрежесиниң артыўына хызмет етери сөзсиз.

У.АТАДЖАНОВ,

Елликқала районы Әдиллик бөлими баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF