Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:50:21, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘҲӘЛЛЕ ЖАСЛАРЫ ЖАҢА ҲӘРЕКЕТЛЕРДЕ

Жигерли, күш-қуўатқа толған, үлкен арзыўлар жетегиндеги жаслар ертеңги күнимиздиң исенимли ўәкиллери. Мәҳәлле жаслары менен ислесиў системасын жетилистириўге қара­тыл­ған жаңа механизм пайтахт жасларын да бир жерге жәмлестирди.

Усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласындағы «Шымбай шайхана» МПЖ аймағында мәдений илажлар шөлкемлестирилди. Ең дәслеп, жәмлеспеген жасларды қамтып алыўға айрықша итибар қаратылып, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайында, исбилерменликке қызығыўшы жаслар ушын «Бизнес-тренинг» ҳәм «Кардар» ислеп шығарыў кәрханасына саяхат шөл­кем­лестирилип, жаслар  өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды. Мәҳәлле жетекшилериниң жумысындағы итибар қаратылып атырған тийкарғы жөнелислердиң бири бол­ған ўатансүйиўшилик илажлары ҳәр бир мәҳәлледе Қураллы Күшлер, Ишки ислер, Миллий гвардия әскерий хызметкерлери тәрепинен көтериңки руўхта шөл­кем­лес­тирилди.

Мәҳәлле жаслары арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде мектеплерде «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы» ханалары жумысы жолға қойылды. Яғный, сол аймақтағы профилактика инспекторы ҳәм мәҳәллениң жаслар жетекшиси менен биргеликте жаслар менен түсиник ҳәм мәсләҳәтлер алып барылады.

«Жаңа Өзбекстаныма хызмет етемен!» әскерий ўатансүйиўшилик илажы шеңберинде әскерий техникалар көргизбелери,  әскерий-спорт жарыслары, әскерий оркестр ҳәм қосықшылар қатнасыўында концерт бағдарламасы илажға өзгеше заўық бағышлады. Спортқа қызығыўшы жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Айдын жол» мәҳәллесиндеги оннан артық спорт түри менен шуғылланыў имканиятына ийе болған Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде мәҳәлле жаслары өзлериниң қәлеген спорт түри менен бәнт болыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.

Илажлар даўамында спорттың бир неше түрлеринен жарыслар өткерилди. Мини футбол түринен ул балалар арасында «Ҳәким кубогы», қызлар арасында «Ректор кубогы», жаслар арасында «Әдиллик кубогы», қарақалпақ халық миллий ойынлары бойынша «Прокурор сыйлығы» сыяқлы қызғын түрде өткерилген жарысларда жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Бүгинги раўажланыў ҳәм жаңаланыўларды компьютер технологияларысыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Бул бағдарда да жаслардың 85 тараўына қызығыўшылығын арттырыўшы «Киберспорт» жарысы да өткерилди. Онда l00ге жақын жаслар белсене қатнас­ты.  Мәденият, көркем өнер, спорт, саламат турмыс тәризи ҳәм китапқумарлық бағдарлары — булардың барлығында да пайтахт жаслары белсене қатнасты.

— Бүгин ҳәр бир мәҳәлледе жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, спорт пенен шуғылланыў ушын шараятлар жаратыў зәрүрлиги тәмийинленбекте. Әлбетте, жаслардың бос ўақты мазмунлы өтсе, бул бизиң жеңисимиз, - дейди Жаслар ислери агент­лиги Нөкис қалалық бөлими қәнигеси Мийрас Әбдирахманов.

Еки күн даўамында көтериңки руўхта өткерилген илажлар гүлхан әтирапындағы концерт пенен жуўмағына жетти. Жаңа Өзбекстанды қурыўдағы жаңа ҳәрекетлер, жаңа басламалар ҳәм ондағы жаслардың белсендилиги бүгинги илажларды және де жанландырып, мәҳәлле жасларына күш-жигер бағышлап, умытылмастай тәсирлер қалдырды. Оларды жаңа умтылысларға руўхландырды.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF