БИОЛАБОРАТОРИЯ ХЫЗМЕТЛЕРИ КЕҢЕЙЕДИ
Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен «Агробанк» АКБ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте, орынларда биолабораториялардың басшылары ҳәм хызметкерлериниң тәжирийбесин арттырыў мақсетинде оқыў-семинарлары шөлкемлестирилмекте.
Буннан мақсет — мәмлекетимиз тәрепинен тараўды раўажландырыў мақсетинде жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланған ҳалда өсимлик зыянкеслерине қарсы гүресиўде биологиялық усылды кеңнен қолланыў арқалы органикалық, фитосанитар таза өнимлерди алыўға ерисиўден ибарат. Бул ушын ҳәзирги ўақыттан баслап биолабораториялар менен кластерлердиң биргеликте ислесиўи бойынша шәртнама дүзиўи ҳәм оған тийкарланып биоөнимлерди жетистириўге итибар қаратыў — ең әҳмийетли мәселелердиң бири болып есапланады.
Семинарларда, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде жоқары экономикалық нәтийжелиликке ерисиў ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў ушын агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў, өсимликлерди зыянкеслер менен кеселликлерден қорғаўда илимий жақтан үйренилген тәжирийбелерге сүйенген ҳалда жумыс алып барыў бүгинги күнниң талабы екенлиги атап өтилди.
— Аўыл хожалығы егинлерин зыянкеслерден қорғаўда биологиялық усылдың әҳмийети үлкен,-дейди агентликтиң өсимликлер клиникасы ҳәм биолабораториялар мониторинги бойынша бас қәнигеси С.Қошқарбаев. — Бул усыл тәбияттағы жәнликлерден утымлы пайдаланыў (қырып жибермеў, егинлердиң арасына энтомофагларды өзине тартатуғын өсимликлерди егиў), энтомофагларды (трихограмма, бракон ҳәм ханқызы) биолабораторияларда көбейтип, мәўсимге байланыслы атызларға шығарыў ҳәм микроорганизмлер тийкарында жаратылған биопрепаратларды қолланыўға тийкарланған.
Ҳәзирги ўақытта тийисли қарар ҳәм пәрманларға муўапық, республикамызда жаңа биолабораториялардың жумысларын шөлкемлестириў илажлары алып барылмақта. Алдын, республикамызда 61 биолаборатория жумыс алып барған болса, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 13-октябрьдеги «Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызметлердиң жумысын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында және 8 биолабораторияның жумысы жолға қойылды.
Ҳәзирги күнде, усы биолабораториялар тәрепинен фермер хожалықлары ҳәм кластерлер менен шәртнамалар дүзиў, 2022-жылдың зүрәәти ушын биоөнимлерди таярлаў жумыслары алып барылмақта...
Семинар даўамында биосапа талаплары тийкарында биолабораториялардың хызметин шөлкемлестириў қағыйдалары, биолабораторияларда энтомофагларды сапалы түрде көбейтиў технологиялары, паразит ҳәм жыртқыш энтомофагларды аўыл хожалығы егинлери зыянкеслерине қарсы қолланыў ҳәм тарқатыў технологиясы ҳәм усы мәселелерге байланыслы басқа да темаларда мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, қатнасыўшылар Хорезм ўәлаятында жумыс ислеп турған үлгили биолабораториялардың жумыслары менен таныстырылды.
Усы мазмундағы семинар Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң бас директоры И.Эргашевтиң басшылығында Хожели районындағы «Жасыл тәбият биоорайы» ЖШЖне қараслы биолабораторияда да болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары, Агробанк АКБ басшылары, район ҳәкими ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң басшылары, мәҳәлле турғынлары қатнасты.
Семинарда Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 15-январьда өткерилген видеоселектор мәжилисинде, өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигине белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, ҳәр бир мәҳәлледе өсимликлерди қорғаў хызметлерин жолға қойыў мәселелери ҳаққында мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.
Семинарда республикамызда биолабораториялардың жумысларын раўажландырыў ушын «Агробанк» АКБ тәрепинен кредитлердиң ажыратылғанлығы мәлим етилип, аймақларда мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы тийкарында ҳәр бир мәҳәллеге биолабораторияларды бириктирип, олар тәрепинен шаңарақларда биоөнимлерди жетистириў системасын жолға қойыў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар келисип алынды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.