ФЕРМЕРЛЕРДИҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ҮЙРЕНИЛМЕКТЕ
Хожели районындағы «Әмиўдәрья» аўыл пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң депутатлары, қәнигелери тәрепинен райондағы фермерлер менен ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының мазмун-мәниси ҳәм онда белгиленген ўазыйпалар бойынша мағлыўматлар берилди.
Ушырасыў сәўбетлесиў тәризинде өткерилип, бүгинги күнде фермер хожалықларын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларда ушырасып атырған машқалалар додаланды.
— Әсиресе, бүгинги күнде суўдың жетиспеўшилиги тек районда емес, ал басқа да бир қатар аймақларда ушырасып атырған машқала. Бул глобал экологиялық машқалаларды шешиўдиң бирден-бир жолы суўды үнемлейтуғын үскенелерди орнатыў, суўды аз муғдарда талап ететуғын егинлерди егиў болып есапланады,-дейди Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң депутаты З.Клочков. — Ушырасыўда айтылған кластерлердиң жумысында ушырасып атырған машқалаларды сапластырыўда биргеликте жумыс алып барыўға келисип алынды. Фермер өз хожалығының дурыс жумыс ислеўин алдыннан көре алыўы, шәртнама шәртлерин оқып, кейин шәртнама дүзиў кереклиги түсиндирилди.
Депутатлар ҳәм фермерлердиң ушырасыўларын басқа да орынларда шөлкемлестириў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.