ЖАСЛАР ЖЕТЕКШИЛЕРИНИҢ БИЛИМ ҲӘМ КӨНЛИКПЕЛЕРИ
ЖЕТИЛИСТИРИЛДИ
Мәҳәллелерде жаслар жетекшиси лаўазымы енгизилди. Мәмлекетимиз басшысының «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың белсендилигин арттырыў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў, ең тийкарғысы, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдай әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.
Республикамыздың 424 мәҳәллесинде жаслар жетекшилери өз жумысын баслады. Олардың жумыс процесин беккемлеў нәтийжели түрде жумыс алып барыўын тәмийинлеў мақсетинде 25-28-январь күнлери пайтахтымыздағы Жаслар орайында оқыў-семинар болып өтти. Онлайн тәризинде өткерилген бул оқыў-семинарда Өзбекстан Республикасы бойынша 10 мыңға жақын жаслар жетекшилери қатнасты. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги, мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген оқыў-семинарда жаслар жетекшилериниң аймақларда жумысты қалай шөлкемлестириў кереклиги, бул жаңа системасының мазмун-мәниси, тийкарғы ўазыйпалары, жаслардың машқалаларын тиккелей мәҳәллениң өзинде шешиў, олар ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнаў ҳәм тағы басқа да белгилеп берилген ўазыйпалар бойынша билим ҳәм көнликпелери арттырылды.
Семинар даўамында жаслардың белсендилигин арттырыў, қәбилети ҳәм басламаларын хошаметлеў, турмыста өз орнын табыўы ушын қандай жәрдемлер көрсетиў мүмкинлиги бойынша да пикир-усыныслар тыңланып, қызықтырған сораўларға жуўаплар берилди. Соның менен бирге, семинарда жетекши жаслар «Жаслар балансын» қәлиплестириў ҳәм сол тийкарда «Жаслар дәптери» ҳәм «Жаслар порталы» электрон платформаларына мағлыўматларды киргизип, олар менен нәтийжели жумыс алып барыўлары, буннан тысқары, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, олар арасында миллий халық ойынлары ҳәм спорт түрлериниң ғалабалығына ерисиў, социаллық белсендилигин арттырыў, бул бағдарда қәбилети, қызығыўшылығы ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм ең тийкарғысы, өмирден өз орнын табыўына көмеклесиў кереклигине айрықша тоқтап өтилди.
— Бул семинар-тренингте ҳәр бир жас менен қалай ислесиў, олардың машқалаларын шешиў, бәнтлигин тәмийинлеў, функциональ ўазыйпалары ҳаққында кең түрде мағлыўмат ҳәм түсиниклерге ийе болдық. Енди бизлер буларды өз жумысларымызда әмелге асырыўға ҳәрекет етемиз, - дейди «Шымбай шайхана» МПЖниң Жаслар жетекшиси Ҳүрлиман Жумамуратова.
Семинарда жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жаңадан қәбилетли жасларды анықлаў, исбилерменлик пенен шуғылланыўшы жасларға кредит ажыратыў, мийнет мигрантлары менен ислесиў, бир сөз бенен айтқанда, аўыр шараятта болған жасларға зәрүрли жәрдемлер көрсетиў бойынша түсиниклер берип барылды.
Г.САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: семинардан көринис.