Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:51:29, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИР МҮРӘЖАТ ИЗИНЕН

Усы жылдың 14-январь күни редакциямызға Тақыятас районы «Абат мәкан» МПЖ, Рамазан көшеси 8-жайда жасаўшы пуқара Мақсет Утемуратовтан төмендеги мазмунда мүрәжат келип түсти:

«...Мен 1967-жылдан 2000-жылға шекем бир неше мәкеме ҳәм кәрханаларда жумыс иследим. Мийнет стажым 33 жыл. Солай болса да, Қарақалпақстан Республикасы Бюджеттен тысқары пенсия қорының  Тақыятас районлық бөлими 2011-жылдың 22-август күнинен баслап пенсия нызамының 8-статьясына муўапық маған ис стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсия, яғный, жәми 21 жыл 10 ай ис стажы есабынан 98 мың 077 сум муғдарында пенсия таярлады. Мен пенсияға шыққан ўақытларымда бурын ислеген УМС «ККИрмонтажстрой», «Нукусский межрайонный торговый база», ОРС «ККИрсовхозстрой» мәкемелери жумысын тоқтатып, мениң ҳүжжетлерим мәмлекетлик архивке сақлаў ушын тапсырылмаған екен. Бирақ, мийнет дәптершемде мениң ислеген жумысларымның барлығы да толық көрсетилген. Ҳүжжетлерим архивке тапсырылмаған болса буған мен айыплы емеспен-ғо. Не ислеўим керек? Маған әмелий жәрдем бериўиңизди соранаман».

Биз усы жылдың 17-январь күни Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына мүрәжат етип, пуқара М.Утемуратовтың мүрәжатын тийислисинше үйренип шығып, редакцияға жуўап бериўин сорандық.

 

ЖУЎАПТА ЖУЎАП ЖОҚ

27-январь күни редакция­мызға Қарақалпақстан Республикасы Бюджеттен тысқары пенсия қорының басқарма баслығы А.Убайдуллаевтан жуўап хат келди. А.Убайдуллаев жуўап хаттың соңында: «Егер, сиз пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасының жуўап хатынан наразы болсаңыз, Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызамының 32-статьясына муўапық, белгиленген тәртипте жоқары турыўшы органға яки судқа мүрәжат етиўге ҳақылысыз» деген болса да, негизинде өзи усы нызам талапларынан жетерлише хабардар емеслиги бизди ҳайран қалдырды. Себеби, усы Нызамның 27-статьясында: «Мүрәжатларға жуўаплар имканы барынша мүрәжат етилген тилде баян етиледи, жуўаплар мүрәжатта көрсетилген ҳәр бир мәселе бо­йынша фактлерди бийкарлаўшы ҳәм тастыйықлаўшы анық тийкарларды (зәрүрликке қарап нызамшылық ҳүжжетлери нормаларынан силтемелер берилип) өз ишине ал­ған болыўы керек» делинген болса да, пуқара М.Утемуратовтың қарақалпақ тилинде баян етилген мүрәжатына өзбек тилинде жуўап қайтарып, нызам талапларын өзи буз­ған. Сонлықтан, биринши нәўбетте усы нызам талапларын жақсылап оқып шығып, үйренип алыўын усыныс еткен болар едик.

Сондай-ақ, жуўап хатта пуқара М.Утемуратовтың мүрәжатында атап өткен ең тийкарғы мәселе — оның ислеген дәўириндеги мийнет стажының жоғалып кетиўине, ҳүжжетлериниң архив­ке тапсырылмағанына ким айып­лы екенлиги ҳәм бул машқаланы шешиў ушын ол кимге хабарласыўы кереклиги бойынша мағлыўмат бериўден де шетлеп өтип кеткен. Бул бойынша жуўап хатта улыўма түсиник берилмеген.     

Соның менен бирге, жуўап хатта: «Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 18-август­тағы «Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын көбейтиў ҳаққында»ғы ПП-6279-санлы Пәрманына муўапық, сизиң пенсия муғдарыңыз 2021-жылдың 1-сентябринен жәми 21 жыл 10 ай ис стажыңыз есабынан 551 мың 233 сумға қайта есапланған. Пенсия қоры ҚР басқармасы тәрепинен пенсия исиңиз үйренилип шығыл­ғанда мийнет дәптершеңиз бо­йынша жазылған барлық дәўирлер улыўма ис стажына қосып есапланғанлығы анықланды» деп көрсеткен. Буны қалай түсинемиз? Егер, мийнет дәптершесинде жазылғанларды толық есаплаған болса, 1967-жылдан 2021-жылға дейин 54 жыл болады. Сонда олар қәйтип есап­лаған? Олардың 21 жыл 10 ай дегени қайдан келип шықты ямаса есап-санақтан қәтелескен бе? Буны түсиндириўдиң тағы бир жолы бар: Пенсия қоры тек 2000-жылдан 2021-жылға шекемги аралықты есаплаған болыўы мүмкин. Сонда да бир саўал қалады: мийнет дәптершесиндеги жазылғанлардың бәри есапқа алынады, деген қағыйда қайда қалды?

Сонлықтан, пенсия қорының Қарақалпақстан Республикасы басқармасынан пуқара М.Утемуратовтың мүрәжатына еле де тереңирек итибар қаратып, мүрәжатқа толық түрде жуўап бериўин соранамыз.

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,               

өз хабаршымыз.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF