Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:48:43, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫН РЕФОРМАЛАЎДЫҢ ӘҲМИЙЕТЛИЛИГИ

Мәмлекетимизде барлық тараўлар сыяқлы соңғы жылларда аўыл хожалығын реформалаў ҳәм тараўға базар механизмлерин енгизиў бағдарындағы илажлар да избе-из әмелге асырылмақта.

Президентимиздиң 2021-жыл 23-ноябрьде «Мийўе-овощ ҳәм жүзимшиликте шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, аўыл хожалығы өндирисинде дийқан хожалықларының үлесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Аўыл хожалығы мақсетлери, атап айтқанда, дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкаларын ижараға бериў бойынша материалларды жыйнаў, көрип шығыў, оларды ўәкилликли уйым ҳәм шөлкемлер менен келисиў «E-IJАRА» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады. Аўыл хожалығының мақсетлери, соның ишинде, дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкаларын «E-АUKSION» электрон саўда платформасында ашық электрон таңлаў өткериў арқалы ижараға бериледи, оннан Жер Кодексине муўапық жер участкаларын Министрлер Кабинети тәрепинен ижараға бериў жағдайлары басқа.

Дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкаларын ашық электрон таңлаў арқалы ижараға бериўде өзиниң қыйтақ жеринде мийўе-овощ, палыз өнимлерин жетистириў ҳәм жүзимгершиликте жақсы нәтийжелерге ерискен, усы тараўлардың биринде таяныш қәнигеликке ийе болған пуқараларға, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нде дизимде турған мүтәж шаңарақларға өз алдына үстинлик бериледи.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, район ҳәм қалалардың ҳәкимликлери, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Кадастр агентлиги менен биргеликте:

- 2021-жылдың 31-декабрине шекем районлардың (қалалардың)  есабындағы бос турған ҳәм резервтеги аўыл хожалығына мөлшерленген жер участ­каларының мәмлекетлик мүлки сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин;

- резервке алынған жер участкаларын мәмлекет мүлки сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары район (қала) ҳәкимликлериниң буйыртпасына тийкарланып әмелге асырылыўын ҳәм районлық (қалалық) жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылыўын;

- мәмлекет мүлки сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилген жер майданларының 0,10 гектардан 1,0 гектарға шекем болған көлемлерде лотларға ажыратылып, бир ай ишинде ашық электрон таңлаўға қойылыўын;

- Жер ҳаққындағы нызамшылық ҳәм ижара шәртнамасы талаплары орынланбағанда, соның ишинде, ижараға берилген жер участкасынан ақылға муўапық пайдаланылмағанда жерге болған ҳуқық Жер Кодекси ҳәм «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы Нызамға тийкарланып бийкар етилиўи ҳаққында дийқан хожалықлары арасында түсиндириў жумыслары алып барылыўы белгиленген.

Кредит қаржылары «Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен» бағдарламасының шәртлери тийкарында коммер­циялық банклер тәрепинен дийқан ҳәм фермер хожалықлары, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши басқа да кәрханаларға жер майданында киши интенсив бағшылық, жүзим жетистириў, овощ жетистириўди раўажландырыў, палыз, собықлы, майлы егинлер ҳәм картошка жетистириў ушын төмендеги шәртлерде усыныс етилиўи белгиленген:

- ҳәр бир жойбар миллий валютада 100 млн. сумнан артпаған муғдарда жыллық 14 процент ставкада қаржыландырылатуғыны;

- кредитлер киши интенсив бағшылық ҳәм жүзим жетистириўге 3 жылға шекем жеңиллетилген дәўир менен 7 жылдан көп болмаған мүддетке, палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка жетистириў ҳәм овощ жетистириўге 6 айға шекем жеңиллетилген дәўир менен 2 жылға шекемги мүддетке ажыратылады;

- кредит пенен тәмийинлениўи сыпатында кредиттиң қайтпаслық қәўпинен қамсызландырыў полиси усыныс етиледи;

- кредитлер дийқан хожалықларына жаңа енгизилип атырған ҳәким жәрдемшилериниң жазба усынысына тийкар ажыратылады.  

Әлбетте, бул қарардың әҳмийетлилиги сонда, халыққа аграр тармақта өз бизнесин шөлкемлестириўге жәрдемлесиў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде дийқан хожалықларының үлесин арттырыў менен бирге экономикамыздың турақлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Н.ТАЙРОВ,

Бозатаў районы әдиллик бөлими баслығы.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF