Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:52:14, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚ МҮРӘЖАТЫ ИТИБАРСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ

Тақыятас районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасында «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принципте ҳәр күни тастыйықланған реже тийкарында маш­қалаларды шешиў бойынша жумысшы топар тәрепинен қабыллаўлар шөлкемлестирилип, жумыс алып барды.

Өткен жыл даўамында 190 мәселе бойынша 180 мүрәжат қабыл етилип, соның ишинде, исбилерменлерден 38, көшпели қабыллаўларда 94, Call-markaz арқалы 39, «buisness.gov.uz» порталы арқалы 9 мүрәжат келип түсти. Усы мәселелердиң 185и көрип шығылыўы тәмийинленди, олардың 104и унамлы шешилди, 81ине түсиник берилди, 5 мүрәжат қайтарылды.

Бул мүрәжатлардағы мәселелердиң қырық үши кредит, он алтысы жер ажыратыў, он төрти руқсатнама, лицензиялар алыў, оны салық, алтаўы инфраструктуралық тармақлар, тоқсан бири басқа да мәселелер.   

Райондағы исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы ҳәм 4 сектор басшылары менен жәми 114 көшпели қабыллаўлар шөлкемлестирилип, 224 мүрәжат қабыл етилди. Соннан 127 мүрәжат унамлы шешилди, 97 мүрәжатқа нызамлы түсиник берилди. Бул қабыллаўларға жәми 891 физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қатнасыўы тәми­йинленди. Соннан исбилерменлик субъектлери менен өткерилген көшпели қабыллаўларда жәми 34 мүрәжат қабыл етилип, 78 мәселе көтерилди. Соннан 55 мәселе унамлы шешилди, 22 мәселеге нызамлы түсиник берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң 4-сессиясында додаланды ҳәм келеси 2022-жыл ушын ис реже дүзилип, жумыслар алып барыў даўам етпекте.

Қ.ЕМБЕРГЕНОВ,

Тақыятас районы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF