Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:59:26, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘЛИМЛЕМЕ ХЫЗМЕТИ: ЖЫЛ ДАЎАМЫНДАҒЫ ЖУМЫСЛАР

Соңғы жылларда Мәмлекетимизде сөз еркинлигин тәмийинлеў, мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар тараўын басқарыў системасын қайта шөлкемлестириў, жәмийетлик-сиясий ҳәм социал-экономикалық раўажланыўдың машқалалы мәселелерин сапластырыўда ғалаба хабар қуралларының әҳмийетин арттырыў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, медиа орталықта көтерилип атырған мәселелер, мәмлекетте әмелге асырылып атыр­ған кең көлемли реформалар ҳаққындағы мағлыўматларды өз ўақтында жәмийетшиликке жеткериў, соның менен бирге мәмлекетлик уйымлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде 2019-жылы 27-июньде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлерин раўажландырыў бо­йынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарар менен Қарақалпақстан Республикасындағы ҳәкимликлер менен минис­трликлер, басқарма, комитет ҳәм шөлкемлерде мәлимлеме хызмети лаўазымы енгизилип, олардың жумыслары шөлкем­лестирилди.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 56 мәлимлеме хызметкери жумыс алып бармақта. Олар районлар, Нөкис қаласында, соның менен бирге тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша жәмийетшиликке мағлыўмат берип барады. Бул бойынша веб-сайт, социаллық тармақларда рәсмий бетлер шөлкемлестирилген, соның менен бирге, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер, интернет журналист­лери, блогерлер менен тығыз байланыста жумыс алып бармақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған медиа-реже тийкарында орынлардағы өндирислик кәрханалар, социаллық объектлерге медиа-турлар шөлкемлестирилип оған Қарақалпақстанда ҳәрекетте бол­ған ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қамтып алынбақта.

2021-жыл даўамында мәлимлеме хызмети басшылары тәрепинен 302 баспасөз конферен­циясы, 229 медиа-тур ҳәм пресс-тур, 262 ашық сәўбет, 83 брифинг­лер өткерилди.

Соның менен бирге мәлимлеме хызметкерлери пуқаралар тәрепинен социаллық тармақлар арқалы  билдирилген машқалаларды сапластырыў, мүрәжатларды үйрениў ҳәм нәтийжесин кең жәмийетшиликке жеткериў бағдарында да сезилерли жумысларды әмелге асырып келмекте.

Өткен жыл даўамында социаллық тармақлар арқалы жәрия­ланған ҳәм тийкарлы деп табыл­ған 182 мүрәжат ямаса сын материал Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң мониторинг бөлими тәрепинен дизимге алынды. Бул материалларда тийкарынан елатлы пунктлердеги ишки жоллар, электр энергиясындағы үзилислер, ишимлик суўы тәмийнаты, бәнтлик, банк кредит, турақ-жай менен тәмийинлеў ҳәм оны оңлаў, напақа пуллары ҳәм материаллық жәрдем сыяқлы мазмундағы мүрәжатлар көтерилген.

Жолланған мүрәжат ҳәм сын материаллар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен қадағалаўға алынып, тийисли ҳәкимликлер менен мәкемелерге бөлистирилди ҳәм орынланыўы бойынша есап берип барылды.

Сондай-ақ, социаллық тармақлар арқалы жәрияланған ононим, тийкарсыз ҳәм жалған материаллар да мәлимлеме хызметлери тәрепинен қадағалаўға алынып, оларды анықлаў ҳәм сапластырыў, пуқараларға тезлик пенен тастыйықланған рәсмий мәлимлеме жеткериў  илажлары көрилип келинбекте.

Әлбетте, мәлимлеме хызметкерлери жетискенликлер менен бирге, бир қанша қәте кемшиликлерге де жол қойғанлығын атап өтиў орынлы.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған медиа-режеге тийкар белгиленген илажларды өз ўақтында өткермеген ҳәм талап дәрежесинде шөлкемлестирмеген, электрон мүрәжатлар, яғный, ҳәкимликлер менен министрликлерге, комитет, басқарма ҳәм шөлкемлерге пуқаралардың аралықтан турып электрон мүрәжат етиў ботларын жүргизиў бойынша бир қанша қәте-кемшиликлерге жол қой­ған ҳәкимликлер менен минис­трликлердиң мәлимлеме хызметкерлериниң жумысы үйренип шығылып, тийисли тәртипте шара көрилди.

Жуўмақлап айтқанда, биз мәлимлеме хызметкерлериниң жумысын буннан былай да раўажландырыў, атап өтилген қәте-кемшиликлердиң алдын алыў, кең жәмийетшиликке тез ҳәм исенимли мәлимлеме бериў бағдарындағы жумысларымыз ушын 2022-жылға мөлшерленген ис-режемизди ислеп шықтық ҳәм оны басқышпа-басқыш әмелге асырамыз.

А.Ажимуратов,

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң

Мәлимлеме хызмети баслығы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF