БОС ТУРҒАН ОБЪЕКТЛЕРДЕН НӘТИЙЖЕЛИ ПАЙДАЛАНЫЛМАҚТА
Соңғы жылларда мәмлекетимизде қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў, жеке меншик мүлк ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша бир қатар системалы реформалар әмелге асырылмақта.
Жақында Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен тараўда алып барылып атырған жумысларды кең жәмийетшиликке жақыннан таныстырыў мақсетинде Беруний районындағы «Доктор Максудова инновациялық клиникасы» ҳәм Нөкис қаласындағы «NUKUS POLIMER» ЖШЖне пресс тур шөлкемлестирилди.
Оған ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасты. Пресс тур қатнасыўшылары күнниң биринши ярымында Беруний районындағы «Доктор Максудова инновациялық клиникасы»ның жумыслары менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 3-ноябрьдеги 605-санлы қарарына муўапық, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы, «BERUNIY INNOVАTION DM CLINIC» ЖШЖ ҳәм Беруний районы ҳәкимлиги райондағы «Хорезм» МПЖда жайласқан «Туберкулёз кеселликлерине қарсы гүресиў диспансери» объектине инвестиция киргизиў ҳәм социаллық жуўапкершилигин орынлаў шәрти менен «ноль» баҳада 2019-жыл 11-февраль күни алды-сатты шәртнамасына қол қойған. Усы шәртнамаға муўапық, «BERUNIY INNOVАTION DM CLINIC» ЖШЖ тәрепинен «Көз кеселликлери ҳәм диагностика орайы» жойбарын әмелге асырыў ушын 9300,0 млн. сум муғдарында инвестиция киргизиў ҳәм 18 жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ўазыйпасы жүклетилген еди. Бүгинги күнге шекем объектке инвестор тәрепинен қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў ушын жәми 3137,0 млн. сум, сондай-ақ, заманагөй медицина әсбап-үскенелерин сатып алыў ушын 6629,0 млн. сум муғдарында инвестиция киргизилип, АҚШ, Европа, Япония ҳәм Корея мәмлекетлеринде ислеп шығарылған медициналық аппаратлар алып келип орнатылды. Инвестор тәрепинен объектке жәми 9800,0 млн. сумнан аслам инвестиция киргизилип, нәтийжеде 21 жаңа жумыс орынлары жаратылды. Бүгинги күнге келип районда дүнья жүзилик стандартларға толық жуўап беретуғын «Көз кеселликлери ҳәм диагностика орайы» имаратының ири оңлаў жумыслары толығы менен жуўмақланып, республика халқына сапалы медициналық хызмет көрсетип келмекте.
— Ҳәр жылы 6 мың наўқасты қабыллаў қуўатлылығына ийе «Көз кеселликлери ҳәм диагностика орайы»мызда ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы пуқараларынан тысқары қоңсылас Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятларынан да наўқаслар келип емленип, алғысларын айтып кетип атыр, - дейди усы клиниканың бас шыпакери Вахид Ҳакимов биз бенен сәўбети барысында. — Бул жерде халқымызда көз кеселликлеринен тысқары офтальмология, оториноларингология, кардиология, стоматология, гинекология ҳәм клиникалық лаборатория бағдарлары бойынша да заманагөй сапалы медициналық хызмет көрсетиледи. Алдынғы ўақытларда қараўсыз бос турған имараттың орнында заманагөй медицина мәкемесиниң бой тиклеўи халқымыз ушын әжайып саўға болды...
Илаж қатнасыўшылары күнниң екинши ярымында Нөкис қаласындағы «Қызылқум» МПЖ аймағында жайласқан «NUKUS POLIMER» ЖШЖниң жумыслары менен де жақыннан танысты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2017-жыл 23-январьдағы мәжилис баянламасы ҳәм «Өзбекнефтегаз» МХК администрациясының 2017-жыл 25-январьдағы «Полимер өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбарын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында завод қурылысы Нөкис қаласының қубла ислеп шығарыў зонасында «Нөкис-Төрткүл» автомагистраль жолы бойында басланған еди. 2017-жыл 24-июльде заводтың қурылыс ислери толығы менен жуўмақланып, сол күннен баслап ҳәр түрли диаметрдеги полиэтилен трубаларды ислеп шығарыў жолға қойылды.
«NUKUS POLIMER» ЖШЖниң 100 процентлик мәмлекетлик үлеси Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 27-октябрьдеги «Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды реформалаўды жеделлестириў және мәмлекетлик активлерди меншиклестириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, мәмлекетлик акция пакетлери толығы менен ғалаба саўдалар арқалы жеке секторға сатылыўы белгиленген.
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен «e-auksion» электрон саўда платформасына саўдаға шығарылып, 2020-жыл 4-ноябрь күни Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы, «Аromatniy mir Shark» ЖШЖ ҳәм «NUKUS POLIMER» ЖШЖ арасында 5 жыл мүддетке бөлип төлеў шәрти менен алды-сатты шәртнамасы дүзилди ҳәм «NUKUS POLIMER» ЖШЖниң 100 процентлик мәмлекетлик үлеси 35,0 млрд сумға сатылды.
Бүгинги күнде кәрханада көлеми 16 диаметрден 630лық диаметрге шекемги полиэтилен трубалары ислеп шығарылмақта. Сондай-ақ, өткен жылдың апрель айынан баслап тамшылатып суўғарыў ленталарын да ислеп шығарыў жолға қойылды. Ҳәр жылда 8000 тонна полиэтилен труба ҳәм 1200 тонна тамшылатып суўғарыў лентасын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болған кәрханада бүгинги күнде елиўден аслам жаслар жаңа жумыс орынлары менен тәмийинленген.
— Өткен жыл даўамында мәмлекетлик шөлкемлерде зәрүрлик болмағанлығы себепли бос турған 93 имаратлар белгиленген тәртипте саўдаларға шығарылып, олардан 40ы исбилерменлик субъектлерине 45,6 млрд. сум ҳәм 6,8 млрд. сум муғдарында инвестициялар киргизиў ҳәм қосымша жаңа 143 жумыс орынларын жаратыў шәрти менен сатылды. Сондай-ақ, бүгинги күнде 53 объект 120,8 млрд. сумға басланғыш баҳада «3-auksion» электрон саўда платформасында саўдада турыпты. Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта тағы да 7 мәмлекетлик мүлк объектлерин сатыў ушын усыныслар қабылланып, аймақлық таңлаў комиссиясына киргизилген. Жақын арада бул объектлер де таңлаў комиссиясы тәрепинен мақулланғаннан кейин саўдаға шығарылады ҳәм исбилерменлеримизге келешек жойбарларын әмелге асырыўлары ушын қосымша имканият болып хызмет етеди, - дейди Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының бөлим баслығы Испандияр Дәлибаев.
Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.