Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:08:33, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛАМАТ ТУРМЫС ТӘРИЗИН ЕНГИЗИЎ БАҒДАРЫНДА

Елимизде халықтың саламатлығын беккемлеў, аналар ҳәм балалар денсаўлығын қорғаў, буннан тысқары, халқымыз арасында саламат турмыс тәризин енгизиў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта.

Әсиресе, пуқараларымыз спорт пенен шуғылланыўды үрдиске айландырса, жеке гигиена, тазалықтың пайдасын түсинсе, дурыс аўқатланыўдың әҳмийетине итибарлы болса, ҳәр қандай кеселликлердиң алдын алыўға жәрдемин тийгизген болады.

Халқымыз арасында саламат турмыс тәризин ҳәм денсаўлығын медициналық көзден өткериўде қайырқомлық көрсетип, үгит-нәсиятлап киятырған «Саламат әўлад ушын» халықаралық қа­йырқомлық фондының Қарақалпақстан Республикасы филиалы Өзбекстан Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөл­кемлерди қоллап-қуўатлаў жәмәәтлик фондының «Улыўма абаданлық жолында халықтың саламатлығын жақсылаў» атлы грант жойбарын жеңип алған еди. Бул жойбар Шымбай районындағы аўыл ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынларында өткерилиўи нәзерде тутылған.

Усы жылдың январь айында райондағы «Қызылөзек» аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары арасында «Саламат турмыс тәризи тийкарлары. Спорт пенен шуғылланыў — узақ өмир көриў гиреўи», «Биринши медициналық жәрдем көрсетиў», «Биз перзентлеримиздиң келешегине жуўапкермиз. Жеке гигиенаға әмел етиўдиң әҳмийети», «Дурыс аўқатланыўдың әҳмийети» ҳәм «Коронавирус инфекциясы менен кеселленгеннен соң саламатлықты қайта тиклеў» атамасында семинар алып барылды. Бул семинарды өткериўдиң тийкарғы мақсети, халықтың денсаўлығын беккемлеў, ең баслысы, спорт пенен шуғылланыўдың инсан саламатлығына тийгизетуғын пайдасы, жеке гигиенаға әмел етиўдиң әҳмийети ҳәм дурыс аўқатланыў туўралы кеңирек түсиник бериў, үгит-нәсиятлаўды өз ишине қамтып алған. Сондай-ақ, өткерилген семинардың жуўмағы бойынша аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ең үлгили, аўызбиршиликли шаңарақлар ағзалары арасында таңлаў өткериў жобаластырылған.

— Бир ай даўамында аўыл тур­ғынлары арасында өткерген семинарымыздың босқа кетпегенлигин таңлаў қатнасыўшылары дәлиллеп берди. Олардың тазалық, жеке гигиена, спорт пенен шуғылланыўдың пайдасы туўралы берилген сораўларға анық жуўап қайтарғанлары унамлы тәсир қалдырды. Қатнасыўшылар арасында М.Бегжановтың шаңарақ ағзалары бас­қалардан алық шығып, жеңимпаз атанды. Қ.Алпысбаев ҳәм Т.Қалиевлердиң шаңарақ ағзалары сыйлы орынды ийеледи. Биз семинар даўамында аўыл тур­ғынларын бийпул медициналық тексериўден өткердик. Буған қосымша, адам организминиң иммунитетин көтеретуғын феррокал витамини, блокнот, ручка, медицина нықабы, антисептикалық гельлерди тарқаттық. Жойбарды шөлкемлестириўге жақыннан жәрдем берген Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў Шымбай районлық бөлимине миннетдаршылық билдиремиз, - дейди жойбар баслығы О.Ембергенова.

Ҳақыйқатында да, халқымыз арасында саламат турмыс тәризин жақсылаў бойынша қаншама көп үгит-нәсият жумысларын жүргизсек көплик етпейди. Денсаўлығымызға сәл итибарлы болып, жеке гигиена, дурыс аўқатланыўды күнделикли турмысымызда дурыс пайдалана билсек, аўырыў-сырқаўдан аўлақ боларымыз анық. Ал, таңлаў жеңимпазлары баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Негизинде ҳәр бир қатнасыўшы өзине керекли мағлыўматлар алғанына кеўли толып, унамлы тәсирлер менен қайтқанына исенип қаламыз.

Қ.РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

Шымбай районы.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF