ШЫМБАЙҒА САЯХАТ
Даңқлы бес қаланың бири аталған Шымбай бул күнде қарақалпақ халқының мақтанышына айланған. Әсиресе, Шымбайда туўылып өскенлердиң кеўил толғаныслары өз алдына.
Маған көптен бери Тақыятас районы ҳәкиминиң орынбасары болып ислеп киятырған Байрам Палўаниязов деген жигит: «аға, Шымбайды бир саяхат етиң, мен сизди Шымбайдың тарийхын жақсы билетуғын жасы үлкенлер менен сәўбетлестирейин, еки жүз жылдан бери суўы тартылмаған «Қаншаның қуйысы»н көрсетейин» деп өтиниш етер еди. Әне-мине менен созылып келген бул саяхаттың усы жыл 15-январь күни рети келди.
Шымбайға барғаннан кейин сол елге аты шыққан улама Қалила ахунның баласы Убайхан Қалилаевты да қасымызға алдық.
Бирақ, саяхатты ески қудықтан емес, Өзбекстанның бир қатар ўәлаятларына даңқы мәлим «Қарақум ийшан» медресесинен басладық.
1. ҚАРАҚУМ ИЙШАН МЕДРЕСЕСИ
Ел аўзында «Қарақум ийшан» деп аталып кеткен бул медресениң тийкарын салыўшы Қутлыхожа Әзиз ийшан улы болып табылады. Ол XIX әсирде Шымбай қаласының арқа күнбатысында жайласқан, ҳәзир сол «Қарақум ийшан» аты менен аталып кеткен елатта жасап өткен.
Не ушын ол Қутлыхожа Әзиз ийшан медресеси аталмай, жоқарыдағы ат пенен аталып кеткен? Буның себеби, медресе салынған мәкан төбешик қара қумнан ибарат болған. Оның үстине ийшанның мүридлери ҳәм сол дәўирдиң ислам динине таўап еткен жасы үлкенлер ийшанның атын айтпай, ҳүрмет жүзесинен «Қарақум ийшан» деп әзизлеген. Бул ат кейнинде Қутлыхожаға лақапқа айланған.
Қарақалпақстанда Совет ҳүкимети орнағанға дейин 58 медресе, 800ге жақын мешитлер болған. Оларда 400ге жақын ахун-уламалар тек ислам тәлийматы ғана емес, ал, жадидшилик пенен де шуғылланған. Яғный, философия илими, астрономия, география, алгебра пәнлеринен сабақ берген. Медресе питкерген жаслар бүгинги жоқары оқыў орнын питкерген зиялылар сыяқлы жетик илимге ийе болған.
Өткен әсирдиң отызыншы жылларына келип бул муқаддес дәргайлардың бәри жабыла баслады. Атап айтқанда, 1927-жылы Хорезм, Түркменстан ҳәм Қазақстан еллерине кеңнен мәлим болған усы Қарақум ийшан медресеси де жабылады. Онда талабаларға илим-билим үйреткен имам-ийшанлар қуўдалаўға ушырайды.
Қарақум ийшан медресесинде қарақалпақ жаслары менен бирликте Хорезм, Түркменстан ҳәм қазақ елинен келип оқып атырған 500ден аслам талабалар бар еди. Олардың бәри мәжбүрий тарқатылып жибериледи.
Енди усы медресе қашан ҳәм ким тәрепинен бинят етилген?
Сол дәўирде жасап, кейинги әўладларға айтып кеткен инсанлардан бизге дейин жетип келген мағлыўматлар бойынша Еркиндәрья, Қазақдәрья, Нәўпир, Таллық ҳәм Ақ қала орталығындағы қарақалпақлардың қолдаўлы, қостамғалы, баймақлы, теристамғалы, мүйтен ҳәм басқа да руўлары тығыз отырған қумшаўыт жерге орналасқан аўылға XIX әсирдиң дәслепки он жыллықларында араб медреселеринде тәлим алған Қутлыхожа Әзиз деген ахун келип, жергиликли бий ҳәм байлардың келисими менен мешит-медресе қурады. Дәслебинде кишкене етип салынған медресе ҳәр жылы талабалардың ағылып келиўине байланыслы кеңейтилип, онлаған бөлмеге жетеди. Онда талабалар билим алатуғын оқыўхана, узақтан келген балалар ушын жатақхана, оларды азық-аўқат пенен тәмийинлеў ушын ғәллехана, жуўазхана ҳәм басқа да бөлмелерден ибарат болады.
Медресе әтирапында мийўалы бағлар өсириледи, дәнли егинлер егилип, бул жер муқаддес ҳәм қутлы дәргайға айланады.
Қарақум ийшанның даңқы кем-кем елден-елге жайылып, ол ҳаққында түрли аңыз-әпсаналар пайда болады. Биразлар оны ислам динин қарақалпақларға үгит-нәсиятлаў ушын араб еллеринен жиберилген руўханый екен десе, биразлар «Хожа екен, Хожа Ахмед Яссаўийдиң кейинги әўладларынан» деген болжаўларды айтады. Оның өзинен кимлигин анықлап сораўға муридлериниң де, жергиликли бий ҳәм байлардың да батылы бармайды. Буның себеби, Қутлыхожа Әзиз аса саўатлы, сусты басым, оның үстине арабий сөзлер менен сөйлейтуғын тақыўа адам болған.
Ҳаслында оның бүгинги әўладларының айтыўы бойынша ол қарақалпақтың Қоңырат арысына тийисли балғалы руўының арзықулы тийресинен болған. Әўладларының шамалаўында ол 1790-жыллары туўылып, 1878-жыллары қайтыс болады.
Қутлыхожаның бес ул, еки қызы болған. Уллары Сражатдин, Тәжетдийин, Мухаммедазиз, Ийд Мухаммед (Ҳайтмухаммед), Саьйид Мухаммед (Сейтжан)лер болады. Олардың ҳәммеси ийшан дәрежесине жетискен.
Ийшанның еки қызы болған. Кишкене қызы Зийнептен Сәлмен ийшан туўылады. Үлкен қызы ҳаққында ҳәзирше мағлыўмат жоқ.
Қутлыхожа Әзиз қайтыс болғаннан кейин медресени Сражатдин ийшан, кейин ала баласы Идрис ийшан, соң ақлығы Ильяс ийшанлар жүргизеди. Бул ийшанлардың ҳәммеси ел аўзында «Қарақум ийшан» лақабы менен белгили болады.
Өткен әсирдиң жигирмаланшы жылларының орталарында Қарақум ийшанлар избе-из қуўдалаўға ушырайды.
Қарақум ийшан туқымлары өсип-өрбиген әўлад. Ҳәзир олар бесинши-алтыншы әўладқа қарады. Олардың биразлары Шымбайда ҳәм Нөкисте жасайды.
Ең өкинишлиси, медресениң китапханасындағы китаплар 6 өгиз арбаға тийелип, Шымбайдың қақ ортасында жыйналған халықтың көзинше өртеп жибериледи.
Китаплардың бир бөлеги шымбайлы тарийхшы Узақ Рахметуллаев тәрепинен тасып алынып, Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлимине тапсырылады, және бир бөлеги «Кеңес» хожалығы әтирапындағы «Бала әўлийе»ге кийизге орап көмиледи.
Мине, енди Қарақум ийшан медресесиниң аўҳалы менен таныстыңыз. Хош, енди усы медресениң бүгинги аўҳалы қандай?
Қутлыхожа Әзиз ийшан тәрепинен салынған медресениң ҳәр жерде бөлек-бөлек дийўаллары ғана қалған. Мәмлекетимиз ғәрезсизлик алғаннан кейин оның үрим-путақлары сол қулаған имараттың қасынан жаңа медресе қурады. Бирақ, медресе ҳәзир сырттан (басқа еллерден) келгенлерге көрсететуғын дәрежеде емес.
Медресениң әтирапы қатар қойымшылық. Онда Қутлыхожа Әзиз ийшанның өзи, перзентлери ҳәм ақлықлары жатыр. Бирақ, олардың қәбирлери жер бети менен теп-тегис жағдайда. Ийшанның өзи өлеринде үстине мақбара салмаўды, оның орнына ҳәр жылы қәбирдиң үстиндеги шыптаны тазалап турыўды ғана ўәсият еткен екен.
Бирақ, биз ҳәзир қәбирлердиң үстинде гөне шыптаны да, таза шыптаны да көре алмаймыз.
Бул қойымшылықта классик шайырларымыз Бердақ ҳәм Күнхожаның қәбирлери бар. Бердақтың қәбири үстине шырайлы мақбара қурылған. Оннан 40-50 метр пәсиректе жатырған Күнхожаның басында кишкене темир қорғанша ғана бар.
Кейинги жыллары ҳәмме қойымшылықларға муқыят қорғаншалар салынды, оларға халық ҳәр жылы еске түсириў сәнесинде ағылып барып зыярат етеди. Әттең, Қарақум ийшан қойымшылығы дөгерегинде ҳәзирги ўақытта отырықшы ел болмағанға ма, бул жумыслар исленбеген.
Биз Бердақ бабаны зыяратлаўға бир неше мәрте барғанымызда қойымшылық арасында маллар жайылып жүргенин көрип, қабырғамыз қайысқан еди.
Биз усы көрген-билгенлеримизден жуўмақ шығарып, район басшылығына айырым усыныслар айтпақшымыз:
Қарақум ийшан медресеси тек Қарақалпақстанда ғана емес, ал, Орта Азия еллеринде, оннан тысқары Араб мәмлекетлерине де белгили болған муқаддес дәргай. Сонлықтан, оны абаданластырыўға айрықша кеўил бөлип, елимизге келген мусылман еллери ўәкиллериниң барып зыярат ететуғын қутлы мәканына айландырыў керек.
Буның ушын биринши гезекте Шымбайдан медресеге дейинги жолды оңлаў, Қутлыхожа Әзиз улының басына мақбара ҳәм ишине символлық қәбир дүзетиў (бәлким, өзи ўәсият етпеген болса да, руўхынан ижәзат сорап), қойымшылықтың әтирапын заманға сай қорғанша менен қоршаў, Күнхожаның қәбири басына мақбара салыў ҳәм Бердақ бабамыздың мақбарасы менен тутастырыўшы аяқ соқпақ (брусчатка менен) салыў зәрүр.
Сондай-ақ, Қарақум ийшанның соңғы әўладлары тәрепинен салынған медресени толық ҳалында қайта оңлаў, Қарақум ийшан тарийхы, шежиреси қарақалпақ, өзбек, англичан, араб тиллеринде жазылған иллюстрациялы китапша шығарып, келген саяхатшыларға сатыў;
Қарақум ийшан медресесин ҳәм қойымшылығын республикамызға келген мийманларға көрсетиў ушын тийисли туристлик дизимге киргизиў зәрүр.
Бул әлбетте, көп қәрежетти ҳәм көп ўақытты талап етиўи мүмкин. Халқымызда «Көз қорқақ, қол батыр» деген даналық гәп бар. Егер бул ис басланса халқымыз оны тек шымбайлылардың мойнына таслап қоймайды.
2. АЙЫМБЕТ ИЙШАН МЕДРЕСЕСИ
Қарақум ийшан медресеси менен бир қатарда республикамыздың түрли аймақларында жайласқан «Тас медресе», Асаматдин ийшан, Ешим ахун, Арзымбет ийшан, Айымбет ийшан, Хан мешит, Қумөзек ийшан, Бес ийшан медреселери де избе-из жабылып, оларда талабаларға тәлим берген ахун-уламалар қуўдалана баслайды.
Сол мешитлердиң ишинде ең ески ҳәм көлеми жағынан үлкен медреселердиң бири — Айымбет ийшан медресеси еди. Бүгинги урпақларының айтыўынша, медресениң салынғанына шама менен 250 жылдан асқан болыўы мүмкин. Яғный, ол да Қарақум ийшан медресеси менен заманлас болып, XIX әсирдиң орталарында қурылған.
Медресе әтирапындағы тегисликлерден үш-төрт метр бәлентликке салынғанлықтан, дийўаллары елеге дейин пүтин. Медресе ишинде оқыўханалар, талабалар ушын жатақханалар ҳәм намазханалар бар. Бир қайыл қаларлық жағдай, медресениң намазханасы бүгинги күнде де пайдаланылып, онда ораза айында ғаррылар тараба оқысар екен.
Айымбет ийшанның ҳаслы аты Ай-Мухаммед болған. Бүгинги әўладларының айтыўынша, ол қарақалпақлардың мәнжиўли руўынан. Медресениң ҳәзирги жайласқан жери де Шымбай районының арқа күншығарында қала орайынан онлаған шақырым қашықлықта болып, «Тағжап» аўыл пуқалалар жыйынына қараслы мәнжиўли аўылында.
Тарийхшы Мақсет Қарлыбаев өзиниң «Медресе в Каракалпакии XIX — начала XX веков» («Билим», 2002 г.) мийнетинде өткен әсирде жабылып кеткен бир қатар медреселерге илимий анализ жасайды. Аталған мийнетте Айымбет (Ай-Мухаммед) ийшан медресесине де кең орын берилген.
Илимпаз Ай-Муҳаммед ийшанның келип шығысын (мағлыўмат бериўшилердиң айтыўы бойынша) Арысланбаптан баслайды. Арысланбап ҳәммеге мәлим — Хожа Ахмед Яссаўийдиң устазы. Әлбетте, устазлық басқа, әўладлар кестеси басқа. Тарийхый дәреклерде келтирилиўинше (илимпаз тәрепинен), Арысланбаптың улы Абдулмансур шайх, оның улы Абдулла шайх, Абдулла шайхтың улы Абдулазиз шайх, Абдулазизден Пирим баба, Пирим бабадан Асан қайғы, Асан қайғыдан Атқышыл Абат, оннан Көреген шайх, Көреген шайхтан Бекмухаммед шайх, Бекмухаммедтен Тахмухаммед шайх, Тахмухаммедтен — Жылқайдар шайх, оннан Қазан шайх, Қазан шайхтан Ер Жарекей шайх, Ер Жарекейден — Досым шайх, Досым шайхтан Майлыбай шайх, оннан Өтеўли, Өтеўлиден Бердимухаммедлер туўылады. Бердимухаммедтиң еки улы болады — олар Ай-Мухаммед ҳәм Жар Мухаммед.
Жар Мухаммедтиң үрим-путақлары ҳаққында ҳәзирше жазба мағлыўматлар жоқ.
Ай-Мухаммед ийшанның 8 баласы болған. Олар Хожанияз ийшан, Сапа мақсым, Инаятулла ийшан, Төре Мухаммед ийшан, Сейд Мухаммед ийшан, Әмет ахун, Абибулла ахун-ийшан ҳәм Ҳидаятулла ийшан.
Хожанияз ийшанның әўладлары бүгинги күни арамызда бар. Оның баласы Әбдирейим ийшан өткен әсирдиң отызыншы жыллары қуўдаланып, Ташкент қаласында түрмеханада 1939-жыллары қайтыс болады.
Әбдирейим ийшанның баласы Муфтулла мақсым 1926-жылы туўылған.
— Әкемниң еске түсириўи бойынша атамыз Әбдирейим ийшан 1937-жылы қамаққа алынады, - деп еслейди Муфтулла мақсымның баласы Караматдин мақсым. — Оны он бир айға дейин Шымбайдағы түрмеханада сақлайды, соннан кейин Ташкентке алып кетеди. Әкемиз бенен дийдар көрисиўге сол он бир айдан кейин руқсат береди. Ол ўақытта әкем 11 жасар екен.
Атамыздың туўысқанлары Мақтум ахун ҳәм Абдулҳакимлер қуўдалаў басланып атырғанда Араб мәмлекетлерине өтип кетеди. Олар атамызға да бирге жүриўди мәсләҳәт етеди. Бирақ, көшиўге қурбы келмеди ме, атамыз:
— Мен елде қала берейин, «тас түссе талайынан» деген, пешанама не жазылса көрермен, - дейди.
Пешанасына қамақ жазылған екен, қызыл коммунистлер жәбиринен қамақханада өлип кетти. Сүйеги туўған жерге буйырмады.
Ҳәзир сырт еллерге кеткен аталарымыздың балалары Зияўатдийин, Имаматдийин, Абдурахман, Абдулқадир деген балалары ҳәм Фатима исмли қызлары кимиси Түркия, кимиси Йордания, кимиси Америкада жасайды.
Бизиң пикиримизше, Ай-Мухаммед ийшан узақты көре билетуғын ойшыл адам болған. Ол өзи салдырған медресениң өзинен кейин де халыққа хызмет етиўин ойлап, әтирапынан 3-4 метр бәлентликке қурған. Сонлықтан да, арадан 2,5 әсир өтсе де дийўалларын ызғар алмаған, қамыс тырнақлары ширимеген. Оған алыс-жуўықтан келип зыярат етиўшилер еле баршылық.
Биз медреселер ҳаққында сөз етер екенбиз, тек өткенди еслеп ғана қоймай, бул муқаддес дәргайларды қутлы зыяратханаға айландырыў, оны қолдан келгенинше қәлпине келтирип, сырт ел саяхатшылары келип көретуғын дәрежеге келтириў мәселесин көтермекшимиз.
Өйткени, медресени келип көрип, сыртынан айланып кете берген менен бул ески дийўаллар мәңги турмайды. Қуяш, самал ҳәм жаўын-шашын ақыбетинде жыл-жылдан жемирилип бара береди.
Дүньядағы барлық естеликлер де қалай салынған болса сол қәддинде турған жоқ. Оларға ҳәр жылы болмаса да бир неше жыллар аралатып реставрация исленеди. Өзбекстандағы муқаддес орынлардың барлығы дерлик бүгинги заманласларымыз қолы менен қайта дүзетилип бармақта.
Егер Хийўа қаласына зыяратқа барғанда аңғарған болсаңыз, дийўаллардағы жемирилген гербишлердиң орнына тап өзиндей етип қайта қуйып, орнына қаластырып қойғанын көриўге болады.
Сол сыяқлы Айымбет ийшан медресесине де қайта қәлпине келтириў ислерин әмелге асырыў керек. Бул ушын ҳәкимиятқа салмақ салыўдың кереги жоқ. Сол жердеги отырықшы халық жәмлесип, саўап иске қол урса, бул онша көп қәрежетти талап етпейди.
Қарақалпақлар «жай көмек» деген ибрат аларлық әдетин еле тәрк еткен жоқ.
Хош, медресени қәлпине келтириў ушын нелер ислениўи керек? Буны әлбетте, сол аўылдың жасы үлкенлери, «Тағжап» аўыл пуқаралар жыйынының басшылары телпекти ортаға қойып, мәсләҳәт қурса, питпейтуғын ис жоқ.
Солай болса да, биз де өз тәрепимизден усынысымызды билдирмекшимиз.
Бириншиден, медресениң ишиндеги унырап түскен топырақларды қырып алып тегислеп, имараттың тырнағына салынған қамысты ашып самаллатыў керек. Бундай үйилген май топырақлар медресениң ҳәмме ханаларында бар.
Ҳәзирги ўақытта айырым саўап иске қол урған исбилерменлер тазадан мешит қурыўға да өз үлеслерин қосып атыр. Егер сондай сақыйлар табылып, медресени қәлпине келтириўге үлес қосаман десе, Қаратаўда — Уры сайдан өткен жерде таў етегинде қызыл топырақлар бар. Егер сол топырақтан еки КаМаз алдырып, ултанға жайылса, ол тап сол дәўирден қалғандай түс берип, аяқ излери менен демде қатып қалады ҳәм медресеге ески заман түринде көрк береди.
Екиншиден, саз топырақлы ылайдан жақсылап писирип, дийўаллардың кеткен жерине ылай басылып, тараш берилсе, арқа тәризинде қойылған есик орынларын қәлпине келтирсе, қақсап, жарылып кеткен шарқыраўықларды абайлап алмастырса, булар да келиўшилер қорықпай кирип-шығатуғын орынға айланады.
Үшиншиден, медресениң көпшилик ханаларының төбеси ашылып қалған. Ондағы бастырма ушын салынған ағашларды жаңалап, үстине таза ший жайып, жоқарысын қуўрақ жемтик пенен бастырып, үсти жаўын-шашын өткермейтуғын плёнкалар менен жабылып, сыбалса, медресе бастырыўлы қәддине келеди.
Төртиншиден, медресе дийўалына мемориал тахта қойылып, Ай-Мухаммед ийшанның шежиреси жазылғаны жүдә мақул болады.
Бул ислерге әлбетте, уламаның бүгинги үрим-путақларынан қалып турған Караматдин мақсым басшылық етеди деп ойлаймыз.
3. «ҚАНШАНЫҢ ҚУДЫҒЫ»
Шымбай даңқлы бес қаланың бири болса да, бүгинге дейин өтмиши изертленбеген, тарийхы жазылмаған қала. Жазба тарийхқа ийе болмаған елатлар халық арасындағы қатықулақ адамлардың айтыўы бойынша, айырым сол дәўирдеги басқа ҳүжжетлерге салыстырылып, болжаў тийкарында жазылады. Тилекке қарсы, жыл өткен сайын ескиден сөйлейтуғын кекселер азайып баратыр.
Маған «Шымбайда «Қаншаның қудығы» деген қудық бар, сол қудықтың тарийхы бойынша бир нәрсе жазсаңыз, Шымбайдың тарийхына қосылған бир үлес болар еди» деп айтыўшылар көп болды. Мен оларды бир неше мәрте ҳәр қыйлы дәлиллер менен изге силтедим. Бул дәлиллер өзимнен қашыртыў ушын емес, ҳақыйқатында да қолымның саўасы болмағанлықтан айтылған еди.
Не де болса «ескини көрген саўап болар, бул адамлар бийкарға шырлап жүрген жоқ шығар» деп барыўға қарар еттим.
Бардым. Қудық ийрек-ийрек көшелер менен барылатуғын, дөгереги ашық алаң, ойда жайласқан екен. Бир ўақытлары оның үстине жаўын, қар өтпестей етип бастырма исленген. Бирақ, ҳәзир ол дым қараўсыз еди. Себеби, бул күнде кимниң қудыққа иси түседи? Есигиниң алдында краннан суў ағып тур. Көшесиндеги дарақларды суўландыраман десе Кегейли каналы қаланың ортасынан өтеди.
Сонлықтан, сораў-сораў менен «Қаншаның қудығы» ҳәм Шымбай тарийхы ҳаққында азлы-көпли билетуғын 75 жаслы Ережеп аға Нағметтуллаев деген жасы үлкенди таптық.
Ол өзиниң әңгимесин бирден қудықтан басламады. Шымбайдың тарийхынан гәп қозғады.
— Бир мың жети жүзинши жыллары Шымбай қаласы бары-жоғы үш көшеден ибарат болған, - деди ол. — Арқа беттеги биринши көше «Көкши қала» деп аталған. Бул атама ҳәзир де сол ат пенен, яғный, «Көкши қала» пуқаралар жыйыны деп аталады.
Бул көшеде гилең өнерментшилер болған. Ҳаял-қызлар пахтадан жип ийирип, бөз тоқыған. Оны бояп, кийим-кеншек тиккен. Жүннен ийирген жип пенен алаша, қара үйдиң қурларын, бесқурларын тоқыған. Сондай-ақ, қызлар кийетуғын көк көйлектиң жағасын тоқыған. Бәлким, көк көйлектиң өзин де тоқыған болыўы мүмкин.
Ер адамлар қара үй соғыў менен шуғылланған. Ол замандағы үйлер 4-5 қанатлы, ықшам үйлер болған. Бундай киши үйлерди «Жолым үй» деп те атайды. Булай атаўының себеби, жолда алып жүриўге қолай, керегесин жыйнап, атқа, ешекке артып кете береди.
«Көкши» аталыўы қара үйдиң керегесин көклеўден келип шыққан ба деп ойлайман. Себеби, керегениң шегеси жақсылап ийленген өгиздиң ямаса түйениң терисинен тилип исленеди. Оның беккемлиги сондай, жүдә қараўсыз таслап қойылмаса, отаўдың ағашы менен бирге тозады. Керегени усы шеге менен шегелеў — кереге көклеў деп аталады.
Ол замандағы қара үйлер ҳәзиргидей қара тал қададан емес, жәнеўиттен, тоғай тал, деп те аталады, әне сол талдан исленген. Бул талдың қара талдан парқы — нарттан көгерип, дүзиў болып өседи ҳәм майысқақ болып келеди.
Қара үйдиң есиги қатты ағаштан исленген. Оған миллий нағыслар ойып салынады. Еситиўимизше, оның ағашы еменнен яки туттан исленген. Есик соғатуғын уста үй соғатуғын устадан басқа болады. Есик аўыр ағаштан исленгеннен кейин, ол маңлайша менен босағаға беккем кийгизилип, анаў-мынаў күш пенен таймайды. Қарақалпақта «ергенек тайдырған» деген гәп бар, ол устасы насаз, жеңил ергенеклерге айтылған болыўы мүмкин.
Қаладағы екинши көше «Арбашы аўыл» деп аталған. Буның себеби, бул көшениң усталары гүлмыйықлы ҳәм фаэтон арбалар соққан. Ҳәзир бул көшеде қумбызшылар жасайды. Олар гүлал тандыр соғыў менен шуғылланады.
Үшинши көше — «Қараңғы көше» деп аталған. Мениңше, ана еки көшеде ҳәр жерде шом жағып қойған болыўы мүмкин. Бул көшениң еки бойында қатар баққаллар ҳәм басқа да буйымлар сататуғын дүканлар болған.
— Ережеп аға, «Қаншаның қудығы»на қашан келемиз?
— Қудықты барып көрдиңиз бе?
— Көрдик. Сүўретке де алдық.
— Онда сол 1700-жыллары сол турған жерде Қаншайым деген шарбақшы ҳаял өткен. Қарама-қарсы тәрепте Шыныбай деген шарбақшы болған. Ортада үлкен базар болады. Бул базарға Аўғанстаннан, Уйғырстаннан, Қырғыздан келген кәрўанлар тоқтап, әкелген затларын сатқан. Шымбайдан керекли ўәжин алған. Сөйтип кейин қайтқан ба, я Ресейге қарап кеткен бе, ол жағын мен әкемнен тақыйықлап сорамаппан.
Қаншаның қудығы жүдә суўлы болған. Бир қулаш жип пенен таслағанда шелек толып шыға берер екен. Келген сонша кәрўанлардың атларын, түйелерин суўға қандырған. Және Шымбайдың базары азаннан кешке дейин болады. Шарбақшылар тек кәрўан тартқан саўдагерлерге емес, өзимиздиң Шымбайдың ҳәм сол дөгеректен келген базаршыларға да шай-суў берип хызмет еткен.
Қаншайымның күйеўи ҳаққында әңгиме жоқ.
— Мен бийперзент болдым, ең болмаса усы қуйым менен халыққа суўсын берип саўап алайын, - деген екен ол.
Ҳәзир қудық қараўсыз қалып атыр. Ҳеш кимге қудықтың суўы керек емес. Бирақ, оның дөгерегин абаданластырып, тарийхый естелик етип қойса, ким-ким де қызығын көрер еди. Мен бул ҳаққында тийисли адамларға ҳәр сапар айтып атырман. Онша итибарға ала бермейди.
— Сиз бул тарийхты қаяқтан билесиз?
— Маған бул әңгимелерди әкем айтып берген. Әкеме оның әкеси айтқан. Сонлықтан да мениң бул сизге айтқан мағлыўматларым дийди-дийди гәплер емес. Өзегинде шынлық бар.
— Бәлким, сиз «Тас больница» деп аталған ақ патша ўәкилиниң имараты бойынша да мағлыўмат билетуғын шығарсыз? Биразлар оның гербишин түйе менен Оренбургтан алдырған дейди.
— Бийкар гәп! Сол жайдың гербишиниң бәрин неше жылда тасып болады? Ол жайдың гербишин приставтың буйыртпасы менен Алламберген уста деген адам қуйған.
Гербиш қуйылып болып, кепкеннен кейин оның үстинен ары-бери ат жүргизеди екен. Сол аттың туяғынан сынбай қалған гербишке ғана ақша төлеген. Мениң есимде қалғаны елиў гербиштен он гербиш ғана аман қалар екен.
Аман қалған гербишлерди жыйнап, Шымбайдың сыртындағы қумбызларда жыңғыл, қарабарақ, ақбас жағып писирген.
— Ережеп аға, биз дийўалдан түсип қалған гербишин услап көрип едик, қаттылығы сондай, бул әтираптың топырағына усамайды ғо.
— Усамайтуғынының себеби бар. Гербишлер ат жүргенде сынбай қалыўы ушын оның топырағын Қусхана таўдан тасыған. Қусхана таўда үш түрли топырақ бар — қызғылт, сурғылт ҳәм күлрең. Соның ишинде күлрең топырақ уўысласаң алақаныңда қатып қалатуғын, цементке уқсас болып келеди. Әне, сол топыраққа жекенниң өзегинен шығып турған баслығы — қорғасын араластырған. Бул екеўи суў менен қосылып былғанғаннан кейин үзилмейтуғын созылма ылай пайда еткен.
Приставтың кеңсеси солай етип қусхана таўдың топырағынан қуйылған.
— Енди сол «тас больница»ның күн батыс тәрепинде тас гербиш пенен өрилген кишкене диңгек бар. Мен ҳәр келгенимде адамлардан сорастыраман, анығын билетуғын адамды ушыратпадым.
— Әкемнен еситиўимше, ол жерге сегиз коммунист тирилей көмип жиберилген дейди. Соған қойылған белги ол.
— Мейли ол, коммунист болсын, басқа болсын, түбинде адам баласының денеси көмилген. Халқымызда «жасы үлкенниң үстинен басып өтпе, әўлийениң үстинен тасып өтпе» деген гәп бар. Бирақ, бул жерден үлкен көше өтип тур, Бул гүна болмаспа екен?
— Енди биз кишкене адамбыз, пақыр-пуқарамыз.
— Мениң бир ойым, сол көшениң арқа беттен келген жеринен беклеп, «тас больница»ны реставрация ислеп тарийхый, саяхатшылар келип көретуғын орынға айландырса қалай болар еди?
Ережеп аға үндемеди. Мен саўалды тийисли емес адамға берип отырғанымды билип, кейнин қазбаламадым.
— Менде еки әсирлик бир мүлк бар, - деди ол әңгимесиниң изинде.
— Ол қандай мүлк?
— Мыс қазан. Мениң анамның аты Мырзагүл деген. Оған бул қазанды узатылғанда анасы Бийбижан кемпир сеп ретинде берген екен. Ол қазанды Бийбижан кемпир де сатып алмаған. Оған анасы сепке қосып берген. Демек, ол аналарымыз сол қаншайымның шарбағынан шай ишкен саўдагерлерден алған болса керек тә? Енди ол қазанға 200 жыл болмаған неси қалды?!
Биз Ережеп аға менен бирге үйине келип сол тарийхый қазанды сүўретке алдық. Қазанның қулағы жоқ, әзелий болмаған. Лекин, жийегинде сым байлаўға ямаса темир ошаққа кийгизиўге мөлшерленген орын бар.
Солай етип, Шымбайға болған саяхатты усы жерден жуўмақладық.
Ҳақыйқатында да, Шымбайды туристлер келип көретуғын мәканға айландырса қалай болар еди? Бул қалада қарақалпақтың Айдос бийден кейинги Аға бийи Ережеп бийдиң мақбарасы бар. Оның сәл төменирегинде суўға кетип қайтыс болған Хийўа ханының қәбири бар екен. Бирақ, сол күни биз қар астынан ол қәбирди таба алмадық.
Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Ибрайым Юсуповтың ата мәканы да усы районда. «Тазғара» АПЖның қарамағынан исленген Бердақ, Күнхожа ҳәм Ақымбет бақсының мақбаралары ҳәм бағы да Шымбайдың мақтанышы!
Усылар қыялымнан өтер екен, бир гезлери ҳәр жылы Елликқалада өтетуғын Атажан Худайшүкировқа арналған фестиваль ядыма түсти. Атажан Қудайшукировтай қосықшы пүткил Өзбекстанда жоқ. Бирақ, оны Хорезм ҳәм Қарақалпақстаннан басқа жер билмейтуғын еди.
Район ҳәкими Нематулла Худайбергенов оның даңқын пүткил мәмлекет бойлап таратты. Сол есаптан Елликқала да ҳәмме билетуғын районға айланды.
Бизиң бир мақтанышымыз Ибрайым Юсуповтай данышпан шайыр бурынғы аўқамлас республикалардың ҳеш қайсысында жоқ. Оның атын пүткил мәмлекет бойлап жаңғыртыў сиз бенен бизиң интамызға байланыслы.
Ақсақал шайырымыздың «Қыйын ҳәм аңсат» деген кишкене қосығы бар еди. Сонда мынандай қатарлар бар...
Ақмақларды мақтап сөйлетиў,
Тилиң менен жақсылық етиў,
Адамларға ақыл үйретиў,
Аңсат нәрсе усы үшеўи.
Мениң бул усынысларым қосықтың үшинши қатарына туўра келеди. Ақыры, жоқарыдағы ислерди әмелге асырыў аңсатлық пенен айланбайды.
Бирақ, ўақты келип кимдур оны ислейди. Сонда бул ийгиликли ис сол адамның исми менен аталып, тарийхта қалады.
Муратбай НЫЗАНОВ,
Қарақалпақстан халық жазыўшысы.
2022-жыл. Январь.