ТӨРТКҮЛЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕРИ
Елимиздиң қубла шығысында жайласқан Төрткүл районы тарийхый естеликлерге бай қала болыўы менен бирге ол жерде жасап атырған халық әзелий дийқаншылықта, саўда-сатықтан ат шығарып мийнеткешлиги ҳәм пидайылығы менен мәмлекетимиз экономикасының раўажланыўына салмақлы үлес қосып келмекте.
Себеби, қайсы тараўды алып қарамайық, олардың жетискенликлериниң гүўасы боласыз. Жақында усы районға Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Төрткүл районлық бөлими қәнигелери менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында пресс-тур шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылар дәслеп райондағы «Кўна Тўрткул» АПЖ да жайласқан «Супер балықлар» көп тармақлы фермер хожалығында болып ол жердеги жумыслар менен жақыннан танысты. Айтып өтиў орынлы «Супер балықлар» көп тармақлы фермер хожалығы 2014-жылдың 10-ноябрь күнги Төрткүл районы ҳәкиминиң қарары тийкарында шөлкемлестирилип, 2014-2017-жылларда мәмлекетлик бағдарламаға киргизилип өз жумысын баслаған. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 10 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген болса, 50 адам мәўсимлик жумысшылар болып есапланады. Қуўанышлысы, бүгинги күнде бул жерде бир мәўсимде 300 миллион балық шабақларын жеткерип бериўши инкубация үскенелери Россия федерациясынан алып келинип иске түсирилди. Өткен жылы 50 миллион данадан артық балық шабақлары өндирилип, жасалма ҳәўизлерге жиберилди. «Жылына қанша дәрамат аласыз»- деген сораўымызға: — Тәбияттың бийбаҳа инамы болған балық жесең сүйкимли ҳәм инсан саламатлығына пайдасы жоқары болған тағам есапланады. Ол тез көбейип өршийтуғын жанзат. Биз жыл жуўмағына бола салыстырып есапласақ кеткен шығынларымызды толық қаплап атыр. Соның есабынан ҳәр жылы жасалма ҳәўизлерди көбейтип атырмыз. Жаңа үскенимиздиң абзаллық тәрепине тоқталсақ, оның толық қуўатлылығы республикамыздың алты ўәлаятын балық шабақлары менен тәмийинлеў имканиятына ийе,- дейди усы көп тармақлы кәрхананың баслығы Дәнияр Юсупов. — Ҳәзирги күнде ақ амур, дөң маңлай, сазан, ылақа балықлары жетистирилмекте...
Буннан соң журналистлер райондағы «Уллы бағ» АПЖ аймағында жайласқан «Уллы бағ Шарўа комплекси» нәсилшиликке қәнигелестирилген фермер хожалығында болды. Бул жердеги жумыслар менен жақыннан танысты. Фермер хожалығы 2015-жылы өз жумысын баслаған болса, бүгинги күнде жәми жер майданы 50.3 гектар болып, соннан 17,6 гектары егислик, 32,7 гектары жайлаў жерлеринен ибарат. 2017-жылдан баслап нәсилшиликке бағдарланып, районлық халық банкинен 750 миллион сум кредит алып, 2020-жылда 31 бас симментал пародалы қарамаллар Австрия мәмлекетинен алып келинген. Ҳәзирги ўақытта фермер хожалығында жәми 76 бас нәсилли симментал пародаға тийисли ҳәм басқа да пародалы маллар сақланбақта. 2021-жылда усы маллардан 29 бас төл алынып, ҳәзирги ўақытта көбейтиў ислери әмелге асырылмақта.
— Бир сыйырдан күниге 15 литр сүт алынады,- дейди усы фермер хожалығы баслығы Еркин Рахимов. — Биз саўып алынған сүт өнимлерин Нөкис қаласындағы «Қоңырат меҳри» заводына тапсырып атырмыз. Өткен жылы жәми 270 тонна сүт өнимлерин алдық. Сондай-ақ, 55 тонна гөш өнимлеринде Нөкис қаласы ҳәм Төрткүл районындағы дийқан базарларына шығарып, халқымызды сапалы сүт ҳәм гөш өнимлери менен тәмийинлеп киятырмыз,- дейди ол.
Соны да айтып өтиў керек, фермер хожалығы баслығы өз қәрежети есабынан 2020-жылда 650 миллион сумлық «Уллы бағ» АПЖ аймағынан барлық қолайлылықларға ийе малқора имаратын тикледи. Бул жерде маллар тийкарынан жоңышқа, ғаўыш ҳәм басқа да азық аўқатлар менен бағылып атыр. Малларға қараўда 6 шопан ҳәм мәўсимлик 22 жумысшы ислеп келмекте.
Қатнасыўшылар пресс- тур даўамында өзлерин қызықтырған бәрше сораўларына жуўаплар алды.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.
Төрткүл районы.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.