Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:44:08, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

Жас ҚӘнигелерге итибар ҚаратылмаҚта

«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасында жас қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм билимин жетилистириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги «Қәнигеликлерди баҳалаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм мийнет базарын қәнигели кадрлар менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде кәрхананың жанында «Қәнигеликти баҳалаў» ҳәм «Қәнигеликти арттырыў» орайларының хызмети жолға қойылмақта. Жас жумысшылардың билим және тәжирийбесин арттырыў, олардың өз үстинде ислеў ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў бойынша  басшылар тәрепинен бир қатар шараятлар жаратылып берилмекте.

— Өткен жылы жәмәәтимизде ислеп атырған 24 жастың жоқары оқыў орнын тамамлайман дегенге шекемги шәртнама пуллары төлеп берилди,-дейди заводтың жаслар жетекшиси Батыр Қурбанбаев.- Жаслар мәселелерин үйрениў ҳәм перспективалы қәнигелер таярлаў институтына өткен жылы 13, быйылғы жыл ушын 8  жас ҳүжжет тапсырған болса, олардың имтиханларға барып қайтыўы ушын жетерли имканият жаратып берилди. «Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университети» федерал бюджет жоқары оқыў мәкемесиниң Ташкент филиалына 2021-2022-оқыў жылы ушын сынақ имтиханларынан табыслы өткен еки жас хызметкердиң шәртнама пулы төлеп берилди.

Сондай-ақ, заводта хызметкерлердиң қәнигелигин ҳәм тәжирийбесин арттырыў ушын мәмлекетимиздеги 15 тен аслам жоқары оқыў орны ҳәм орайлары менен тығыз бирге ислесиў жолға қойылған. Солардың ишинен жаслар Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектеби тәрепинен корпоратив басқарыўдың заманагөй әмелияты ҳәм принциплери, Ташкент қаржы институты жанындағы  «International Institute of Accounting&Finance» (IIAF) оқыў орайы тәрепинен экономикалық есабатлардың халықаралық стандарты, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң профессор-оқытыўшылары тәрепинен мәмлекетлик тилде ис жүргизиў, программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме-технологиялары оқыў орайы тәрепинен компьютер технологиялары бо­йынша оқытылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF