ҲАҚЫЙҚЫЙ ДӘРАМАТ ДЕРЕГИ
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм идеологиялық жумыслар бөлими тәрепинен Әмиўдәрья районындағы «Қылышбай» аўылында райондағы жуўапкер мәкемелер менен биргеликте исбилерменлик субъектлериниң жумыслары менен танысыў, қыйтақ жерлеринде дийқаншылық пенен шуғылланып атырған шаңарақлардың ийелери менен сәўбетлесиў мақсетинде «Қыйтақ жер — қосымша дәрамат дереги» темасында ашық сәўбетлесиўлер шөлкемлестирилди.
Дәслеп, исбилермен Ж.Жумамуратовтың жумыслары менен жақыннан танысты. Ол шифер, тунукафон өнимлерин ислеп шығарыў менен бирге, үй-руўзыгершилик буйымлары менен саўда етилетуғын дүкан да ашқан. Өз өнимлерин де усы дүканда сатады. Бул исбилермен аўылындағы 8 адамды жумыс пенен тәмийинлеген.
Аймақтағы және бир исбилермен Д.Бегмуратова болса, нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў менен шуғылланады. Аўылдағы барлық асханалар, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, аўыл турғынларын өз өнимлери менен тәмийинлеў ушын қолы-қолына тиймей жумыс ислемекте. Себеби, буйыртпа көп.
Нанбайхана менен танысқан жуўапкерлер исбилерменге жумысларын еле де кеңейтиў мүмкиншилиги ҳәм бул ушын жеңиллетилген кредитлердиң бар екенлиги, имканиятлар туўралы мағлыўматлар берип, пикир-усыныслар билдирилди.
Усы аймақтағы тағы бир исбилермен Қ.Норимов өзине тийисли қыйтақ жеринде ыссыхана қурып, қыста да өним жетистирип атырғанлығын көрди.
— Ҳәзирги күнде пияз жетистирип, базарларға шығарып атырман,-дейди исбилермен. — Буның менен қыйтақ жеримнен ел дастурханына мүнәсип үлес қосып атырғанлығымнан қуўанышлыман.
Жетистирилген өнимлеримди сатып болғаннан кейин, орнына ҳәзирги ўақытта үй шараятында егип қойған ерте писер өнимликлерди көширип өткерип, тәрбиялаў жумысларын алып бараман. Ыссыхана — шынында да, дәрамат дереги екен.
Себеби, усы ыссыханада жетистирилген қыяр, помидор, болгар бурышы сыяқлы ерте писер егинлердиң нәллерине бәрқулла қарыйдар табылады.
Аўыл турғынлары менен ашық сәўбетлесиўлерде, аймақтағы исбилерменлик субъектлери ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берилип, олардың машқалалары, пикир-усыныслары тыңланды. Қәнигелер тәрепинен исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши пуқаралардың қызықтырған сораўларына жуўаплар, тийисли мәсләҳәтлер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.