ИЛИМИЙ-ИЗЕРТЛЕЎЛЕР ҲӘМ НӘТИЙЖЕЛЕР
Мәмлекетимизде билимлендириў тараўын түп-тийкарынан реформалаў нәтийжесинде тараўдың раўажланыўына, оның материаллық-техникалық базасының беккемлениўине ҳәм тараў жумысларының нәтийжелилигин арттырыўына хызмет етпекте.
Атап айтқанда, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң де бүгинги күнде халық хожалығының түрли тараўларына қәнигелер таярлаўдағы орны гиреўли.
Жақында усы университетте «Илимий-изертлеў жумыслары ҳәм илимий-педагогикалық қәнигелер таярлаў мәселелери»не бағышланған ашық сәўбетлесиў кешеси болып өтти. Онда университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымәмбетов, оқыў ислери бойынша проректоры О.Дүйсенбаев, халықаралық байланыслар бөлими баслығы Ш.Шаниязовлар шығып сөйлеп, өткен жыл даўамында илимий-изертлеў жумыслары, илимий педагогикалық кадрларды таярлаў бағдарындағы жетискенликлер ҳәм алдағы режелер ҳаққында кең түрде айтып өтти. Атап өтилгениндей, өткен 2020-жылы университеттиң илимий потенциалы 31 процентти қураған болса, бүгинги күнге келип илимий потенциалы 32,5 процентке жетти. Соның менен бирге 2021-жылдың өзинде профессор-оқытыўшылардың илимий жумысларының көлеми кеңейди. Атап айтқанда, 63 монография ҳәм басқа илимий басылымлар, сырт ел илимий журналларында 400ден аслам, республикалық илимий журналларда 600ден аслам илимий мақалалар, халықаралық ҳәм республикалық илимий конференция материаллары топламларында 1500ден аслам тезислер баспадан шықты. Сондай-ақ, өткен жыл жуўмағы бойынша университет илимпазлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуал мүлк агентлиги тәрепинен 3 патент ҳәм 28 авторлық гүўалықларын алды. Оқыў дәргайын өткен жылы жети мыңға шамалас жаслар питкерсе, ҳәзирги ўақытта 25 мыңға шамалас жаслар билим алмақта. Оларға жәми 930дан аслам профессор оқытыўшылар тәлим тәрбия бермекте. Солардың ишинде 34 илим докторлары, 261 илим кандидатлары ҳәм философия докторлары (PhD) бар.
— Университетимизде 2020-жылдың январь айында Қубла Кореяның «23 Energy» ҳәм «Hanbek Construktion Co Ltd» компаниялары менен биргеликте студентлерге оқыў әмелиятын өтиў ҳәм изертлеўде пайдаланыў мақсетинде инвестиция муғдары 30 мың АҚШ долларына тең болған қуўаты 350 Ватт қуяш электр панеллери орнатылған болса, 2021-жылда және бир ири жойбар тийкарында университет жанында баҳасы 2,5 млрд. сумнан артық болған «Биоэкологиялық изертлеўлер» илимий-изертлеў лабораториясы дүзилди ҳәм бул лаборатория 2021-жылдың сентябрь айынан толық пайдаланыўға тапсырылып, бүгинги күнде бул жерде изертлеў жумысларын алып бармақта, -дейди университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымәмбетов. Атап өтиў орынлы, 2022-жылда университетте химия, химия технология, қурылыс ҳәм санаат технологиялары бағдарларында илимий изертлеўлер өткерилиўи мөлшерленген болып баҳасы 10 млрд. сумнан артық болған «Химиялық технология» илимий изертлеў лабораториясы кластерин шөлкемлестириў, сондай-ақ, университет жанында жәми 121,5 мың АҚШ долларына тең болған жоқары оқыў орынлары аралық «Экофизика» оқыў-илимий орайын шөлкемлестириў де режелестирилген.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден тийисли жуўапларын алды.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.