Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:29:31, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЙНЕТ ШӘРТНАМАСЫ БИЙКАР ЕТИЛГЕНДЕ...

Хызметкерге байланыслы болмаған жағдайлар себепли мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде хызметкерге  материаллық қоллап қуўатлаўдың ҳуқықый кепилликлери берилиўи — Конститу­циялық принциплерден бири болып, пуқаралардың социал-экономикалық ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаўдың айқын көриниси болып табылады. Бундай тийкарларға көре, мийнет шәртнамасы бийкар етилгендеги қосымша кепилликлер барлық хызметкерлерге теңдей болып, жумыс бериўшиниң шөлкемлестириў-ҳуқықый көриниси әҳмийетке ийе болмайды.

Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 67-статья­сында тиккелей нәзерде тутыл­ған мийнет шәртнамасын бийкар етиўдиң айрықша тийкарларда жумыс излеў дәўиринде еки айлық ис ҳақы сақланып қалады. Бунда кодекстиң 109-статьясына тийкарланып, хызметкерге берилетуғын бир айлық напақа да қосып есап­қа алынады.

Мийнет кодексиниң 67-статьясына тийкар, еки айдан артық болмаған мүддетке ис ҳақы сақланып қалынатуғын айрықша жағдайларға төмендегилер киргизилген:

  1. Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 89-статьясына тийкар, хызметкер жаңа мийнет шәртлери тийкарында жумыс ислеўден бас тартыўына байланыслы мийнет шәртнамасы бийкар етилсе;
  2. Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 100-статьясы 2-бөлими 1-бәнтине тийкар, технологиядағы, өндиристеги мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер хызметкерлер саны (штаты) яки жумыс қәсийетиниң өзгериўине алып келген жумыслар көлеминиң қысқарыўы яки кәрхананың жабылыўы себепли жумыс бериўшиниң интасы менен мийнет шәртнамасы бийкар етилсе;
  3. Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 100-статьясы 2-бөлими 2-бәнтине тийкар, хызметкердиң тәжирийбеси жетерли болмағаны яки саламатлығы жағдайына байланыслы орынлап атырған жумысына ылайық емеслиги себепли жумыс бериўшиниң интасы менен бийкар етилсе;
  4. Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 106-статьясы 2-бәнтине тийкар, сол жумысты алдын орынлап келген хызметкер өз жумысына қайта тикленген жағдайда;
  5. Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 100-статья 6-бәнтине тийкар кәрхана баслығы, оның орынбасарлары, бас есапшысы, бас есапшы лаўазымы болмаса бас есапшы ўазыйпасын атқарыўшы хызметкер менен дүзилген мийнет шәртнамасы бийкар етилген жағдайда.

Сондай-ақ, хызметкерге Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 191-статья­сына тийкар, ўақтында пайдаланылмай қалған мийнет дем алыс орнына  пуллы компенсация төлеп бериледи. Мийнет кодексиниң 67-статья­сының биринши ҳәм екинши бөлимлерине тийкар, мийнет шәртнамасы бийкар етилген күннен баслап хызметкер 30 календарь күн даўамында өзи турақлы жасап атырған район (қала) бәнтликке көмеклесиў орайларында жумыс излеўши сыпатында дизимнен өтсе, олар­ға бәнтликке көмеклесиў орайы берген мағлыўматнамаға тийкар жумысқа орналаса алмаған үшинши айы ушын да мийнет шәртнамасын бийкар еткен кәрхана есабынан орташа айлық ис ҳақы муғдарында напақа бериледи. Мийнет шәртнамасы бийкар етилгеннен 30 күннен кейин бәнтликке көмеклесиў орайына жумыс сорап мүрәжат еткен хызметкерлерге бул кепиллик берилмейди.

Егер хызметкер кеширимли себеплерге көре мүрәжат ете алмаса, дәлил ҳүжжетлери менен тастыйықланған жағдайда хызметкер бул кепилликтен пайдаланады.

Айрықша тийкарларда мийнет шәртнамасы бийкар етилген хызметкерге жумыс бериўши тәрепинен бес айлық орташа ис ҳақы төлениўи лазым.

Егер кәрхана банкрот деп табылған жағдайда хызметкерлер ис-ҳақы ҳәм өзлерине тийисли басқа төлемлерди кредиторларға салыстырғанда алдынырақ алыўға ҳақылы.

Сапластырылып атырған кәрханалардың қаржысы жоқ жағдайда Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 67-статьясы 1-2-бөлиминде көрсетилген айрықша тийкарларда мийнет шәртнамасы бийкар етилген хызметкерлерге Мийнет кодексиниң 67-статьясы 7-бөлимине тийкар, компенсациялар жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиў мәмлекетлик фонды есабынан төленеди.

Өзбекстан Республикасы Олий суды пленумының 1998-жыл 17-апрельдеги «Судлар тәрепинен мийнет шәртнамасын (контрактин)  бийкар етиўди тәртипке салыўшы нызамлардың қолланылыўы ҳаққында»ғы қарарының 18-бәнтинде Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 100-статьясы 2-бөлиминиң 1-2-бәнтлерине тийкар хызметкер менен жумыс бериўши арасындағы келисимге көре мийнет бийкар етилгенде хызметкерди ескертиў оның мүддетине муўапық келетуғын пуллы компенсацияға алмастырылыўы мүмкин.

Мийнет шәртнамасын бийкар етиў ҳаққында ескертиў орнына хызметкерге пуллы компенсация төлегенлик бас­қа төлемлерди (Пайдаланылмай  қалған мийнет дем алысы ушын компенсация төлеў, дем алыў напақасы, Мийнет Кодексиниң 67-статьясына муўапық, жумысқа орналасыў мүддетинде орташа ис-ҳақы сақлаў) төлеўден жумыс бериўшини азат етпейтуғынлығына судлардың итибары қаратылсын деп, айрықша тийкарларда мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде хызметкердиң материаллық қоллап-қуўатланыўына  ҳуқықый  кепиллик берилиўиниң ай­қын дәлили есапланады.

Жуўмақластырып айтқанда, айрықша тийкарларда мийнет шәртнамасы жумыс бериўши интасы менен бийкар етилгенде хызметкерге материаллық қоллап-қуўатлаўдың ҳуқықый  кепилликлери Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Өзбекстан Республикасы Мийнет кодекси ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий суды пленумының 1998-жыл 17-апрельдеги «Судлар тәрепинен мийнет шәртнамасын (контрактин)  бийкар етиўди тәртипке салыўшы нызамлардың қолланылыўы ҳаққында»ғы қарары менен беккемленген.

Ш.МАМБЕТСАПАЕВ,

Нөкис қалалық юридикалық хызмет көрсетиў орайының Бас юрисконсульты, 2-дәрежели юрист.    

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF