ИНТЕРНЕТТИҢ УНАМЛЫ ҲӘМ УНАМСЫЗ ТӘРЕПЛЕРИ
Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасында түрли конфессияға тийисли диний шөлкемлер жумыс алып барып атыр, пуқараларымыз өз диний әмеллерин еркин орынлап келмекте.
Диний шөлкемлер өз ҳәрекетлерин әмелге асырыўы ҳәм мәмлекет турмысында белсене қатнасыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Бул бойынша ҳуқықый тийкарлар Өзбекстан Республикасы Конституциясының 31-статьясында, «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы нызамда өз көринисине ийе.
Бүгинги күнде диний экстремистлик топарлар өз мақсетлерин әмелге асырыўы ушын халықлар арасында биринши гезекте миллетшилик ҳәм диний өзгешеликти келтирип шығарыў, бул ҳәрекет арқалы бир мәмлекетте жасап атырған түрли миллет ўәкиллери арасында миллий, диний келиспеўшиликлерди жүзеге келтириўге урынып атыр. Бул жағдайды «Хизбут-таҳрир», «ал-Қаида», «ал-Жиҳад» сыяқлы халық аралық жынаятшы топарлар мысалында бақлаў мүмкин. Наркобизнес ҳәм нызамсыз қурал-жарақ саўдасынан келетуғын пайдалар олардың финанслық дереклери есапланады.
Халықаралық терроршылық шөлкемлер тәрепинен алға қойылып атырған сиясий сүренлер, өз алдыларына қойған мақсетлер ҳәм әмелге асырып атырған қопарыўшылық ҳәрекетлери шет ел мәмлекет, еки ҳәм оннан көп мәмлекетлер ямаса пүткил бир регионда турақсызлықты келтирип шығарыў арқалы сиясий басқарыўды ийелеўге қаратылған болады.
Буннан тысқары, халықаралық терроршылық шөлкемлери «Хабар урысы»ның заманагөй усыл ҳәм қуралларын қоллаған ҳалда өз идеологияларын түрли халықлар ҳәм регионлар ишинде тарқатыў арқалы жалланба жаўынгерлерди қаратыў ҳәм жаслар есабынан қатарын кеңейттиреди.
«Хабар әсири» деп аталып атырған ҳәзирги заманда мағлыўмат алыў ҳәм хабар алмасыўдың қолайлы қуралы — интернет есапланады. Бирақ, бул тармақта ҳәмме нәрсе аралас, ақ пенен қара, жақсылық пенен жаўызлық, мағлыўмат тарқатыў, бизнес ҳәм реклама ушын үлкен майданға айланған глобал тармақты қадағалаўдың улыўма имканияты жоқ. Соның ушын да интернетте бузғыншы идеялар ҳәм террорға шақырыўлар жүдә көп ушырайды.
Терроршылардың интернет арқалы ҳүжимлери тийкарынан жасларға қаратылған болып, олар жас өспиримлер ушын қызықлы болған қураллардан усталық пенен пайдаланбақта. Соның ишинде, жаслардың қызығыўына қарап, оларды түрли видеокөринислер ҳәм фотосүўретлерди тамаша етиўге шақырыў арқалы ямаса сыртқы көринисинен тап ойын, техника, спортқа тийисли болса да, лекин ишки бетлеринде тек бузғыншылықты сиңдириўши веб-журналларды усынбақта.
Усы орында айтып өтиў керек, терроршыларға тийисли интернет сайтларының өзине сай өзгешеликлери төмендегише болады:
- өзлериниң жынаятшы топарбасшыларынан басқа адамларды қаралап, оларды кемситеди ҳәм жаман атлы етеди;
- мәмлекет ҳәкимиятына қарата наразылық кейпиятын оятыў ҳәм бар болған кемшиликлерди бөрттирип көрсетиў арқалы адамларды паникаға салады;
- халық пенен жақынлығын билдириў мақсетинде олардың қыйыншылығы ҳәм тәшўишине өзлерин «шерик» етип көрсетеди, тийкарында болса олардың диний сезимлеринен усталық пенен пайдаланады;
- келиспеўшилик шығаратуғын мәселелерди өз сайтлары арқалы жарытып, адамларда өз қараслары дурыслығына исеним пайда етиўге урынады.
Усы орында, ол ямаса бул хабарды қабыл етиўден алдын инсан әлбетте, өзине: «Бул хабарды ким тарқатып атыр?», «Не ушын узатып атыр?», «Қандай мақсетти гөзлеп атыр?» деген сораўларды бериўи керек.
Миссионерлик ҳаққында сөз болғанда, дәслеп бул түсиниктиң сөзлик ҳәм терминологиялық мәнилерин түсинип алыў үлкен әҳмийетке ийе.
Бул сөз латын тилиндеги «missio» фейилинен алынған болып, «жибериў», «ўазыйпа тапсырыў» деген мәнилерди аңлатады.
Улыўма алғанда, миссионерлик — бир динге исениўши халықлар арасында басқа бир динди үгитлеўди анлатады.
Миссионерлик бүгинги күнде көп тармақлы тараў есапланады. Ҳәзир миссионерлер кирип бармаған, олар ҳәрекет етпейтуғын мәмлекеттиң дүньяда табылыўы қыйын.
Белгили бир мәмлекеттеги социал-экономикалық жағдайдан ғәрезли мақсетлер жолында пайдаланыўға ҳәрекет етиў заманагөй миссионерликтиң ең әҳмийетли белгиси болып табылады.
Әмелдеги нызамшылығымыз бойынша, белгили жағдайларда биринши мәрте нызамды бузған шахс ямаса шөлкемге ҳәкимшилик жаза қолланылады. Егер де сол шахс ямаса шөлкем соннан кейин де нызамды бузыўды даўам етсе, оған енди Жынаят кодексиндеги шаралар қолланылады. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексинде нәзерде тутылған бир қатар ҳәрекетлер ушын да жазалар белгиленгенин атап өтиў зәрүр.
Жуўмақлап айтқанда, алдымыздағы ўазыйпалар, жасларда интернеттеги мағлыўматларды ажырата билиў саўатлылығын қәлиплестириў, жас өспиримлерге интернеттеги қандай мағлыўматты алыў, қайсыларын қабылламаў керек екенлигин түсиндириў, жас әўладқа интернеттеги ҳәр қыйлы социаллық тармақлар, чатлар, онлайн видеоконференциялар, ойынлар, фотосүўретлер, аудио-видеокөринислерди көриў, тамаша етиў бойынша керекли усынысларды бериў, жаслардың интернет тармағына қызығыўларын турақлы үйрениў ҳәм бул жолда керекли мәсләҳәтлер берип барыў, интернет топылысларына қарсы турақлы түрде үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў керек.
Солай екен, жасларымыздың интернеттен ақылға муўапық ҳәм дурыс жолда пайдаланыўларын тәмийинлеў — дәўир талабы есапланады.
Наргиза ЕРНИЯЗОВА,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жетекши мәсләҳәтшиси.