Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:08:56, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАР МЕНЕН ИСЛЕСИЎ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ — МӘМЛЕКЕТ СИЯСАТЫНЫҢ ЕҢ БАСЛЫ БАҒДАРЫ

Егер жәмийеттиң денеси экономика болса, оның жаны ҳәм руўхы мәнаўият болып табылады.

Ш.М.Мирзиёев.

Мәмлекетимизде жаслар менен терең ислесиў, руўхый-ағартыўшылық жумысларды системалы шөлкемлестириў, бул бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин арттырыў арқалы, жергиликли халық, әсиресе, жаслардың интеллектуаллық потенциалын, ойы ҳәм дүньяға көзқарасын көтериўге, идеологиялық иммунитетин беккемлеўге, ўатансүйиўшилик, Ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал әўладты тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Дүнья жүзинде идеялық-идеологиялық гүреслер кескин даўам етип атырған, руўхый топылыслар күшейип баратыр­ған ҳәзирги дәўирде жаслар арасында миллий қәдирият­ларға итибарсызлық, зыянлы жат идеяларға берилиў ҳәм ериў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузыўшылыққа, соның менен бирге, түрли диний ағымлар тәсирине қосылып кетиў жағдайлары еле ушыраспақта.

Усы жылдың 19-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң тараўды Жаңа Өзбекстан талаплары тийкарында және де жетилистириўге қаратылған «Мәҳәл­лелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы  қарары қабыл етилди.

Усы қарар тийкарында Жаслар менен ислесиўдиң жаңаша басқарыў механизмлерин енгизиў, олар менен ислесиўдиң вертикал системасын жаратыў, жаслар машқалаларын тиккелей мәҳәллелерде шешиў, билимлендириў орынларында руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ушын ҳәр бир қала, аўылда, сондай-ақ, қалалар, аўыллардағы ҳәр бир мәҳәлледе жаслар жетекшиси лаўазымы енгизилетуғын болды.

Ҳәр бир мәҳәлледе ҳәм барлық билимлендириў орынларында «Жаслар балансы»н қәлиплестириў, жаслар ҳақ­қындағы зәрүр мағлыўматларды «Жаслар дәптери» ҳәм «Жаслар порталы» электрон платформаларына киргизип, олар менен нәтийжели жумыс шөлкемлестириў, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, миллий халық ойынлары ҳәм спорт түрлерин жаслар арасында ғалабаластырыў, Бес әҳмийетли баслама жойбарлары, жаслар фестивальлары ҳәм басқа мәдений-ағартыўшылық илажларды әмелге асырыў, жаслардың социаллық белсендилигин көтериў, зийреклилигин, уқыбын ҳәм басламаларын хошаметлеў және турмыста өз орнын табыўына көмеклесиў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың интеллектуаллық тәрептен жетилисиўин ҳәм руўхый раўажланыўын тәми­йинлеў, соның менен бирге, ҳуқықбузыўшылыққа бейимлиги болған жаслар менен сис­темалы ислесиў, жазаны өтеў орынларынан азат етилген, қәнигелестирилген оқыў-тәрбия орынларынан қайтып келген жаслардың социал-педагогикалық реабилитация етилиўи ҳәм турмысқа бейимлесиўине көмеклесиў мәселелери тиккелей жаслар жетекшисиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди.

Усы қарар тийкарында Жетекшилер өзине бириктирилген мәҳәллелерде өз жумысын төмендеги тийкарғы жөнелислерде әмелге асырыўы белгиленди:

мәденият ҳәм көркем өнерди үгит-нәсиятлаў бойынша — «Көркем өнер ғумшалары» таңлаўы, мақам (мақом), бақсышылық ҳәм эстрада жөнелиси бойынша «Жаслар ҳаўазы», «Жас сүўретшилер» таңлаўлары ҳәм «Камалак жулдызлары» балалар дөретиўшилик фестивалын өткереди, сондай-ақ, жаслар ҳәм балалар театр жәмәәтлерин шөлкемлестиреди;

саламат турмыс тәризи ҳәм спортты ғалабаластырыў бойынша — мини футбол, волейбол, баскетбол, стол тенниси, велоспорт, жуўырыў, шахмат, шашка, бадмингтон, оқ жайдан атыў бойынша жарысларды шөлкемлестириўи, саламатлық ушын 5 000 қәдем пияда жүриў марафоны ҳәм «Жас эколог» акциясын өткереди;

мәлимлеме технологияларынан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў бойынша — «Бир миллион программист», «Программалас­тырыўға биринши қәдем» жойбарларын әмелге асырыўы, киберспорт чемпионаты ҳәм «Мәлимлеме технологиялары билимданы» таңлаўын өткереди;

Руўхыйлық ҳәм китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў бойынша — «Закаўат» жарысы, «Қуўнақлар ҳәм зийреклер», «Зийрек китапқумар», «Жас китапқумар», «Жас китапқумар шаңарақ», «Шет тиллери билимданы» ҳәм «Жас полиглот» таңлаўлары ҳәм «Дискуссия» интеллектуал ҳәм миллий халық ойынларын шөлкемлестиреди;

Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм ҳуқықый саўатлылықты арттырыў бойынша — «Жас шегарашы», «Жас қутқарыўшы», «Кеўилли стартлар», «Темурбеклер», «Тумарис маликалары», «Суңқарлар», «Жас юрист», «Жас сайлаўшы», «Жас депутат» таңлаўлары ҳәм «Мен де әскер боламан» акциялары ҳәм әскерий бөлимлерге саяхатларды шөлкемлестиреди;

Исбилерменлик идеяларын қоллап-қуўатлаў бо­йынша «Өзбекстан ушын 100 идея» ҳәм «Мәҳәллениң исбилермени» таңлаўлары, «Бизнеске биринши қәдем» грант жойбары ҳәм табысқа ерискен исбилерменлер менен ушырасыўлар өткереди;

ҳәр шеректе мәҳәлледе жаслар сиясатын нәтийжели әмелге асырыўда жоқары нәтийжелиликке ерисип атырған мәмлекет бойынша ең алдынғы 100 жетекши бир айлық мийнет ҳақысына тең муғдарда бир мәртелик пул сыйлығы менен хошаметленеди;

жумысын нәтийжели шөл­кемлестирип, өзиниң жеке адамгершилик пазыйлетлери менен жасларға үлги болып ҳәм оларға жетекшилик етип атырған Жетекшилер «Жаңа Өзбекстан реформашысы» көкирек нышаны менен сыйлықланыўы белгиленди;

Республикамыздың жоқары билимлендириў орынлары ҳәм олардың филиалларындағы жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бо­йынша проректорға (директор орынбасарына) биринши проректор (директордың биринши орынбасары) статусы берилди;

Мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектеплеринде директордың руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары жаслар мәселелеринде кеңселер аралық бирге ислесиў ҳәм Жетекшилер жумысына көмеклесиў ушын жуўапкер деп есапланатуғын болды.

Жетекшилердиң және Жаслар ислери агентлигиниң мәҳәлле ҳәм билимлендириў орынларында жаслар менен ислесиў бөлимлери хызметкерлериниң штат бирликлери улыўма орта билимлендириў мектеплериндеги 10 008 жаслар жетекшилери штат бирликлерин қысқартыў есабынан қәлиплестирилип, жумыс искерлигиниң нәтийжелерине қарай Жетекшилерди Миллий кадрлар резервине киргизиў, бунда усы Жетекшилер таңлаўсыз туўрыдан-туўры жоқары лаўазымларға өткерилиў мүмкиншилиги белгиленди.

Жаслар ислери агентлигине жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлеринен келип шығып, Жетекшилерди ҳәр шерек жуўмағы бойынша айлық ис ҳақысының 50 процентине шекем муғдарда сыйлықлаў ҳуқықы берилген еди;

Басқа аймақлардан келип өз жумысын алып барып атыр­ған Жетекши ушын базалық есаплаў муғдарының еки есесине шекем болған муғдарда турақ жай ижара төлеми төлеп берилиўи, соның менен бирге, жыл жуўмағы бо­йынша өзине бириктирилген аймақта жоқары нәтийжелерге ерискен Жетекшилерге ипотека кредити тийкарында сатып алынып атырған турақ жай баҳасының 50 проценти муғдарында, бирақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-декабрьдеги ПП-33-санлы пәрманына муўапық белгиленетуғын турақ жай есапланған баҳасының 50 процентинен жоқары болмаған муғдарда субсидия берилиўи жазып қойылды.

Қабыл етилген усы қарар тийкарында Жетекшилер ушын қолай жағдайға ийе бол­ған хызмет ханаларын ажыратыў ҳәм оларды материаллық-техникалық үскенелер (мебель, компьютер комплекси, байланыс, интернет ҳәм басқалар) менен тәмийинлеў, жергиликли бюджет қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дереклер есабынан Жетекшилерди «Жаслар дәптери» ҳәм «Жаслар порталы» электрон платформаларына жалғанған, аралықтан турып есабатлар усыныў ҳәм видеоконференция байланыс формасында жыйналысларда қатнасыў имканиятын беретуғын планшетлер менен тәмийинлеў менен бирге, Жетекшилерди ўазыйпа ҳәм жумыс бағдарлары менен байланыслы болмаған жыйналыс ҳәм басқа илажларға тартыў, олардың жумысына тийкарсыз араласыў, ти­йисли болмаған ўазыйпаларды жүклеў жумыслары қадағаланыўы белгилеп берилди.

Жоқарыда көрип өткенимиздей, инсан қәдир-қымбатын және де көтериўге қаратылған усы қарар тиккелей халық пенен, әсиресе, жаслар менен жаңаша тенденциялар тийкарында ислеў арқалы сис­темада унамлы нәтийжелиликке ерисиў, ең әҳмийетлиси, «инсан — жоқары қәдирият» принципи тийкарында әмелге асырылып атырғанлығы менен дыққатқа ылайықлы болып табылады.

Себеби, бүгинги күнде дүнья жүзинде болып атыр­ған руўхый топылыслар ҳәм қарама-қарсылықлар дүнья мәмлекетлерине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетип атыр. Сол себепли де, руўхый топылысларды ўақтында билип, наданлыққа қарсы билим менен, идеяға қарсы идея менен, ҳәр қандай машқаланы ўақтында анықлап, оны сапластырыў — жаслар сиясатының үстин туратуғын тийкарғы мәселелеринен болып есапланады.

Мәмлекетимиз жоқары билимлендириў орынларында әмелге асырылып атырған руўхый-ағартыўшылық жумыслардың түпкиликли мәниси ҳәм соңғы мақсети — бүгинги қыйын ҳәм қәўипли заманда халқымыз руўхыйлығын жат идеялардан қорғаў, әзелий миллий қәдириятларымызды сақлап қалып, раўажландырыў, жасларымызды Ўатанымызға, миллий идеямызға садықлық руўхында тәрбиялаў болып табылады.

Бүгин жаслардың тәлим-тәрбиясы саласын модернизациялаў «Өзбекстан Республикасының 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясы» ҳәм мәмлекетимизде «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген процесслер менен үйлесимли болыўы талап етилип атыр. Мине сондай жаңа тарийхый жағдайда «Жаңа Өзбекстанды ҳәр тәреплеме инновациялық раўажландырыў ушын, Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўымыз ушын жасларымызда қайсы пазыйлетлерди күшейтип, қайсы иллетлерге шек қойыўымыз керек!» деген сораў­ларға илимий жуўаплар керек. Бул сораўға болса, профессор-оқытыўшылар, илимпаз ҳәм алымлар жуўап бериўи ҳәм халқымызды, жасларымызды дәўиримиздиң талабына сай жаңаланыў жумысларына шақырыўы керек. Халқымыз ушын парахат және абадан турмыс шараятын беккемлеўге белсене қатнасыўына тийкар жаратып, сапалы билим ҳәм көнликпелерди үйретиўимиз керек.

Жуўмақ орнында атап өтиў керек, жаслар тәрбиясы бағдарларында мәҳәлле жуўапкерлери, мектеп тәлиминде жаслар менен тиккелей жақыннан ислесетуғын класс басшылары, жоқары билимлендириў системасында тьюторлар, Ата-аналар кеңеси, Устаз-шәкирт системасы, ҳаял-қызлар комитетиниң орынлардағы жуўапкерлери ҳәм Жаслар аўқамы шөлкеминиң орны, олардың пидайылығы оғада әҳмийетли болары анық. Себеби, бүгин мәмлекетимиз Жаңа Өзбекстан — «Миллий тиклениўден — миллий раўажланыўға қарай» принципи тийкарында раўажланыўдың жаңа — Үшинши Ренессанс дәўириниң тийкарын жаратыўға қәдем қоймақта.

Демек, жасларымызды Өзбекстанның раўажланыўының жаңа басқышы талаплары тийкарында тәрбиялаў, оларды ғәрезсиз кәсиплик руўхый турмысқа таярлаў — тәлим-тәрбия орынларының барлық буўынларында жумыс алып барыўшы оқытыўшы, устаз ҳәм тәрбияшылардың искерлигине байланыслы.

Қувондиқ ҚОДИРОВ,

Әжинияз атындағы НМПИның Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF