Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:44:41, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУЎДЫ ҮНЕМЛЕЎШИ ТЕХНОЛОГИЯЛАР

Ҳәммемизге белгили, пүткил дүнья жүзинде суў тамтарыслығы жылдан-жылға шийеленисип бармақта. Бул мәселеге бизиң мәмлекетимизде де айрықша итибар берилип,  бундай шараятта суўды үнем­леў ҳәм есабын жүргизиў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли мәселеге айланбақта.

Өткен еки жылда Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиздиң бул тараўға байланыслы қарарлары қабыл етилип, барлық шараятлар жаратып берилди. Мине, сол қарарлардың орынланыўы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар, аўыл хожалығында жаңа инновацияларды енгизиў, тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў үскенелеринен нәтийжели пайдаланыў, санлы технологияларды енгизиў әҳмийетли болмақта. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы минис­трлиги тәрепинен аймақларда жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, шор жуўыў ҳәм суўды үнем­леўши технологияларды енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кең жәмийетшиликке таныс­тырыў мақсетинде баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын пресс- тур шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылар дәслеп Шоманай районындағы «Баҳром илғор кластер» ЖШЖниң атызларында болып, суўды үнемлеўши технологиялар, яғный, жаўынлатып суўғарыў үскенелериниң қурылыўы, ол жердеги алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысып, олардың абзаллықлары ҳәм суўды үнем­леўдеги әҳмийети ҳаққында бир қанша мағлыўмат ҳәм түсиниклерге ийе болды.

2022-жылы жәми 22500 гектарда суўды үнемлейтуғын технологиялар, соннан 17500 гектар майданда тамшылатып, 5000 гектар майданда жаўынлатып суўғарыў технологияларын енгизилиўи нәзерде тутыл­ған.

— Майданы 600 гектар жерге гүзлик бийдай егилген болып, соннан 100 гектарына жаўынлатып суў­ғарыў бойынша таярлық жумыслары қызғын алып барылмақта. Буның абзаллығы, лазерли қурылма менен тегисленгенликтен суўды үнемлеп, өнимдарлықты арттырады. Март айынан суўғарыў жумыслары басланады. Буның ушын ра­йонымыздағы жап-салмалар, хожалықлараралық каналлардың тазаланыўы да суўды үнемлеўде әҳмийетли болады, - дейди Шоманай районы ирригация бөлими баслығы Муратбай Жийемуратов.

Айтып өтиў орынлы, өткен 2021-жыл даўамында 4 млрд. 952 млн. 700 мың м3 суў лимити, соннан 4 млрд. 625 млн. 500 мың м3 суўғарыў жумысларына, 88 млн. 700 мың м3 коммунал хожалығына ҳәм 237 млн. 500 мың м3 санитар-экологиялық мақсетлер ушын ажыратылды. Суў ресурсларынан үнемли пайдаланыў мақсетинде аймақ ҳәм каналларға белгиленген графиклер тийкарында избе-излик пенен суў жеткерип берилди. Вегетация дәўиринде көп жыллыққа қарағанда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, ирригация тармақларын тазалаў ҳәм олардағы гидротехникалық имаратларды оңлаў, тиклеў, қосымша агротехникалық илажлар, суў аз талап етилетуғын егинлерди жайластырыў, жерлерди лазерли тегислеў, суў хожалығы объектлеринде санлы технологияларды енгизиў сыяқлы жумыслар есабына орташа 1245,0 млн. м3 суўдың үнемлениўине ерисилди. Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясы ҳәм 2021-2023-жыл­ларға мөлшерленген стратегиясына муўапық, суў өлшеў постларына 206 «Ақыллы суў» қурылмалары орнатылды. Гүзетиў қудықларында жер асты суўларын онлайн мониторинг етиўши 357 дана «DIVER» қурылмалары орнатылды. Бул қурылма инсан факторын кемейттириў, мағлыўматларды оператив алыў ҳәм мониторинг етиў имканын береди. 65 дана насос станцияларына суў муғдарын онлайн мониторинг етиўши қурылма орнатылып, интеграция етиў жумыслары алып барылды.

Ирригация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жойбарлары бойынша 38,4 км каналларда қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылды. Мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша 28,5 км коллектор-дренаж тармақлары қурылып ҳәм реконструкцияланғанлығын атап өтиўимизге болады. 

Илаж қатнасыўшылары ушын сол атыз майданларының өзинде тараў ўәкиллери менен биргеликте брифинг шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министриниң биринши орынбасары Азимжон Назаров, усы министрликтиң Жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў басқармасы баслығы Қурбан Мурадов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жыллардағы суў хожалығы тараўындағы алып барылып атырған жумыслар, регионымыздағы быйылғы суўдың жағдайы, оны үнемлеўге қаратылып атырған технологиялардың әҳми­йети ҳәм нәтийжелери, сондай-ақ, субсидиялардың ажыратылыўы ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди. Брифинг қызғын пикир алысыў ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Қатнасыўшылардың кейинги жөнелиси Қанлыкөл районындағы «Сүўенли» ирригация тармағы басқармасының канал имаратына орнатылған автоматласқан басқарыў системасы менен жақыннан танысыўы болды. Бүгинги күнде басқарма есабында 234,8 км узынлықтағы магистрал ҳәм хожалықлараралық каналлар, 286 суў хожалығы имаратлары бар болып, Мойнақ, Қоңырат, Шоманай, Қанлыкөл, Хожели, Тақыятас районларының l6l79l гектар аўыл хожалығы жер майданларын суў менен тәмийинлеп келмекте. Онлайн қадағалаўдың абзаллығы сонда, насос арқалы шығып турған суўдың көлеми ҳәм бул ушын сарпланатуғын электр энергиясы анық есап-китабын жүргизиў имканын жаратады. Бул болса, тутыныўшыларға суў жеткерип бериўде үлкен әҳмийетке ийе. Пресс-тур шеңберинде Хожели районындағы бақлаў қудықларындағы санлы қурылмалар ғалаба хабар қураллары ўәкиллеринде үлкен қызығыўшылық оятты. Себеби, қурылма нәтийжесинде жер асты суўларының қәдди ҳәм олардың минералласыў көрсеткишлери бақлап барылады екен.

Республикамыз бойынша жәми 735 суў хожалығы объектлерине заманагөй санлы технологияларды, яғный, суў ресурсларын онлайн қадағалаў имканын бериўши 341 «Ақыллы суў», 270 мелиоративлик гүзетиў қудықларында жер асты суўлары қәдди ҳәм олардың минералласыў көрсеткишлери мониторингин жүргизиў имканын бериўши «DIVER» қурылмаларын орнатыў ҳәм бир ири объекттиң басқарыўын автоматластырыў, сондай-ақ, 123 насос станцияларында суў сарпланыўын онлайн қадағалаў қурылмаларын орнатыў режелестирилди.

Айтып өтетуғын болсақ, пресс-тур даўамында қатнасыўшылар ирригация-мелиорация жумыслары менен де танысар екен, Қарақалпақстан Республикасында 2022-жыл зүрәәти ушын жерлерди шор жуўыўға таярлаў ҳәм шор жуўыў жумыслары менен де танысыў имканияты жаратылды. Бүгинги күнде республикамыз бойынша жәми 104 мың 751 гектар майдан шор жуўыўға таярланып, 1 мың 133 гектар майданда шор жуўыў жумыслары әмелге асырылды. Соның менен бирге, шор жуўыў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм ирригация-мелиорация илажларының орынланыўын қадағалаў ҳәм суў тутыныўшыларына әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде суў хожалығы шөлкемлеринен 1824 хызметкер бириктирилди. Бүгинги күнде Түйемойын суў сақлағышына 220 м3/с суў муғдары келип, суў сақлағышта суў резерви 3 млрд. 222 млн. м3 ти қурайды. Бул суў сақлағышта топланған суў резервинен келип шығып, шор жуўыў жумысларын февраль айының екинши ярымынан баслап әмелге асырыў режелестирилмекте. 

Қулласы, пресс-тур қатнасыўшылары тараўдағы жумыслар менен танысар екен, әлбетте, буларды кең жәмийетшиликке жеткериўди баслы мақсет етип, бул бағдарда алдағы ўақытлары да еле де тығыз бирге ислесиў усыныслары билдирилди.

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: пресс-турдан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF