Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:11:05, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДИЙҚАНЛАРҒА МӘДЕТ «АНАСАЙ»

Пайтахтымызды кесип өтиўши «Дослық» ҳәм «Анасай» каналлары тек ғана па­йызлы жерлер болып қалмастан, халқымызға ағын суў жеткерип бериўде хызмети айрықша.

Бизге халық арасында «Қаттыағар» аты менен белгили болған «Анасай» магистрал каналы 1986-жылы қазылып пайдаланыўға тапсырылғаннан берли усы күнге шекем қазылмаған еди. Ҳәзирги күнде «Анасай» магистрал каналы тийисли қарар ҳәм мәмлекетлик бағдарламаға тийкарланып, буйыртпашы «Қорақалпоғистон сув қурилиш инвест» ДМ ҳәм кесип алыўшы «Бунёдкор мерос» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қазыў ҳәм реконструкция жумыслары жедел алып барылмақта. Объект  баҳасы 28 182,0 млн сум болып, реконструкция жумыслары басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта. Объекттиң реконструкция ислеринде бүгинги күнде жәми 24 дана заманагөй техникалар қара­тыл­ған. Соның ишинде 10 дана экскаватор, 4 дана бульдозер, 6 дана автосамосвал, 4 дана басқа техникалар ҳәм де 42 исши хызметкерлер ыссыны ыссы суўықты суўық демей аянбай хызмет етип атыр.

 

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы минис­трлигиниң хабар бериўинше «Анасай» магистрал каналының узынлығы 13,5 километрди қурайды. Жойбар бойынша секундына 342 куб метрге шекем суў өткериў қәбилетине ийе. Бирақ, жыллар даўамында ылай суў ағып өтиўи ҳәм қазып тазаланбағанлықтан иши қайыр теўип әтирапы опырылыўына, сондай-ақ, суў өткизгишлиги секундына 100 куб метрге шекем пәсейгенлиги бақланған. 2019-жылдан «Анасай» магистрал каналында басқышпа-басқыш реконструкция жумыслары басланды ҳәм 4 миллиард 207 миллион сумлық жумыслар әмелге асырылды.

«Анасай» магистрал каналы арқалы Нөкис қаласы, Нөкис ҳәм Бозатаў районларындағы жәми 51 мың 498 гектар суў­ғарылатуғын жер майданларына суў жеткерип бериледи.

Соны да атап өтиў керек, «Анасай» магистрал каналын тазалаў жумыслары тамамланғаннан соң суўдан пайдаланыў коэффиценти 30 проценттен 85 процентке шекем өсиўи режелестирилген. Әлбетте, бул өз гезегинде быйылғы жылы дийқанларымыздың еккен зүрәәтинен мол қырман жаратыўына тийкар жаратады деген үмиттемиз.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: жумыс пайы­тынан көринис.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF