Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:34:53, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАР МЕНЕН ИСЛЕСИЎ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИ АРТТЫРЫЛМАҚТА

Хабарыңыз болса керек, Президентимиздиң усы жыл l9-январьдағы «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў сис­темасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен ҳәр бир қала, аўылда, сондай-ақ, қалалар, қалашалар, аўыллар және аўыллардағы ҳәр бир мәҳәлледе жаслар жетекшиси лаўазымы енгизилген еди.

Пуқаралар жыйынларындағы Жаслар ислери агентлиги ўәкилиниң, яғный, жаслар жетекшилери ўазыйпаларын қалай баслап атырғанлығы көпшиликти қызықтырса керек. Усы мақсетте биз жақында Нөкис қаласындағы «Анасай» мәкан пуқаралар жы­йынының жаслар жетекшиси Дильфуза Шынназарова менен ушырасып, оның жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде сәўбетлескен едик.

— Ең дәслеп өз жумысын баслаған жаслар жетекшилериниң ўазыйпаларына тоқтап өтсеңиз?

— Әлбетте, ҳәр қандай жәми­йеттиң раўажланыўында келешегимиз болған жаслардың орны өз алдына. Жасларымызға итибар қаншелли жоқары болса, олардан жақсы нәтийжелерди күтиўимизге болады. Журтбасшымыздың бул қарары да ҳәр бир мәҳәлле жаслары ушын үлкен дыққат ҳәм итибардың көриниси деп айтыўымызға болады. Бунда мәҳәллелердеги жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, жумыссыз жасларды, олардың социаллық жәрдемге мүтәжлигин қанаатландырыў мақсетинде мәҳәл­лелерде жаслар жетекшиси лаўазымы енгизилип, усы қатарда мен де «Анасай» мәкан пуқаралар жыйынына Жаслар ислери агентлигиниң жаслар жетекшиси лаўазымына тайынландым. Бизлердиң тийкарғы ўазыйпаларымыз жаслар балансын қәлиплестириў, жаслар ҳаққындағы зәрүрли мағлыўматларды «Жаслар дәптери» ҳәм жаслар порталы электрон платформаларына киргизип барыў, «Жаслар дәптери»не социаллық-ҳуқықый, психологиялық жақтан қоллап-қуўатлаўға, билим ҳәм кәсип-өнерге мүтәж болған жумыссыз жаслар киреди. Сондай-ақ, жаслардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў, таланты ҳәм басламаларын хошаметлеў ҳәм турмыста өз орнын табыўына жәрдем бериў. Жаслардағы исбилерменлик идеяларды қоллап-қуўатлаў, ҳуқықбузарлықты ислеўге бейим болған жаслар менен ислесиў болып табылады.

— Сизиң мәкан пуқаралар жыйыны аймағында қанша жаслар бар? Соның менен бирге, жумыс баслағаныңызға азғана күнлер болыўына қарамастан, мәҳәллеңиз жасларының бүгинги шараяты ҳәм турмысы менен танысып көрдиңиз бе?

— Бизиң мәҳәллемизде хожалықлар саны 5648 болып, соннан 18 жастан 30 жас аралығындағы жаслар саны 1217, соннан ҳаял-қызлар саны 618ди қурайды. Усылар тийкарында ҳәзирги күнлери бизлер жыйынымыздағы жаслардың үйлерине бирме-бир кирип, олар менен танысып, ойландырып жүрген машқалаларын, пикир-усынысларын тыңлаў мақсетинде ҳәр күни барып атырмыз. Усы үйме-үй кириў ўақтында, яғный, жаслар менен сәўбетлескенимизде олардың арасында өнер үйрениўди қәлеўши жаслар көпшилик екенлигин және де сол өнерди үйрениў нәтийжесинде өзин-өзи бәнт етиў арқалы әтирапына сол үйренген өнери арқалы басқа да жасларды бәнтлейтуғынлығын айтқанларының гүўасы болдық.  Биз де оларға кәсип-өнерге бағдарлаў мақсетинде пайтахтымыздағы «Моно» оқыў орайының ашылғанлығын, оларға кең түрде мағлыўматлар берип, таныстырып атырмыз.

Ҳақыйқатында да, бундағы мақсетимиз, оларды өзлериниң қызығыўшылықларына қарап кәсип-өнерге бағдарлаў болып табылады. Соның менен бирге, «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар, жағдайы төмен жаслар­ға бир мәртелик жәрдем көрсетиў, яғный, бундай жағдайда бағыўшысын жоғалтқан жаслар, яғный, ата-анасы қарамағынан айырылған, социаллық жәрдемге мүтәж болғанлар, мийнет етиўге жарамсыз, I-II топар ма­йыплығы болған жаслар және де жумыссыз, наўқас бағыў ушын мәжбүр болған, еки ата-анасы да I-II топар майыплығы болған шахслар тәбийғый апатлар, авариялар ҳәм басқа да айрықша жағдайлар ақыбетинде денсаўлығына, мүлкине зыян келтирилген шахс­ларға бериледи. Соның менен бирге, «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар ушын, яғный, өз исбилерменлигин баслайман деген жаслар ушын ҳәм өзин-өзи бәнт етиўге зәрүр бол­ған әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қураллары менен тәмийинлеў ушын субсидиялар ажыратылады. Жумысымызды баслағанымызға азғана ўақыт болған болса да мәҳәллемизде жасаўшы социаллық жәрдемге мүтәж бол­ған жас шаңарақлардың жасаў жағдайларын үйрениў мақсетинде Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Азамат Турданов ҳәм «Анасай» МПЖ баслығы Тайыр Мурзамуратов пенен биргеликте олардың ҳалынан хабар алынып, жағдайлары менен танысыўға ҳәрекет етип атырмыз. Бизлердиң жумыс процесимизди беккемлеў, нәтийжели түрде жумыс алып барыўымызды тәми­йинлеў мақсетинде 25-28- январь күнлери онлайн оқыў-семинары өткерилип, онда бизлер жумыс процесслери ҳаққында көплеген билим ҳәм көнликпелерге ийе болдық.

— Аймағыңыздағы мәҳәл­ле жасларының бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде қандай әмелий илажларды шөлкемлестириўди мақсет еттиңиз?

— Әлбетте, аймағымыздағы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде бир­қанша илажларды шөлкемлестириўди режелестирдик. Олар ҳәзирги күнде өткерилип те атыр. Президентимиздиң бес әҳмийетли басламасы тийкарында, яғный, жасларды китапқумарлыққа қызықтырыў мақсетинде «Закаўат» интеллектуал-ринг ойынлары шөлкемлестирилди. Яғный, усы мысалда жақында ғана «Анасай», «Қумбыз аўыл», «Саманбай» мәкан пуқаралар жыйынлары менен биргеликте қызықлы ойынлар өткерилди.  Бунда билимли ҳәм зийрек жаслардың бар екенлиги бизди қуўандырды. Онда жаслары­мызға теориялық ҳәм логикалық сораўлар берилип,  мәҳәлле жаслары бул сораўларға толық жуўаплар қайтарып, диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды. Соның менен бирге, мәҳәллемиз жаслары ушын секторлар кесиминде спорттың футбол түринен ҳәр бир сектор өзиниң аймағындағы мәҳәллелер арасында жарыс шөлкемлестирди.  Жарыс жеңимпазларына диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар берилди. Әлбетте, бундай ҳәр қыйлы бағдардағы әмелий ҳәм мәдений илажлар барлық мәҳәллелерде де даўам етип атыр­ғанлығын айтып өтиўимиз керек. Мәҳәллемиз жасларын қоллап-қуўатлаў ҳәм белсендилигин арттырыў, олар менен тығыз бирге ислесиў бойынша ҳәким жәрдемшилери менен ис режесин дүзип, оларды нәтийжели әмелге асырыўды мақсет еткенбиз. Мақсетимиз, ҳәр бир жас­тың қызығыўшылығы итибарымызда, оларды қоллап-қуўатлап, жақсы нәтийжелерге еристириў баслы ўазыйпамыз екенлигинде. Айтыўымыз керек, ҳәзирги күнде ҳәр қандай тараў болмасын, өзин көрсетемен деген жаслар ушын мәмлекетимизле имканиятлар есиги ашылды. Соның ушын да, Президентимиздиң биз жасларға, әсиресе, мәҳәлледеги жаслар ушын берилип атырған имканиятлардан ақылға муўапық пайдаланып, ең биринши нәўбетте шаңарағымызға, өзимиз жасап атырған аймағымызға, елимиз байрағын жоқары шоққыларға көтеретуғындай жетик ҳәм өзгелерге үлги болатуғындай инсан болып жетисиўимиз тийис, деген еди. Солай екен мәҳәлле жаслары ушын енгизилген лаўазымы бизге берилген исенимниң айқын көриниси деп билемиз. Буны жумыс барысымызда қолдан келгенинше ақлаўға ўәде беремиз.

Сәўбетлескен:

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: аймақ тур­ғынлары менен ушырасыў пайытынан көринис.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF