ХУДОЖНИКТИҢ КЕЎИЛ ЫРҒАҚЛАРЫ
Художник ҳәр қандай қубылысқа өзгеше жан бағышлап оны түрли муқамға салады. Бирақ, әпаўайы ғана қыл арқалы кеўилге ой салыў, қунлы шығарма дөретиўде өткир талғам, тәбийғый талант зәрүр.
Бүгинги күнде республикамызда сүўретлеў көркем өнери жоқары дәрежеде раўажланып келмекте. Атап айтқанда, Өзбекстан Көркем өнер Акадамиясы академиги, Өзбекстан халық художниги Ж.Изентаев, усы академияның академиклери Ж.Қуттымуратов, О.Ластивко, И.Жақсыбаев, М.Худайбергенов, М.Ищанов, Ж.Төлегенов, Б.Серекеевлардың дөретиўшилиги халқымызға белгили. Мине, усындай устаз художниклердиң шәкиртлери бүгинги күнде олардың жолын даўам етип, жаңа заманагөй ағымларда картиналар дөретпекте. Жақында Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде Өзбекстан Көркем өнер Академиясы академиги, Қарақалпақстан халық художниги Сәрсенбай Байбосыновтың дөретиўшилигине бағышланған «Кеўил ырғақлары» атамасындағы көргизбеси болып өтти. Онда сөзге шыққан усы музей директоры А.Ибрагимова ашты ҳәм буннан соң устаз художниклер сөзге шығып, художниктиң дөретиўшилигине табыслар тиледи ҳәм келген мийманларды тамашалаўға мирәт етти.
С.Байбосынов Қарақалпақстан заманагөй сүўретлеў көркем өнерине «абстракционизм» ҳәм «пуантализм» ағымларын қарақалпақ миллий калоритине алып кирген дәслепки художниклердиң бири. Бул ағымлар тәсиринде қарақалпақ миллий үрп-әдетлери, этнографиясы, тәбияты, сондай-ақ, қарақалпақ миллий қурақлары менен натюрморт ҳәм арал трагедиясына бағышланған аралас техникада картиналар дөретип келмекте.
Ходожник дөретиўшилигине нәзер салсақ, оның талғамының кеңлиги кеўил сарайының оғада бай екенлигин, туўылып өскен ана Ўатанына сүйиспеншилигиниң жоқары екенлигин аңлайсаң.
Оның дөретпелери тек халқымыз нәзерине усынылып қоймастан сырт еллерде де көргизбелерде қатнасып киятыр. Атап айтқанда, «Өзбекстан художниклер» (Түркия 1991-жылы, Москва 1993-жылы), «Миллет мақтанышы» (Москва 2011-жылы), ал, 2004-жылы болса Австрия мәмлекетине, 2019-жылы Кипр республикасында халықаралық симпозиумда Никосия жақын шығыс университетиниң заманагөй көркем өнер авангард музейинде дөретиўшилик сапарларында болды. Ол дөреткен картиналар ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз ҳәм сырт еллер музейлеринде ҳәм жеке коллекцияларда сақланып келмекте. Бүгинги күнде устаз художник бир қанша шәкиртлер таярлап атыр.
Көргизбеге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының мәденият ислери бойынша кеңесгөйи Г.Изентаева қатнасты.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.