МЫҢСАН КЕСЕЛЛИК БАР, АЛ, ДЕНСАЎЛЫҚ БИРЕЎ...
Адам организминде жуқпалы ҳәм жуқпалы емес кеселликлер пайда болыўы мүмкин. Онкологиялық кеселликлер жуқпалы емес кеселликлер қатарына киреди. Инсан организминдеги барлық органлар ҳәм тоқымаларда онкологиялық кеселликлер ушырасады. Соңғы статистикалық мағлыўматларға сүйенер болсақ, дүнья жүзинде ҳәр жылы 10 миллионнан аслам, Өзбекстанда 20-25 мың адамда онкологиялық кеселликлер жаңадан есапқа алыныўы айтылған.
Онкологиялық кеселликлердиң түрлери жүдә көп. Олар адам организминдеги қайсы органда ҳәм қайсы тоқымада пайда болыўына, организм иммунитети, нәсиллик, инсанның жасаў, жумыс ислеў, дурыс турмыс тәризин сақлаўы, профилактикалық тексериўден өтип турыўы, кеселликтиң алдын алыў ҳәм емлениўине қарап, түрли аўырыўшылықта және көринислерде болады. Адамларда рак ҳәм рак алды кеселликлериниң соңғы пайытлары көбейиўине аўқатланыў режиминиң сақланбаўы, зыянлы әдетлер (темеки шегиў, насыбай атыў), экология, хроникалық кеселликлердиң көбейиўи, дурыс турмыс тәризиниң сақланбаўы тийкарғы себеп болмақта.
Буннан ярым әсир бурын биреў «пәленше аңғалақ больница»ға түсипти десе, адамлар басларын шайқап, «қудай сақласын, әжели жақын ғой», десетуғын еди. Ҳақыйқатында да, өтмиште рак, саратан, қылтамақ ҳәм canser атамалары кимди болса да есинен тандырып, жүректи суўлатар еди. Дурыс, буннан 50 жыл бурын рак-онкологиялық кеселликлерди емлеўши арнаўлы емлеўханалар, диспансерлер жоқ еди, онколог қәнигелер аз болды, нәтийжеде наўқасланған адамлар өз үйинде төсек тартып жатты, айырымлары улыўма емлеўханалардың хирургия, терапия ямаса басқа да бөлимлеринде жатып, тек симптоматикалық ем алды, оларға арнаўлы онкологиялық дәри-дәрмақлық препаратлар берилмеди, сонлықтан, ўақыт өтип, бәрибир өмирден көз жумды.
Ҳәзирги ўақытта жағдай пүткиллей басқаша, республикалық онкология диспансери, қала ҳәм районларда онкология кабинетлери бар, олар маман қәнигелер менен тәмийинленген. Тараўда онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў, емлеў, алдын алыў жумыслары заман талабына сай алып барылмақта. Онкологиялық кеселликлер жүдә ерте, дәслепки, басланғыш стадияларында анықланып, спецификалық терапия (емлеўши нурлар, химиятерапия, оператив шаралар) қолланылса, режим дурыс сақланса наўкасланған адамлардың өмири 10-15 жылға созылатуғыны илимде дәлилленген.
Қарақалпақстанда онкология тараўының пайда болыўы ҳәм раўажланыў тарийхына бир нәзер таслайық. 1948-жылға шекем үлкемизде онкологиялық кеселликлерди емлеўши қәниге онколог шыпакерлер болмаған. Сол жылы Нөкисте Қарақалпақстан шыпакерлериниң I республикалық илимий-методикалық конференциясы өткерилди. Конференцияда ТашИУВ хирургия кафедрасының баслығы, профессор Г.А.Ротенберг, Өзбекстан онкология диспансери директоры Д.Д.Довнер, доцентлер Сайдов, Финкель ҳәм басқа да көрнекли алымлар қатнасты. Өзбекстан онкология диспансери директоры Д.Д.Довнер усы конференцияда баянат жасап, Қарақалпақстанда онкологиялық кеселликлер көбейип атырғанын тийкар етип, Нөкисте онкология кабинетин ашыўды усынады, қәнигениң бул усынысы менен онкология кабинети Нөкис қалалық емлеўханасы жанында шөлкемлестирилди, сол жылдан баслап республикамызда рак ҳәм рак алды кеселликлериниң алдын алыў ҳәм емлеў жумыслары басланды.
1952-жылы Нөкисте 10 орынға ийе қалалық онкология диспансери Нөкис қалалық емлеўханасы жанында ашылып, Ф.А.Қадыров бас шыпакер етип тайынланды. Ўақыт өтип, 1957-жылы онкология диспансери қуўатлылығы 25 орынға жетти. Ал, 1962-жылы усы диспансер базасында республикалық онкология диспансери шөлкемлестирилди, койкалары 50 орынға жеткерилип, диспансерде радиология бөлими ашылды.
1972-жылы Өзбекстан ССР Министрлер Кеңесиниң 369-санлы «Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң онкология ҳәм радиология илим-изертлеў институтының (УзНИИ ОиР) Қарақалпақстан филиалын ашыў ҳаққында» қарары шығады, усы институттың Нөкис қаласында филиалы ашылды. Филиалға медицина илимлериниң кандидаты, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген шыпакер Наўрыз Ешниязов директор лаўазымына тайынланды.
УзНИИ ОиР Қарақалпақстан филиалы республикамызда қызыл өңеш рагы («қылтамақ») кеселлигиниң тарқалыў дәрежесин, өзгешеликлерин, ерте диагноз қойыў, емлеў ҳәм алдын алыўдың илимий тийкарланған усылларын енгизиў, онколог қәнигелер таярлаў, Қарақалпақстанда қызыл өңеш рагына алып келиўши, пайда етиўши себеплер және жағдайларды терең изертлеў сыяқлы актуал мәселелер бойынша илим-изертлеў жумысларын алып барады.
Қарақалпақстанда 1972-1973-жыллары халықты қызыл өңеш рагы кеселлигине жалпыламай тексериў өткериледи, 1973-жылы Пүткилаўқамлық қәўипли өсимте эпидемиологиясы Орайы (Москва) тәрепинен май айында әнжуман болады, онда Қарақалпақстанда қызыл өңеш рагы кеселлиги бойынша мәселелер талқыланады ҳәм қарар қабыл етиледи. УзНИИ ОиРдиң Қарақалпақстан филиалы жәмәәтиниң илимий мийнетлери 1976-жылы «Вопросы эпидемиологии злокачественных новообразовании в Республике Каракалпакстан» атамасында топлам болып баспадан шығарылды.
Республикалық онкология диспансериниң ҳәзирги имараты 1966-жылы пайдаланыўға бериледи. Диспансер тараў бойынша шөлкемлестириў-методикалық жумыслар Орайына айланды. Ҳәзирги ўақытта диспансерде онкологиялық кеселликлерди емлеў ҳәм алдын алыў бойынша барлық мүмкиншиликлер бар. Қарақалпақстанда онкология илими ҳәм хызметиниң пайда болыўы, қәлиплесиўи ҳәм раўажландырылыўында О.Халмуратов, Н.Қаландаров, Н.Ешниязов, М.Қабулов, Қ.Палманов, М.Қурбанов ҳәм басқа да қәнигелердиң қосқан үлеслери көп екенин ҳәмме биледи.
Республикалық онкология диспансеринде 2014-жылы ири қайта оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Диспансердиң бас корпусы салынып, пайдаланыўға тапсырылды. Диспансер ең соңғы маркадағы, инновациялық, ҳәзирги заман талабына сай жаңа диагностикалық ҳәм емлеў аппаратуралары менен тәмийинленди. Диспансерге Өзбекстан ўәлаятлары арасында дәслепкилер қатарында жаңа нур менен емлеў үскенеси орнатылды. Бүгинги күни республикалық онкология диспансеринде республикамыздың барлық қалалары ҳәм районларынан, ҳәтте, қоңсылас Хорезм, Наўайы, Бухара ҳәм басқа ўәлаятлардың турғынлары да спецификалық ем алып, шыпа таўып атыр.
2014-жылы ноябрь айында усы диспансерде онколог-шыпакерлердиң халықаралық илимий-әмелий әнжуманы өткерилди, онда Россия, Ҳиндстан, Қазақстан ҳәм басқа да мәмлекетлердиң онколог алым ҳәм шыпакерлери, Өзбекстан ўәлаятларынан 235 онколог-шыпакер қатнасты. Әнжуман ўақтында қәнигелер өз-ара баҳалы пикирлер алмасты, келешекте рак ҳәм рак алды кеселликлерин емлеў ҳәм алдын алыў жумысларын биргеликте алып барыў, бирге ислесиў келисип алынды.
Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң (ВОЗ) календарында 4-февраль — «Дүнья жүзилик рак кеселлигине қарсы гүресиў күни» деп белгиленген. Рак кеселлигине қарсы халықаралық шөлкемниң (UICC) басламасы менен ҳәр жылы усы сәне кең түрде белгиленип киятыр. 4-февраль күнин белгилеў — жер жүзи ҳалықларының, улыўма инсаният, жәмийетшиликтиң усы глобаль мәселеге дыққатын қаратыўды мақсет етеди.
Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, дүнья жүзи мәмлекетлеринде ҳәр жылы 8 миллиондай адамлар онкологиялық кеселликлерден көз жумады екен, улыўма өлимшиликтиң 15 проценти усы кеселликлерге туўра келеди. Адамлар арасында онкологиялық кеселликлер менен кеселлениўшилик көрсеткиши ҳәр жылы орташа 3 процентке көтерилип киятырғаны мәмлекетлерди, улыўма инсаниятты тәшўишке салмақта. Алым ҳәм онколог-шыпакерлердиң изертлеўлери және бақлаўлары бул көрсеткиште пәсейиў тенденциясы жүз бермеўин көрсетпекте.
Дүнья жүзи мәмлекетлеринде 4-февраль — Дүнья жүзилик рак кеселлигине қарсы гүресиў күнин белгилеп өткериў шөлкемлестириўшилери (ВОЗ, UICC ҳәм т.б) бириншиден, дүнья жүзи мәмлекетлеринде рак-онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў жумысларын жетилистириўди және жақсылаўды мақсет етеди. ВОЗ экспертлери адамларда ушырасыўшы онкологиялық кеселликлердиң 40 процентиниң дурыс аўқатланыў, режим сақлаў, дурыс турмыс қәлпине бойсыныў, физикалық белсендилик ҳәм зыянлы әдетлерден сақланыў арқалы алдын алыў мүмкин, деп есаплайды.
Екиншиден, рак ҳәм рак алды кеселликлерине мүмкин болғанынша ерте, дәслепки стадияларында диагноз қойыў нәзерге алынған. Бул ушын онкологиялық кеселликлер ҳәм олардың алдын алыў бойынша баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларында мағлыўматлар турақлы рәўиште сәўлелендирип барылыўы зәрүр. Адамларда онкологиялық кеселликлер ҳаққындағы билим ҳәм түсиниклер артта қалмақта. Нәтийжеде, онкологиялық кеселликлерге дуўшар болған адамлардың тең ярымы онколог шыпакерлерге кеселлигин өтлестирип, кешиккен дәўирлеринде келип атыр. Бул емлеў ҳәм өмир сүриў прогнозларына кери тәсир етпекте.
Онкологиялық кеселликлер бир күнде, ҳәтте, бир айда пайда болатуғын кеселлик емес. Оның раўажланыўы ушын жыллар керек. Мысалы, өкпе, асқазан-ишек ҳәм көкирек безинде 1-1,5 см диаметрдеги онкологиялық түйин пайда болыўына орташа 5-10 жыл керек екен. Сонлықтан, онкологиялық кеселликлерди жүдә ерте, басланғыш стадияларында анықлаў, табыў ҳәм емлеў үлкен әҳмийетли ўазыйпа. Онкологиялық кеселликлер адамларда қанша ерте анықланса, оларды емлеў, саўалтып жибериў имканияты сонша көп болады.
Гүлзада САТУЛЛАЕВА,
Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы директорының емлеў ислери бойынша орынбасары, I категориялы онколог-шыпакер.
Алламберген
НУРНИЯЗОВ,
Өзбекстан Врачлар Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң орынлаўшы директоры, шыпакер-журналист.