Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:35:59, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘҲӘЛЛЕ ЖАСЛАРЫ ӘМЕЛИЙ ИЛАЖЛАРДА

Усы жыл 19-январь күни Президентимиздиң «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қабыл етилген қарарында мәҳәлле жасларының бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, олардың машқалаларын жақыннан үйрениў ҳәм мәҳәллелерде шешиў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленип өтилген.

Усыған байланыслы мәҳәллелерде жаслар жетекшилериниң искерлиги старт алыўы менен мәҳәлле жаслары ушын жаңаша аймақ ҳәм жаңаша майдан пайда болды. Бул бағдардағы дәслепки әмелий илажлар Әмиўдәрья районындағы  «Бай аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы l6-санлы мектептиң спорт залында мәҳәллелердеги жәмлеспеген  жаслар арасында болып өткен шахмат ҳәм стол тенниси жарыслары менен басланды. Жүзден аслам жаслар қатнасқан бул жарысларда олар қызғын беллесиўге түсти. Қәбилетли ҳәм инталы жаслар сол аймақта жайласқан районлық Мәденият орайында зийреклик интеллектуал турнириниң  «Жаслар ислери агентлиги кубогы» ушын болып өткен таңлаўға да белсене қатнасты. Күшли билим, кең пикирди талап етиўши турнирде 300ге жақын аўқам жаслары белсене қатнасып, өз қәбилетлерин жүзеге шығарыўға ҳәрекет етти. Исбилерменлик — бүгин жасларымызды қызық­тыратуғын айрықша тараў. Себеби, олар ушын мәмлекетимизде жаратылып атырған мүмкиншиликлер нәтийжесинде бүгин көплеген жасларымыз бул тараўда да жоқары табысларды ҳәм нәтийжелерди қолға киргизип келмекте. Соның ушын да, мине усы тараўға қызығыўшы жасларымыз ушын «Шеберлик сабақлары» шөлкемлестирилди. Онда жаслар өз исбилерменлигин баслаўы, оны жүргизиўи, ушырасатуғын қыйыншылық ҳәм тосқынлықларды қалайынша жеңиўи бойыншада пайдалы ҳәм унамлы мәсләҳәт ҳәм мағлыўматларға ийе болды.

Сондай-ақ, «Саламат ана — саламат бала» ураны тийкарында «Чайкөл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 22-санлы мектептиң спорт залында қызлар арасында волейбол бойынша өткерилген жарыс­та қызларымыз әдеўир таярлықлар менен келгенлигин көрсетти. Райондағы Санлы технологиялар ора­йында болса, робототехника, 85 тараўларына қызығыўшы жаслардың билимин арттырыўға байланыслы ушырасыў өткерилди. Онда жаслар технология әлеми ҳаққындағы бир қатар жаңалық ҳәм мағлыўматларға ийе болды. Илажлар ра­йонның «Қыпшақ» АПЖ аймағында l00ге жақын жаслар қатнасыўындағы «Ашық байланыс» пенен жуўмағына жетти. Онда жаслар өзлериниң маш­қалалары, пикир ҳәм усыныслары менен бөлисти. Қыйнап атырған мәселелерине шешим табыў имканиятына ийе болды. Қулласы, күн даўамында өткерилген илажларда мәкан пуқаралар жыйынларындағы ҳәр бир жастың қызығыўшылығы итибарда болып, олар менен ислесиўдиң заманагөй механизми жаратылып атырғанлығынан дерек береди. Бул бүгин мәҳәлле жаслары алда ҳәм белсенди дегени.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: илаж­лардан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF