ТАРАЎДЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎҒА ЖАҢАША ЖАНТАСАЙЫҚ
Өзбекстанда соңғы бес жылда балықшылық тараўын раўажландырыў, балық өнимлерин ислеп шығарыўдың ҳәзирги дәўирге сәйкес инновациялы усылларын қолланыў ҳәм раўажландырыў бойынша нызамлар, қарарлар қабыл етилип, олардың әмелге асырылыўы бойынша тийисли илажлар исленип атыр.
Президентимиздиң 2020-жыл 20-августтағы «Балықшылық тараўын қоллап-қуўатлаў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарын әмелге асырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Балық жетистириўди интенсив усылда басқышпа-басқыш әмелге асырыў, бар суў ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыў, тараўға инновациялық-илимий заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў, балықшылықты еле де қоллап-қуўатлаўға бағдарланған (инкубация цехы, шабақ ҳәм товар балық жетистириў, жоқары белокқа бай балық жеми, қайта ислеў ҳәм сақлаў) мәселелерине қәнигелестирилген балықшылық кластерлерин шөлкемлестириў режелери белгилеп берилди.
Усы бағдарда «Қарақалпақбалықсанаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен «Интенсив усылда балық жетистириў ҳәм қайта ислеў жойбары» шеңберинде кәрханаға Нөкис қаласынан 1,2 гектар жер майданы ажыратылып, 6 млрд. сумлық қурылыс жумыслары алып барылды, 35 жумыс орны жаратылды. Жылына 200 тонна балық, 5 млн. дана личинкалар жетистириў, 5 мың тонна азықлық жем ислеп шығарыў, 1000 тонналық суўытыўшы камера объектлери иске түсирилди. Жабық суў айланба системасы инкубация дәўиринде 50 млн. дана личинка шығарыў қуўатлылығына ийе болып, соның 5 млн. данасы жәмийет ушын жетерли болып, ал, қалған 45 млн. данасы регионымыздағы 124 тәбийғый суў ҳәўизлери ҳәм 400ге шамалас жасалма суў ҳәўизлерин шабақлар менен тәмийинлеп атыр.
Президентимиз Ш.Мирзиёев 2020-жылдың 2-октябринде Қарақалпақстан Республикасында болған сапарында тараўды буннан былай да раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берген болса, 2020-жылда белгиленген 25000 т. балық аўлаў режеси 16606 т., 2021-жылы 9069 тонна, соннан фермер хожалықларында 2020-жылы — 2879 т., 2021-жылы — 3222 т., дийқан (жеке жәрдемши хожалықлар) 2020-жылы — 506 т., 2021-жылы — 228 т., басқа тараўлар 2020-жылы — 9657 т., 2021-жылы 3559,3 т. болып орынланды. Соннан өткен жылы Әмиўдәрья районындағы 69 фермер хожалығынан 37си, Беруний районынан 84тен 25и, Бозатаўдан 15тиң 10ы, Қараөзектен 15тиң 7еўи, Кегейлиден 40тың 30ы, Қоңыраттан 46дан 18и, Қанлыкөлден 23тен 17си, Нөкис районынан 38диң 23и, Тақыятастан 7еўден биреўи, Тахтакөпирден 14тиң 9ы, Төрткүлден 38диң 22си, Хожелиден 35тиң 14и, Шымбайдан 24тиң 14и, Шоманайдан 4ден 3еўи, Елликқаладан 49дың 26сы жыл даўамында бир килограмм да балық өнимлерин тапсырмаған. Сонлықтан, жоқарыда атап өтилген районлар, балық аўлаўшы субъектлер 2022-жылға белгиленген балық аўлаў жобаларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша «Қарақалпақбалықсанаат» ЖШЖ, тийисли министрлик, шөлкемлер, район, қала ҳәкимиятлары, орынлардағы мәкан пуқаралар жыйынлары балық аўлаўшы субъектлер тәрепинен ислеп шығылған мәнзилли илажлардың орынланыўы үстинен турақлы түрде қадағалаўды әмелге асырыўы, орынларда балық аўлаўды раўажландырыў бойынша инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын ҳәм олардың өз ўақтында өзлестирилиўин тәмийинлеў, әсиресе, тийисли руқсаты болмай турып ямаса қадаған етилген орынларда қураллар, усыллар менен балық аўлағаны ушын жуўапкершиликти буннан былай да күшейтиўи керек.
Усы бағдарда Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2022-жыл 13-январьдағы «Балықшылық тармағын буннан былай да раўажландырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары тараўымызды буннан былай да раўажландырыў, балық өнимлериниң түрлерин көбейтиў, экспорт потенциалын арттырыў, бар бассейнлердиң имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, интенсив технологиялар тийкарында балық жетистириў көлемлерин көбейтиў ҳәм балықшылық хожалықларының азықлық базасын беккемлеў ушын «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясының Жиззақ ўәлаяты Ш.Рашидов районында шөлкемлестирилген балықшылық кластериниң халық шаңарақлары менен кооперация тийкарында ислеў тәжирийбесин ҳәр бир ўәлаятта енгизиў ҳаққындағы усынысы мақулланған еди.
Бунда кооперация тийкарында шаңарақларда балық жетистириў бойынша шаңарақ ийелерин оқытыўды шөлкемлестириў, тийисли әсбап-үскенелер, балық шабақлары, азықлық минерал төгинлерди жетистирип беретуғын және олар тәрепинен жетистирилген балықты келисилген баҳаларда сатып алатуғыны, шаңарақ ийелери өз үйлеринде жеткерилип берилген өнимлерден пайдаланған ҳалда интенсив усылда жетистирилген балықларды келисилген баҳаларда оларға сататуғыны белгиленген. 2022-жылда Қарақалпақстан Республикасында балық аўлаўды 50 мың тоннаға жеткериў, соннан тәбийғый көллерден 9000 т., жасалма көллерден, ҳәўизлерден 955 т., қалғанларын интенсив суў сақлағышлардан аўлаў көзде тутылған. Сонлықтан, «Қарақалпақбалықсанаат» ЖШЖ, тийисли министрлик, шөлкем, орынлардағы мәкан пуқаралар жыйынлары басшылары, район, қала ҳәкимлери, балық аўлаўшы субъектлер менен бирге қарарда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға бағдарланған жумысларды орынлаўы керек.
Қайыпберген ЮСУПОВ,
Қарақалпақстан Республикасына хызмет
көрсеткен аўыл хожалығы хызметкери.