Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:48:10, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН — МИЛЛЕТЛЕР ҲӘМ ДИНЛЕР АРАСЫНДАҒЫ ТАТЫЎЛЫҚ МӘМЛЕКЕТИ

Дүнья халықларының раўажланыў тәжирийбеси соны көрсетеди, пуқаралар, миллетлер ҳәм динлер аралық татыўлықты тәмийинлеў — жәмийеттиң табыслы алға илгерилеўиниң әҳмийетли шәрти ҳәм зәрүр нызамлылығы болып есапланады.

Бул қағыйданы басшылыққа алған Өзбекстан Республикасының ҳүкимети ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап-ақ, көп миллетли, көп конфессиялы демократиялық мәмлекетке сай сиясатты дурыс илимий тийкарда белгилеп алыўға айрықша итибар берди.

Бүгинги қурамалы глобалласыў ҳәм мәлимлемелесиў заманында миллетлер ҳәм динлер арасындағы мүнәсибет және татыўлық мәселеси жәмийетимиз раўажланыўының оғада әҳми­йетли қубылыслары сыпатында жүзеге шықпақта. Бул саладағы ислерди избе-из және де даўам еттириў, жетилистириў ҳәм тереңлестириў ең әҳмийетли ўазыйпалардан болып қалмақта. Президентимиз Пәрманы менен тастыйықланған «2022-2026-жылларға мөлшерленген жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы»нда оның «Жана Өзбекстан страте­гиясы» атлы китабында миллетлер ҳәм динлер арасындағы татыўлық мәселесине үстинликке ийе мақсет сыпатында айрықша орын берилген. Президентимиз өзиниң мийнетинде бүгинги дәўирдеги жағдайды баҳалай отырып, былай дейди: «Ҳәзирги ўақытта дүньяның түрли регионларында миллетлер ҳәм динлер арасындағы кескинлик күшейип бармақта, шовинизм, миллетшилик, диний қарсылықлар бас көтермекте. Бул иллетлер мәм­лекетти жемирип, жәми­йетти бөлеклеп, радикал топар ҳәм ағымлар ушын идео­логия базасына айланбақта.

Мине, усындай қурамалы жағдайда мәмлекетимизде түрли миллет ҳәм динге ти­йисли инсанлар арасында дослық ҳәм аўызбиршиликти және де беккемлеў биз ушын барған сайын оғада әҳмийетли болып бармақта. Ҳеш гүмансыз, бул бизиң жеримизде тынышлық ҳәм турақлылықтың беккем кепили, халқымыздың дөретиўшилик имканиятларын, оның ертеңги күнге болған исенимин арттырыўдың тийкары болып хызмет етпекте».

Бизиң елимиз — әзелден көп миллетли халық, әсирлер даўамында түрли миллет ҳәм елат, мәденият ҳәм дин ўәкиллери өз-ара келисимде тыныш-татыў жасап келген. Миймандослық, бир биреўге жақсылық ислеў, кеңпейиллик халқымыз менталитетиниң тийкарын қураған. Бул пикиримиздиң айқын дәлили миллий тарийхымызда миллетлер ара яки динлер аралық келиспеўшиликлер тийкарында урыс-жәнжеллер болмаған.

Миллетлер аралық татыўлық идеясы — улыўмаинсаный қәдирият болып, түрли халықлардың бир аймақта бирликте, тыныш-татыўлықта жасаўын аңлатады, регионның ҳәм мәмлекетлердиң раўажланыўын белгилейди. Ҳәзирги ўақытта жер шарында 1600 ден аслам миллий-этникалық топарлар бар болып, олардың ҳәр қайсысы өзине тән, бийтәкирар қәдириятларға ийе. Олар арасында аўызбиршиликти, өз-ара бирге ислесиўди, демокра­тиялық тийкарда қарым-қатнасларды тәмийинлеў дүньялық ҳәм регионаллық көлемде тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаўдың ҳақыйқый кепили болып есапланады. Миллетлер аралық мүнәсибетлер — социаллық, мәнаўий әдеп-икрамлылық қубылыс. Ҳәр бир миллет өзин-өзи аңлаўы, өзлигин тиклеў процесинде басқа миллетлерди өзи менен тең көриўи, оларға дослық ҳәм әдалатлы қатнаста болыўы талап етиледи, яғный, миллеттиң өзин-өзи миллет сыпатында аңлаўының негизине ҳәр бир инсанның басқа қәлеген инсанды өзиндей инсан сыпатында тән алыўы принципи қо­йылады.

Өзбекстан Республикасы полиэтникалық мәмлекет болып, бүгинги күнде бул жерде 130 дан аслам миллет ҳәм халықлардың ўәкиллеринен ибарат болған 35 миллионнан аслам халық жасайды. Соның ушын да Өзбекстандағы ишки сиясий аўҳалдың турақлылығы, миллий қәўипсизлик ҳәм социал-экономикалық раўажланыўдың дәрежеси усы миллетлердиң аўызбиршилигине, сиясатты қоллап-қуўатлаўына байланыслы. Өзбекстанда илимий тийкарланған, пүткил хал­қымыз толық қоллап-қуўатлайтуғын миллий сиясат алып барылмақта.

Елимиздеги барлық миллетлерге, олар қаншелли аз санда болыўына қарамастан, ҳәммесине теңдей айрықша иззет-ҳүрмет көрсетилмекте. Өзбекстанда көп миллетлилик қубылысы алға раўажланыўдың, Жаңа Өзбекстанды қурыўдың факторы дәрежесине көтерилген. Өзбекстан Республикасының экономикалық, мәдений, руўхый-ағартыўшылық тараўларында ерискен табысларында барлық миллетлердиң үлесиниң бар екенлиги сөзсиз.

Журтбасшымыз Шавкат Мирзиёев елимиздеги миллетлер аралық қатнасыққа баҳа берип, былай дейди: «Олар улыўма үйимиз — сүйикли Өзбекстанымыздың гүллениўи жолында бирлесип, барлық тараў ҳәм тармақларда пи­дәкерлик пенен мийнет етпекте, раўажланған базар экономикасы ҳәм күшли пуқаралық жәмийетке тийкарланған ҳуқықый демокра­тиялық мәмлекет қурыўға мүнәсип үлес қоспақта.

Кеңпейиллик ҳәм ин­сан­сүйиўшилик мәдениятты раўажландырыў, миллетлер ҳәм пуқаралар арасында аўызбиршиликти ҳәм татыўлықты беккемлеў, жас әў­ладты сол тийкарда Ўатан­ға муҳаббат ҳәм шын берилгенлик руўхында тәрбиялаў — мәмлекетимиз сиясатында әҳмийетли үстинликке ийе бағдарлардан бирине айлан­ған».

Республикамызда қолға-қол усласып жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў, және де раўажландырыў ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған. Елимизде көплеген миллий мәдений орайлардың жумыс алып барып атырғаны — бул пикиримиздиң айқын дәлили. Өзбекстанда жасаўшы барлық миллетлерге айрықша ҳүрметтиң белгиси сыпатында олардың саны ҳәзир 140 тан асып кеткенин, соның ишинде ҳәзир Қарақалпақстанда қазақ, түркмен, рус, кореец, украин мәдений орайларының ислеп турғанын айрықша атап көрсетиў мүмкин. Миллий мәдений орайлар миллетлердиң тилин, мәдениятын, менталитетин сақлаў бойынша жемисли ислер алып барыўы менен бирге Жаңа Өзбекстанды дөретиўге өз үлеслерин қоспақта.

Елимизде 30-июль «Халықлар дослығы күни» деп белгиленди ҳәм «Халықлар дослығы» көкирек нышаны шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 19-майдағы «Миллетлер аралық қатнасықларды ҳәм шет еллер менен дослық байланысларды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы миллий-мәдений орайлардың жумысын бүгинги күн руўхында шөлкемлестириў, сырт еллер менен мәдений-ағартыўшылық байланысларды кеңейтиў бағдарында жаңа имканиятларды ашып берди.

Жақында Нөкис қаласында «Дослық үйи»ниң ашылыўы, онда республикамыздағы барлық миллий орайлардың, соның ишинде бурын районларда жайласқанларының да жумыс алып барыўына мүмкиншиликлердиң туўдырылыўы — бул орайлардың жемисли ислеўине алып келеди.

Мәмлекетимизде 16 конфессияға тийисли диний шөлкемлер еркин жумыс алып бармақта. Өзбекстан Республикасы Конституциясының ҳәм «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы жаңа редакциядағы нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде дин тараўындағы сиясаттың тийкарғы принциплери ҳәм ҳуқықый тийкарлары ислеп шығылды, пуқаралардың ҳүждан ҳәм исеним еркинлиги тараўындағы ҳуқықларын қорғаў бойынша бүгинги күнде комплексли илажлар әмелге асырылмақта. Бул жумыслардың әҳмийети туўралы айтып, Президентимиз өз мийнетинде былай деп атап көрсетеди: «Көлеми ҳәм шегарасы барған сайын кеңе­йип баратырған бундай әмелий жумысларымыз Жаңа Өзбекстанды пайда етиў, мәмлекетимизде Үшинши Ренессанстың фундаментин жаратыў, Ўатанымыздың гүллениўи, халқымыздың пәраўанлығын арттырыўдай әдиўли мақсетлеримизге уйғын ҳәм пикирлес екенлиги, әсиресе, итибарлы.

Биз халқымыз, бәринен бурын жас әўладымыз, сондай-ақ, жәҳән жәмийетшилигине ислам дининиң инсансүйиўшилик мәнисин жеткериўди ең әҳми­йетли ўазыйпа деп есаплаймыз».

Орайлық Азия, атап айтқанда, Өзбекстан — диний кең­пейиллилик әмелге асқан аймақ. Бул жерде әййемги дәўирлерден-ақ ҳәр қыйлы мәденият, тил, үрп-әдет, турмыс тәризине ийе болған, ҳәр қыйлы динлерге исенген бир неше халықлар жасаған. Алымлардың көрсетиўинше, бизиң регионымызда оннан артық динлер болған, атап айтқанда, әййемги дәўирлерден баслап елимизде зардуштийлик, буддизм, христиан, иудаизм, кейин ала ислам узақ дәўирлер биргеликте жасап келген. Мәденият орайлары болған қалаларда түрли динлерге тийисли сыйыныў үйлериF мешит, ширкеў, синагоглар өз-ара келисимде ислеп турған. Журтымызда жасаған қәўимлер ҳәм халықлар өзлери қабыл еткен динлерге емин-еркин ибадат еткен. Түрли динлерге исенген адамлар тынышлық ҳәм татыўлықта жасап, жәмийеттиң экономикалық, социаллық, мәнаўий раўажланыўына өз үлеслерин қосып келген.

Соңғы жыллары ислам мәдениятына тийисли материаллық ҳәм руўхый естеликлерди қайта тиклеў, зыяратханалар, муқаддес орынларды абаданластырыў жедел әмелге асырылмақта. Олардан Ташкенттеги «Ҳәзирети Имам», Самарқандтағы «Имам Бухарий», Бухарадағы «Баҳаўатдин Нақшбанд», Сурхандәрьядағы «Ҳәким ата ат-Термизий» комплекслери ҳәм басқа да зыяратханаларды айтыўға болады. Президентимиз Шавкат        Мирзиёевтиң Пәрманы менен Өзбекстан Халықаралық Ислам Академиясы, Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Имам-Термизий халық­аралық илимий-изертлеў орайы, Имам-Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайлары шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Президентимиз усынысы менен ислам дининиң айрықша бағдарлары бойынша билимли қәниге болыўға таярлайтуғын илимий мектеплер шөлкемлестириў әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Самарқандта — Имам Бухарий илимий орайында Ҳәдис­таныў, Имам Матуридий орайы жанында Калом илими, Ферғанада — Марғинаний илимий орайында ислам хуқықы мектеби, Бухарада — Нақшбанд ора­йында тәсәўўиф, Қашқадәрьяда — Абу Мумин Насафий орайында акида илими мектеплери жумыс алып бармақта.

Ҳәзирги заманда адамзат ушын үлкен кәўип болып турған  экстремизм ҳәм терроризм диний кеңпейиллик идеясы ҳәм әмелиятына пүткиллей қарсы келеди. Диний экстремизм динди туў етип, терроризм арқалы адамларда қорқыныш ҳәм қәўетерлениў сезимлерин пайда етип, сиясий ҳәкимиятты қолға алыўға, халықлардың жер асты ҳәм жер үсти байлықларын талаўға умтылады. Бул мақсетке ерисиў ушын ол ҳәр қандай жеркенишли ҳәм қәўипли қураллардан пайдаланыўдан бас тартпайды. Президентимиз Шавкат  Мирзиёев дин ғайраткерлери ҳәм республиканың жәмийетшилиги менен өткерилген әнжуманда сөйлеген сөзинде өзиниң «Жаңа Өзбекстан стратегиясы» атлы китабында  халықаралық терроризм ҳәм радикализм, экстремизм, терроризмниң үлкен қәўип екенлигин ҳәм оған қарсы гүрес бойынша алдымызда турған ўазыйпаларды баян етти. Ең тийкарғысы, идеологиялық бослыққа жол қоймаўымыз, турақлы ҳәм системалы түрде ҳәр күни, ҳәр саатта үгит-нәсият алып барыўымыз, ислам динимиздиң ҳақыйқый мәнисин, оның зорлыққа, бузғыншылыққа, бий­гүнә инсанлардың қанын төгиўге пүткиллей қарсы екенин дүньялық ҳәм диний илимлер тийкарында дәлиллеп барыўымыз зәрүр. Өйткени, идеялық бослық ҳәм ҳәлсизлик адамларды манқуртлыққа, иймансызлыққа алып келеди. Идеялық бослыққа, мәрийпатсызлыққа ушыраған адам экстремизм ҳәм терроризмниң бузақы идеяларының орынлаўшысына айланатуғынлығын ҳеш ўақытта умытпаўымыз тийис.

Муқаддес ислам дининиң инсансүйиўшилик дин екенлигин, адамзатты жоқары мәнаўиятқа ҳәм билимлиликке шақыратуғынлығын, алым ҳәм улама ата-бабаларымыздың Биринши ҳәм Екинши Ренессанстың дөретиўшилеринен болғанлығын изерт­леў ҳәм нәсиятлаў бүгинги күндеги әҳмийетли ўазыйпалардан болып есапланады.

Мақаламызды Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң пикири менен жуўмақлап айтқанда, буннан кейин де елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм елатлар арасында өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик орталықты беккемлеў, түрли диний конфессиялар ушын тең ҳәм қолайлы шараят жаратыўға қаратылған сиясат избе-из даўам еттириледи.

«Өзбекстан — үлкен имканият ҳәм ресурсларға ийе болған мәмлекет, лекин, бизиң ең үлкен байлығымыз — түрли миллет ҳәм конфессиялар арасындағы тынышлық ҳәм турақлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик. Биз бундай бийбаҳа байлықты ҳақылы мақтаныш етемиз ҳәм де мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң бар күш ҳәм имканиятларын елимиздеги дослық ҳәм татыўлық орталықты беккемлеўге бағдарлаймыз».

 

Сапардурды АБАЕВ,

Әжинияз атындағы НМПИның «Миллий идея,

руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасы доценти,

 

Мақсутбай ЯКУБОВ,

Бердақ атындағы ҚМУ­ниң «Социаллық пәнлер» кафедрасы доценти,

Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF