Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:46:24, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАЛАНТЛЫЛАР ТОПЛАНҒАН ДӘРГАЙДА

(Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының

Нөкис филиалы ҳаққында)

Бүгинги күнде елимизде көркем өнер ҳәм мәдениятқа болған итибар, тарийхы, бүгини ҳәм келешегине болған мүнәсибет, сондай-ақ, оның раўажланыўы ҳүкиметимиздиң дыққат орайында болып келмекте. Соңғы жыллары бир қатар қарар, пәрман ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың қабыл етилиўи, тараўда алып барылып атырған реформа ҳәм жаңаланыўлар көркем өнер тараўын жаңа басқышқа алып шықпақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-ноябрьдеги «Өзбек миллий мақом көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3381-санлы қарары, 2018-жыл 28-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ҳәм бунан басқа да бир қатар пәрман қарарлар ҳәм нызамның қабыл етилиўи тараў жумысларын раўажландырыўға хызмет етип келмекте. Және де билимлендириў тараўын раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Мәденият минис­трлиги системасында көркем өнер ҳәм мәденият бағдарындағы жоқары оқыў орынларының саны көбеймекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2020-жыл 2-октябрь күни #арақалпақстан Республикасына сапары даўамында ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң нәўбеттен тысқары сегизинши сессиясында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейттирилген тәризде өткерилген 73-санлы мәжилис баянламасының 94-бәнтинде Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалын шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалардан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 5-апрельдеги «Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 186-санлы қарарының қабыл етилиўи сөзимиздиң айқын дәлили бола алады. Усы қарарға муўапық, филиал ушын 300 орынлық оқыў имараты, 2 концерт залы (200 орынлық концерт залы, 100 орынлық орган залы), 200 орынлық студентлер турақ жайы ҳәм спорт майданын қурыў 2022-жыл ҳәм кейинги жылларға мөлшерленген. Имаратлар пайдаланыўға тапсы­рыл­ғанға шекем филиал жумысы Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби базасында шөлкемлестирилетуғынлығы белгилеп берилди. Солай етип, өткен жылы сентябрь айында филиал иске түсип, 2021-2022-оқыў жылына бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша қабыллаў процеси ҳәм дөретиўшилик имтиханлар Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясында өткерилди ҳәм 2 бағдар бойынша жәми 47 студент оқыўға қабыл етилди. Филиалда быйылғы оқыў жылында Профессионал тәлим (бағдарлар бойынша), Көркем­өнертаныў: Музыкатаныў, Дирижёрлық, (түрлери бойынша) вокал көркем-өнери (түрлери бойынша), Саз атқарыўшылығы (түрлери бойынша) қәнигеликлери бойынша билим берилмекте.

Филиалға биринши жылдың өзинде-ақ республикамыздың барлық ўәлаятларынан келип оқып атырған студентлер бар, тийкарынан булар Хорезм, Бухара, Наўайы, Наманган, Ферғана ўәлаятларынан ҳәм Қарақалпақстан Республикасының барлық қала, районларынан келип билим алмақта. Бул билим ошағына Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, «Шуҳрат» медалының ийеси, доцент Рудакий Алланбаев басшылық етпекте.  Филиалда ҳәзирги күнде, «Музыка көркем өнери» факультети, «Улыўма кәсиплик ҳәм социал-гуманитар пәнлер» ҳәм «Саз атқарыўшылығы» кафедраларында жәми 20 дан аслам, яғный, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириўи ағласы, доцент Искендер Жуманиязов, Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен артист Полатбай Қурбаназаров, Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен көркем-өнер ғайраткери, «Шуҳрат» медалының ийеси Абатбай Қаллиев, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент Махсет Қарлыбаев ҳәм басқа да белгили көркем өнер шеберлери, жетик қәнигелер устазлық етпекте. Филиал студентлери менен Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Муяссар Раззоқова, «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты, «Шуҳрат» медалының ийеси, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Жеңисбек Пиязов, Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты доценти, дирижёр Хикмат Ражапов, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Халықаралық илимлер академиясының академиги Жолдасбай Турдымуратовлар ушырасып, шеберлик сабақларын өтип, оларға өзбек ҳәм жәҳән классикалық музыка үлгилери бойынша мағлыўматлар берди. Сондай-ақ, филиал директоры Р.Алланбаевтың басламасы менен ўәлаятлардан келип оқып атырған студентлердиң ата-аналары менен ушырасыўлар шөлкемлестирилип, ҳәр бир ушырасыў даўамында студент-жаслардың бүгинги күнде ерисип атырған жетискенликлери, ал, ижарада жасаўшы студентлердиң болса жасаў шараяты, олардың оқыў орны ҳәм жәмийетлик орынларда тәр­тип-қағыйдаларға әмел етиўи, сол сыяқлы жаслар турмысы менен байланыслы басқа да мәселелер кең түрде талқыланып, студент-жаслар арасында ҳәр қыйлы унамсыз ҳәдийселердиң жүз бериўиниң алды алынбақта. Қарақалпақстан Республикасы жоқары оқыў орынлары оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар арасында «Студент жаслар ҳәм сайлаў» атамасында үгит-нәсиятлаў форумы шеңберинде өткерилген «Сайлаў билимданлары» закаўат интеллектуал ойынында Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының «Музыка» топары сыйлы III орынды ийеледи. Буннан басқа да филиалда билим алып атырған талантлы жаслардың концерт бағдарламалары берилип атыр. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен қаламыздың экологиялық жағдайын жақсылаў, ҳаўаның тазалығын сақлаў ҳәм жаслар арасында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў менен бирге қоршаған орталыққа бол­ған сүйиспеншилигин арттырыў мақсетинде Нөкис қаласы аймағында өткерилген «Жасыл мәкан» акциясына белсене қатнасып, Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси тәрепинен миннетдаршылық хаты менен сыйлықланды.

Буннан басқа да филиалда шөлкемлестирилген «Жаслар опера театры» студиясы, «Жас китапқумар» ҳәм «Кварта-квинта» дөгереклерине қызыққан бағдарлары бойынша студент жаслар тартылып, дөретиўшилик жумыслары менен шуғылланбақта. Және де айта кететуғын нәрсе студент жаслар арасында «Жас китапқумар» таңлаўы өткерилди ҳәм биринши орын ушын телевизор, екинши орын ушын 500 мың сум, үшинши орын ийелери 300 мың сум пул саўғалары ҳәм ҳүрмет жарлығын алыўға миясар болды. Тийкар­ғысы билим ошағының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм музыка әсбаплары менен тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясынан музыка әсбаплары ҳәм бес жүзге жақын оқыў әдебиятлар, он бес мыңға шамалас электрон китаплар алып келинип, китап фонды байыды.  

 Бүгинги күнде, студентлердиң дүньялық көзқарасларын раўажландырыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде филиалдың «Музыка көркем өнери» факультети, Жаслар менен ислесиў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық бөлими тәрепинен «Ҳәммеси өз қолыңда» темасы шеңберинде шығармалар таңлаўы, «Бирге китап оқыймыз» жойбары, «Кварта-квинта» атамасындағы викторина, «Поэ­зия гүлшаны» ҳәм басқа да бир қатар таңлаўлар жийи-жийи өткерилип келинбекте. 2021-жылы «Саз атқарыўшылығы» кафедрасы оқытыўшысы Несипбай Аллекеевтиң басшылығында «Халық сазлары» ансамблиниң, «Халық сазлары» оркестриниң, дирижёр Полат Тнибаевтың басшылығында Симфониялық оркестр­диң концерт бағдарламалары жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди.

Ең тийкарғысы, усы жыл 23-январь күни Өзбекстан Республикасы Мәденият министриниң биринши орынбасары Б.Ахмедов ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы ректоры К.Уринбаевлар филиал жәмәәти ҳәм студент-жаслар менен ушырасып, олар ушын жаратылған имканиятлар менен танысты ҳәм сапар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Тур­диев ҳәм филиал директоры Р.Алланбаевлар менен ушырасыў болып, бунда қарарға муўапық, филиал ушын 300 орынлық оқыў имараты, 2 концерт залы, 200 орынлы студентлер турақ жайы ҳәм спорт майданын қурыў бо­йынша реже тийкарында әмелге асырылыўы тийис болған ис-илажлар белгиленди ҳәм филиал 2022-2023-оқыў жылын жаңа имаратта алып барылыўы белгиленгени бизлерди қуўанышқа бөледи.

Жуўмақлап айтқанда, Президентимиздиң тиккелей басламасы тийкарында, ашылған филиалымыз елимизде миллий музыка көркем өнерин жедел раўажландырыў ҳәм бул бағдардағы исленип атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етери сөзсиз.

 

Парахат МАМУТОВ.

Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы

Нөкис филиалы директорының биринши орынбасары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF