Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:43:49, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲӘКИМШИЛИК СУДЛАР ЖУМЫСЫНДА ЖАҢА ДӘЎИР

2022-жыл 29-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәм­­­лекетлик шөлкемлер менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, халықтың судқа бол­ған исенимин еле де арт­тырыў илажлары ҳақ­қында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, мәмлекетлик уйымлардың қарарлары үстинен берилген шағымларды көрип шығыўда ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтиў мақсетинде төмендеги тәртиплер енгизиледи:

- ҳәкимшилик судқа дәлиллерди жыйнаў миннетлемеси жүкленеди, ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине болса дәлиллерди жыйнаўда тек ғана өзиниң имканиятынан пайдаланыў шараяты жаратылады;

- ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын даў менен бирге оған себепли байланыста болған зыянды өндириў талабын да ҳәкимшилик судқа билдириў ҳуқықын усыныў ҳәм де бундай талапларды көрип шығыўды ҳәкимшилик судлар ўәкиллигине өткериў;

- ҳәкимшилик судлардың шешиўши қарарлары мәмлекетлик уйымлар тәрепинен орынланбағанда, олардың лаўазымлы шахсларына суд жәриймаларын қолланыў;

- ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислер бойынша тәреплер арасында жарасыўға ерисиў (институт) механизмлерин енгизиў;

- судлар тәрепинен даўа арза, арза ҳәм де шағымды суд­қа тийисли болмағанлығы себепли қабыл етиўден бас тартыў ямаса ис бойынша ис жүргизиўди қысқартыўды қадаған етиў, бунда даўа арза, арза, шағым ямаса исти оларды көрип шығыўға ўәкилликли судқа өткериў;

- бир суд иси шеңберинде айырымлары ҳәкимшилик суд­қа, басқалары болса пуқаралық судқа тийисли болғанда оларды бирлестириў қадаған етиў.

А.НУРЛИПЕСОВ,

Қарақалпақстан  Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF