МҮЛК ҲУҚЫҚЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ НЫЗАМЛЫ КЕПИЛЛИКЛЕР
Раўажланыўдың әҳмийетли факторы сыпатында мәмлекетимизди модернизациялаў ҳәм реформалаў, жәмийетти демократияластырыў ҳәм жаңалаў процеси избе-из даўам етпекте. Әмелге асырылып атырған реформалар халық хожалығының барлық тараўларында өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.
Әмелге асырылып атырған реформалардың бас мақсети — ең алды менен инсанлардың жеке, социаллық, экономикалық ҳәм де сиясий ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўға қаратылған. Мүлк ҳуқықының өзгешеликлери оны әмелге асырыў менен байланыслы мәп көретуғын қатнасықларды жүзеге келтириўи себепли, усы процессте жүз бериўи мүмкин болған даўлы жағдайларды сапластырыў, мүлк ийелери ҳуқықларының қорғалыўын кепиллестириў талап етиледи.
Шахстың мүлк ийеси болыў ҳуқықы Конституциямызда қатаң белгиленген болып, усы ҳуқық (мүлк ийеси болыў ҳуқықы) басқа ҳуқықлар менен тең рәўиште қорғалады.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 36-статьясына көре, ҳәр бир шахс мүлк ийеси болыўға ҳақылы. Конституцияның усы нормасы «Инсан ҳуқықлары дүнья жүзилик Декларациясы»нда белгиленген ҳәр бир инсан жеке ҳалда, сондай-ақ, басқалар менен биргеликте мүлкке ийелик етиў ҳуқықына ийе екенлиги ҳаққындағы норма талапларына сәйкес келеди.
Пуқаралық кодексиниң 166-статьясына көре, мүлкке қол қатылмайды ҳәм нызам менен қорғалады. Мүлктиң қол қатылмаслығы мүлк ийесине қарсы турған барлық субъектлердиң мүлк ҳуқықын бузыўдан өзлерин сақлаўынан ибарат. Усы ўазыйпа мүлк ҳуқықының қол қатылмаслығын белгилеў, оны қорғаў ҳәм кепиллеўге қаратылған нызам нормалары арқалы тәмийинленеди.
Өзбекстан Республикасының «Жеке мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасында мүлкшилик ҳаққында»ғы нызамларының да мақсет ҳәм ўазыйпалары мүлк ҳуқықының қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм кепиллестириўге қаратылған. Усы нызамларға көре, мәмлекет жеке мүлктиң пүтин сақланыўын тәмийинлеў ҳәм оның көбейттирилиўи ушын барлық зәрүр шараятларды жаратады.
Мүлк ийелериниң мүлкин алып қойыўға, сондай-ақ, оның ҳуқықларын шеклеўге тек нызамларда нәзерде тутылған жағдайларда ғана жол қойылады.
Мүлк оның ийесинен алып қойылған жағдайда да, егер бул жағдай мүлк ийесиниң миннетлемелери бойынша өндириўди мүлкке қаратыў, сондай-ақ, конфискация етиў менен байланыслы болмаса, әлбетте, оның қуны төленген ҳалда әмелге асырылады.
Мүлк ийесине жеткерилген зыянның орны оны жеткерген шахс тәрепинен нызам ҳүжжетлерине муўапық толық көлемде қапланыўы керек.
Усы Нызамда белгиленген мүлк ҳуқықының қорғалыўы пуқаралық, экономикалық, жынайый ҳәм ҳәкимшилик нызамшылығы нормалары жәрдеминде әмелге асырылады.
Пуқаралық кодексиниң 11-статьясында пуқаралық ҳуқықын қорғаўдың усыллары белгиленген болып, оған көре, ҳуқықты тән алыў; ҳуқық бузылыўынан алдынғы жағдайды тиклеў ҳәм ҳуқықты бузатуғын яки оның бузылыўы қәўпин туўдыратуғын ҳәрекетлердиң алдын алыў; питимди ҳақыйқый емес деп табыў ҳәм оның ҳақыйқый емеслиги ақыбетлерин қолланыў; мәмлекетлик уйымның яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымының ҳүжжетин ҳақыйқый емес деп табыў; шахстың өз ҳуқықын өзи қорғаўы; миннетлемени негизинше (натура) орынлаўға мәжбүр етиў; зыянды төлеў; неустойка өндириў; руўхый зыянды қаплаў; ҳуқықый қатнасықты бийкар етиў яки өзгертиў; мәмлекетлик уйымның яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымының нызамға қайшы ҳүжжетин судтың қолламаслығы.
Пуқаралық ҳуқықлар нызамда нәзерде тутылған басқаша усыллар менен де қорғалыўы мүмкин.
Нызам мүлк ҳуқықын кепиллеў ҳәм де оны қорғаў менен бирге, мүлк ҳуқықын әмелге асырыўда мүлк ийесиниң жуўапкершилигине белгили миннетлемелерди жүклейди.
Пуқаралық кодексиниң 172-статьясына көре, мүлк ийесиниң өз ҳуқықларын әмелге асырыўы басқа шахслардың ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаслығы шәрт.
Нызамларда нәзерде тутылған ҳалларда, шәртлерде ҳәм шеңберде мүлк ийеси басқа шахслар оның меншигинен шекленген тәризде пайдаланыўына жол қойыўға мәжбүр.
Мүлк ийеси өзиниң үстинлик жағдайынан қасттан пайдаланыўға, басқа шахслардың ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин кемситетуғын өзге ҳәрекетлерди ислеўге ҳақылы емес.
Мүлк ийеси өз ҳуқықын әмелге асырғанында пуқаралардың денсаўлығына ҳәм әтирапына зыян жеткизиўиниң алдын алыў шараларын көриўге мәжбүр.
Мүлк ҳуқықына қарата қол қатыў тек пуқаралық нызамшылығы нормаларын бузған ҳалда ғана емес, сондай-ақ, бир қатар жағдайларда жынайый ҳүжимлер арқалы да әмелге асырылыўы мүмкин. Бундай хүжимлерден болса Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң жуўапкершилик белгилеўши нормалары арқалы қорғалады.
Мүлкке жеткерилген зыянның муғдары жынайый жуўапкершиликке тийкар болыўшы қуннан кем болса, бундай қылмыстың нызамсызлығы бойынша ҳәкимшилик жуўапкершилик нормалары арқалы жуўапкершиликке тартыў менен мүнәсибет билдириледи.
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 7-бабында мүлкке ҳүжим етиўши ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленген.
Соны атап өтиў керек, нызамда мүлк ҳуқықының қорғалыўын кепиллестириў ҳәм қорғаў, оны бузғанлық ушын жуўапкершилик пенен бирге, бундай қорғаўды әмелге асырыўдың қураллары да белгиленген.
Нызам талапларына муўапық, мүлкшилик түриндеги ҳуқықбузарлықлар пуқаралық, ҳәкимшилик яки жынайый жуўапкершиликке тийкар болыўшы қылмыслар ушын ҳуқықый тәсир шараларын қолланыўға қаратылған қатнасықларда бундай шараларды қолланыўшы сыпатында тек ғана мәмлекеттиң ўәкилликли уйымлары — ҳуқықты қорғаў мәкемелери (суд, прокуратура, ишки ислер уйымлары) қатнасыўы мүмкин.
Пуқаралар ҳақыйқатында олардың мүлкшилик ҳуқықлары бузылған жағдайда да, егер де бундай бузылыў ықтыярый рәўиште сапластырылмаған болса, өз ҳуқықларын тиклеў бойынша тек ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға мүрәжат еткен ҳалда, басқа ҳәр қандай нызамсыз қураллардан бас тартыўы лазым. Себеби, ҳуқықты қорғаўды әмелге асырыў ҳәм нызам талапларына сәйкес болыўы керек.
Абатбай АЯПОВ,
Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы.