Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:41:01, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИНСАН ҚӘЎИПСИЗЛИГИНЕ БӘРШЕМИЗ ЖУЎАПКЕРМИЗ

Инсан қәўипсизлиги ҳәм халқымыздың тыныш-татыўлығын тәмийинлеў бәршемиздиң ўазыйпамыз саналады. Мәмлекетимизде бул бағдарда алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде бүгинги күнде жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларды ерте анықлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Жақында, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер минис­трлигинде «2021-жыл даўамында жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бағдарында әмелге асырылған жумыслар»ға бағышланған ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўындағы баспасөз конференциясы болып өтти.

Онда, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер минис­три А.Темирханов ҳәм тараў ўәкиллери ишки ислер уйымларындағы алып барылып атыр­ған жумыслар ҳәм олардың нәтийжелери сондай-ақ, соңғы киргизилип атырған жаңалықлар бойынша кең түрде айтып өтти. Қатнасыўшылар дәслеп ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң жумыс ислеў процеси ҳәм жаңаланыўлар менен танысты. Онда өткен жылдың июнь айында министрликтеги «102» автоматластырылған система ҳәм «Жағдайлар орайы» сынақ ретинде иске түскен еди. Нәтийжеде барлық қала ҳәм районлардағы «102» автоматластырылған системаға келип түскен хабарлар орайластырылған ҳалда қабыл етилип, оператив-тергеў топарының ўақыя орнына тез жетип барыўын тәмийинлеў ҳәм патрул-пост хызметин басқарыў имканияты жаратылды. Соның менен бирге, «Жағдайлар орайы»на Нөкис қаласындағы халық көп жыйналатуғын орынлар ҳәм криминоген жағдай аўыр аймақларға орнатылған 272 видеобақлаў камералары интеграцияланған еди. Қатнасыўшылар мине усы орай жумыслары менен жақыннан танысты, соң министр ҳәм тараў ўәкиллери менен сәўбетлесиўлер менен даўам етти. Атап өтилгениндей, коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында 66 шахс тәрепинен исленген коррупция ҳәм экономика тараўындағы 56 жынаят ашылып, олар ақыбетинде жеткерилген 1 миллиард 176 миллион 783 мың сумлық зыян өндирилди.

Шаңарақ турмыс мүнәсибетлериндеги жынаятлардың алыў мақсетинде тынышсыз шаңарақлардағы 496 жәнжел унамлы шешилди. Нәтийжеде 509 шаңарақ ажырасыўдан сақлап қалынды.

Хызмет көрсетиў бағдарында 52 мың 786 пуқараға ID паспорт, 212 мың 240 мың пуқараға сырт елге шығыў биометриялық паспорты, 72 мың 486 пуқараға айдаўшылық гүўалығы рәсмийлестирилип берилди ҳәм 23 мың 920 шет ел пуқарасы есапқа қойылды. Сондай-ақ, аймақларда халықтың тынышлығын сақлаўда өткен жыл даўамында республикамыздағы 424 мәкан пуқаралар жыйынынан 167 мәкан пуқаралар жыйыны «жасыл», жынаятлар саны ҳәм турақлылығы сақланған 113 мәкан пуқаралар жыйыны «сары» категорияға киргизилди.

Аймақлар кесиминде алып қарағанда, алды алыныўы мүмкин бол­ған жынаятлар Мойнақ районында 11, Тақыятас ра­йонында 8, Елликқала районында 5, Кегейли районында 3, Бозатаў ра­йонында 2 процентке азайыўына ерисилди.

Соның менен бирге, Президентимиздиң бир қатар қарар ҳәм тапсырмаларын орынлаў мақсетинде халқымыздың социаллық турмыстағы машқалаларын «пуқара кесиминде» ҳәм де мәҳәлле инфрадүзилмесиндеги машқалаларды секторлар кесиминде шешиў арқалы жынаятларды «мәҳәлле кесиминде» жылаўлаў, «социаллық профилактика» жумысларын жолға қойыў бойынша ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм секторлар жумысларын жеделлестириўге қаратылған бир қатар тапсырмалар берилди ҳәм дүзилген жумысшы топарлар тәрепинен машқалалар анықланып, унамлы шешилди.

Ең көп жол транспорт ҳәдийселериниң келип шығыўына себеп болып атырған тезликти асырыў жағдайларының алдын алыў мақсетинде республикамыздан өтип турған халықаралық әҳми­йетке ийе болған А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» жолы, мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған 4Р-173 «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» жолы және районлардағы ишки жолларға стационар фоторадарлар орнатыў, қала ҳәм районлардағы үлкен кесилиспелерге қағыйдабузарлықларды анықлаўшы видеогүзетиў камераларын орнатыў бүгинги күндеги ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып қалмақта. Мине, усы сыяқлы әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бир қатарда жол қойылған қәте-кемшиликлер ҳәм алдағы ўазыйпалар бойынша кең мағлыўматлар атап өтилди.

Қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF