ОБЪЕКТЛЕР ИСЕНИМЛИ ҚОРҒАЛЫЎДА
Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы хызметкерлери халқымызға хызмет көрсетиўши объектлердиң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў жолында өзлериниң бар күш-жигерин аямай, күн-түни хызмет етип келмекте.
Олар объектлерди исенимли қорғаў хызметин алып барар екен, сол объектлерде ислеўши пуқаралардың тыныш, қәўипсиз, емин-еркин жумыс алып барыўында, сондай-ақ, объектлерге тийисли болған мүлклердиң де өз орнында сақланып турыўында алып барып атырған хызметлери оғада салмақлы болмақта. Қорғаўға алынған объектлердиң санын еле де көбейтиў арқалы пуқараларымыздың қәўипсизлигин тәмийинлеў, аймақларда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда жүргизилип атырған үгит-нәсият жумысларын еле де күшейтиў мақсетинде тараў хызметкерлери тәрепинен орынларда түсиндириў жумыслары алып барылмақта.
Нөкис қалаларара қорғаў бөлими техникалық қорғаў орайы тез ҳәрекетлениўши топары хызметкерлери менен биргеликте қорғаўға алынған объектлердиң санын еле де арттырыў ҳәм оларға көрсетилетуғын исенимли қорғаў хызметиниң абзаллықларын жақыннан түсиндириў менен бирге пуқаралардың карантин қағыйдаларына әмел етиўин қадағалаў бойынша халық арасында үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Тараў хызметкерлери турмысымызға енгизилип атырған соңғы маркадағы заманагөй үскенелердиң хызметиниң ҳәр биримиз ушын қаншелли әҳмийетке ийе екенлиги ҳаққында кеңнен түсиндирди. Нөкис қаласында өткерилген үгит-нәсият жумыслары барысында қорғаў сигнализациялары арқалы көрсетилип атырған исенимли хызмет түрлеринен пайдаланыўды өзлерине мақул тапқан пуқаралардың жасаў үйлери қорғаў хызметине қабыл етилди. Ҳәзирги күнде Нөкис қалаларара қорғаў бөлими тәрепинен 594 объект ҳәм 125 пуқара үйлери исенимли қорғалып келинбекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-декабрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслар мүлкиниң қорғалыўын тәмийинлеў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 21-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы қорғаў бөлимлери тәрепинен қорғалатуғын объектлердиң дизимин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде халық хожалығы, жеке меншик, саўда, халыққа хызмет көрсетиўши объектлерди, сондай-ақ, пуқаралардың турақ жайларын, олардың жеке мүлклерине қорғаў сигнализациясын орнатқан ҳалда техникалық қорғаў орайы арқалы қорғаў, яғный, объектлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў арқалы бул орынларда жүз бериўи мүмкин болған ҳәр қыйлы унамсыз жағдайлардың алдын алыў, жәмийетлик тәртипти сақлаў, ҳуқықбузарлықларды болдырмаўда орынларда профилактикалық үгит-нәсият жумыслары еле де даўам ете береди.
С.ЖОЛДАСБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы Нөкис қалаларара қорғаў бөлими баслығының мәлимлеме коммуникация ҳәм қорғаў технологияларын енгизиў бойынша орынбасары, подполковник.