Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:56:16, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚАРАЛЫҚ БИРГЕ ИСЛЕСИЎ НӘТИЙЖЕСИ

Жақында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында халықаралық бирге ислесиў мәселелерине арналған баспасөз конференциясы болып өтти.

Конференция қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президенти администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған «Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы»нда белгиленген жети бағдар бойынша институттың халықаралық жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайлары, сырт еллердиң мәмлекетимиздеги елшиханалары менен бирге ислесиў нәтийжелери, алдағы ўазыйпалар бойынша кең түрде мағлыўмат берилди.

Бүгинги күнде педагогикалық институтта халықаралық бирге ислесиў жумыслары шеңберинде дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайлары менен 46 шәртнама ҳәм меморандумлар дүзилди. 2021-жылы июнь айында институт ректоры Б.Өтемуратов Россия Федерациясы Кубань мәм­лекетлик университети ректоры М.Астапов пенен ушырасып, оқыў орынлары арасында бирге ислесиўди жолға қойды. Институтта рус тили бойынша сертификат беретуғын орай ашыў, оған Кубань мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшыларын қатнастырыў, сондай-ақ, дефектология тәлим бағдары бойынша «2+2» системасы тийкарында қоспа бакалавриат тәлим бағдарламасын шөлкемлестириў, математикаға қәнигелестирилген инс­титут жанындағы мектепте сол оқыў орны оқытыўшылары менен биргеликте оқыўшылардың билимин арт­тырыў, олимпиадаларға таярлаў, сабақлық, оқыў қолланбалар таярлаў мәселелери келисилди. Институттың 10 студенти илимий басшылары менен бирге Кубань мәмлекетлик университетинде әмелий курс­лардан өтти, еки магистрант 6 ай даўамында алмасыў бағдарламасы тийкарында билим ҳәм көнликпелерин арттырды.

Соның менен бирге, Сочи мәмлекетлик университети, Пакистан Ислам Республикасының Лаҳар қаласында жайласқан Пенжаб университети оқыў орынлары менен де тығыз байланыста билимлендириўдиң сапасын арттырыў бо­йынша жумыслар алып барылмақта. Әзербайжан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў орайлары менен бирге ислесиў бойынша мәселелер қолға алынды. Сондай-ақ, институтта «Корея мүйеши» де өз жумысын баслады.

Өткен жылы еки тәреплеме бирге ислесиў жолға қойылған жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий орайлардан 31 профессор оқытыўшылар сту­дент­лерге сабақ берди. Соның менен бирге, сырт елли студентлердиң де инс­титутта оқыўы ушын жетерли шараятлар жаратылған. Ҳәзир институтта 25 сырт елли пуқара билим алып атыр. Ҳәзирги ўақытта АҚШ мәм­лекетлик департаментиниң 2020-2022-жыл­ларға белгиленген студентлерге инглис тилин «STEM» бағдары тийкарында оқытыў бағдарламасы бойынша 55 мың АҚШ доллары муғдарындағы грант жумыслары жол­ға қо­йыл­ған, инс­титут Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациясы орайы ҳәм UNICEF шөлкеми менен биргеликте социаллық инновацияларды қоллап-қуўатлаў бо­йынша  «UP-Shift», Россия Федерациясының «Русский мир» фонды жойбарларының жеңимпазы есапланады.

Баспасөз конференциясына инс­титут басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, блогерлер қатнасты, олардың усы бағдардағы сораўларына институт жуўапкерлери — проректорлар Рашид Ибадуллаев, Мырзамурат Жумамуратов, Қувондиқ Қодиров, Моятдин Жалеловлар жуўаплар берди.

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF