«ӘЛИПБЕ» САБАҚЛЫҒЫНА ИТИБАРСЫЗЛЫҚ ЖАРАСПАЙДЫ
Ҳәр бир ата-ана ул-қызларының мектептиң биринши класына барып оқыўын асығыслық пенен күтеди. Әсиресе, мектептен «Әлипбе» сабақлығын сумкасына салып, куўанышы қойнына сыймай келген ул-қызларын көргенде төбелери көкке жетеди.
«Әлипбе» сабақлығын дүзиўшилерге шексиз миннетдар екенликлерин билдиргиси келеди. Бирақ, олардың көпшилиги «Әлипбе» сабақлығының (Ташкент, 2021) бетлерин ашып көргеннен кейин өзлериниң дәслепки пикирлеринен қайтыўға мәжбүр болады...
Өткен жылы август айының ақырында мениң телеграм каналыма кимдур авторлары Ш.Әбдиназимов, Ж.Оспанова ҳәм Х.Әбдижаббаровалардан ибарат болған «Әлипбе» (2021) сабақлығын таслады. Шамасы, ол мениң баслаўыш тәлим методикасы факультетиң питкергенлигимди ҳәм сол ўақытта баслаўыш тәлим методикасы факультетине қараслы «Улыўма педагогика ҳәм психология» кафедрасында ислеп атырғанлығымды билетуғын болса керек. Мен де өз нәўбетимде «Бул сабақлықты не ушын маған таслады екен» деген сораўларға жуўаплар алыў мақсетинде сабақлықты пуқталап үйрене басладым.
Сабақлықты 2019-жылы «Билим» баспасы арқалы жарық көрген, марҳумлар Е.Бердимуратов, Ҳ.Жумашев ҳәм Қ.Хожамуратовалардың авторлығындағы «Әлипбе» сабақлығы менен салыстырып көрдим. Нәтийжеде, Мийнет қаҳарманы А.Өтениязов, бес мәрте жәҳән чемпионы Е.Қутыбаевлар ҳаққындағы мағлыўматларды, бир қатар район атларын сабақлық ишинде пайдаданғанына кеўлимиз толды.
Әдетте, билимлендириўдиң мазмуны мәмлекетлик билимлендириў стандарты, оқыў жобасы, оқыў бағдарламалары ҳәм сабақлықлар менен белгиленеди. Усыған байланыслы олар тийислисинше министрлик тәрепинен тастыйықланады. Министрлик тәрепинен тастыйықланғаннан соң ол мәмлекетлик ҳүжжет саналады. Соның ишинде сабақлық — тастыйықланған мәмлекетлик билимлендириў стандарты ҳәм оқыў бағдарламасы тийкарында жеке ямаса жәмәәтлик авторлар тәрепинен жазылып билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланады.
Бизди ҳайран қалдырған нәрселердиң бири, бириншиден, 2019-жылы баспадан сегизинши мәртебе басылып шыққан «Әлипбе» сабақлығының Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланғанлығында, ал, 2021-жылы шығарылған «Әлипбе» сабақлығының министрлик тәрепинен тастыйықланбағанлығында ҳәм тек ғана усыныс етилгенлигинде болды. Себеби, бул жерде «Халық билимлендириў министрлигинен басқа, және қайсы мәкеме хызметкерлери тәрепинен «Әлипбе» сабақлығы жазылды екен!» деген орынлы сораў да қыялымыздан өтти. Егер де алтерьнатив варианттағы сабақлықлар бар болса, онда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң буйрығы менен дүзилген арнаўлы комиссия қурамы сабақлықларды муқыятлап көзден өткерип болып, олардың ишинен биреўин ылайықлы деп табыўы ҳәм Халық билимлендириў министрлигине тастыйықлатыў ушын усыныс етиўи мүмкин еди. Ал, биз көзден өткерген сабақлықта Халық билимлендириў министрлиги арнаўлы комиссия қурамының ямаса муўапықластырыўшы кеңестиң жумысын атқарып турғандай сезилди. Усыған байланыслы «Сабақлықты баспадан шығартыў ушын қайсы министрлик мойнына алып, тастыйықлап берди» деген және бир сораў пайда болды. Нәтийжеде, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиндеги жуўапкер шахстың министрлик пенен арнаўлы комиссия қурамының атқаратуғын хызметлери ҳаққында жетерли дәрежеде мағлыўматқа ийе емеслиги ҳаққында бир пикирге келиўимизге тийкар жаратылды.
Екиншиден, педагогиканың оқытыў принциплериниң ишинде «ылайықлы оқытыў» деген принцип бар. Бул принцип өз ишине «жеңилден-қыйынға», «белгилиден-белгисизге», «әпиўайыдан-қурамалыға», «жақыннан-узаққа» деген қағыйдаларды бириктиреди. Бул оқытыў принципи ҳәм оған тийисли қағыйдаларды мектеп муғаллимлери ҳәм сабақлықты дүзиўши авторлардыңда басшылыққа алғаны мақул болады. Себеби, бул қағыйдаларды мектеп муғаллимлери басшылыққа алып, сабақлықты дүзиўши авторлар басшылыққа алмаса, онда баслаўыш класс муғаллимлериниң өз оқыўшыларын саўатландырыў ислери қыйынласады. Тилекке қарсы, 2021-жылы баспада жәрияланған «Әлипбе» сабақлығында бул принцип ҳәм қағыйдалардың басшылыққа алынбағанлығы сезиледи. Пикиримиз дәлилли болыўы ушын мысаллар келтирейин:
2.1. Гейпара буўынға бөлип көрсетилген сөзлерди баслаўыш класс оқыўшыларына түсиндириўдиң қыйынлығы сезиледи. Мәселен, сабақлықтың 10-бетинде «Аа» ҳәрибине байланыслы берилген мысалларда «6» саны көрсетилген ҳәм оның төменине төрт кетекше берилип, биринши кетекшениң ишине «а» ҳәриби жазылған ҳәм сол санның алты екенлигин билдириўге ҳәрекет жасалған. Бул жерде пәнлер аралық байланыс инабатқа алынбаған. Математика пәни оқытыўшысының бул аралықта 6 санын өтип үлгермейтуғынлығы инабатқа алынбаған. Усы сыяқлы көринислер сабақлықтың басқа бетлеринде де ушырасады.
2.2. Сабақлықтың 14-бетинде «Тт» ҳәрибин түсиндириў ушын тананың сүўрети берилген. Баслаўыш класс оқыўшыларының барлығы шарўаның балалары емес. Олар тананың сүўретине қарап турып, мынаў тана деп айта қояр ма екен? Әлбетте, олар айта алмайды. Сүўретке қарап турып «бул сыйырдың сүўрети» деп айтыўы мүмкин. Ал, муғаллим «бул — сыйыр емес, тана. Себеби, сыйырда желин болады. Желинде сүт болады» деп айта келип, танада желин емес, не болатуғынын қалай түсиндиреди. Оқыўшылардан биреўи «тана не қылады» деп сораса не деп жуўап бере алады?..
2.3. Сабақлықтың 51-бетиндеги «Кк» ҳәрибине байланыслы мысаллардың биринде «е» ҳәриби биринши буўында берилип, екинши буўында «сик», «тик», «рик» буўынлары келтирилген. Муғаллим биринши буўындағы даўыслы сес болған «е» ҳәрибин созыңқырап айтыўы мүмкин, ал, «сик» деген буўынды қалай айтады, қалай түсиндиреди? Бул буўынды оқыўшылар оқыўға уялып қалмас па екен! Оқыўшылардың ата-аналары балаларына жәрдемлеспекши болса, онда олар «сик» деген буўынды балаларына қалай түсиндиреди деген сораўлар кимди болса да ойландырады.
2.4. Оқыўшылардың жас өзгешеликлерине сәйкес келмейтуғын қосық куплетлери бериле берген. Мәселен, «Әлипбе»ниң 6-бетинде 4 куплет, 8-бетте 2 куплет, 9-бетте туўысқанлық қатнасықларға байланыслы 4 куплет қосық қатарлары еле «Аа» ҳәриби өтилмей атырып берилген. Ал, А, Н, Т ҳәриплери өтилип баслағаннан кейин 12-бетте 3 куплет, төртинши болып «Оо» ҳәриби өтилгеннен кейин 14-бетте 4 куплет қосық берилип, буннан соң 51-бетке шекем қосық куплетлери пайдаланылмаған. Ал, 57-бетте 1 куплет қосық берилген. Биз, сабақлықтың көрсетилген бетлеринде берилген қосықлардың куплетлерин санап отырып, сабақлық авторларының ылайықлылық принципиниң қағыйдаларын өз бетинше бурмалалаған ҳалда, анығырағы, «қыйыннан-жеңилге», «белгисизден-белгилиге», «қурамалыдан-әпиўайыға», «узақтан-жақынға» деген, әмелиятта сынап көрилмеген қағыйдаларды басшылыққа алып, бул арқалы баслаўыш класс оқыўшыларының сабақты өзлестириў дәрежесин қыйынластырыўға ҳәрекет жасағанлығының гүўасы болдық. Бул көринис бизге, қас қояман деп көз шығарып алыўға умтылыўшылықтың басымлығынан дерек бергендей сезилди.
2.5. Сабақлықта берилген гейпара сүўретлер түсиниксиз, олардың айырымлары оқыўшылардың билип алыўы ушын қыйыншылық туўдырады. Мәселен, 10-беттеги атқулақтың, 12-бетте паластың, 16-бетте наманың, 18-бетте баўырсақтың, 19-бетте жуўсанның, 22-бетте байыўлының ҳәм бәндиргиниң, 58-бетте бөректиң, 64-бетте ләңки менен суңқардың, 72-бетте акацияның, 74-бетте гүзе менен адвокаттың сүўретлери пикиримизге толық дәлил бола алады.
2.6. Әдетте, биз оқыўшыларды оң қол менен жазыўға әдетлендириўге умтыламыз. Соның ушын да класстағы оқыўшылардың партада отырған ўақытларында жақтының шеп жағынан түсирилиўине итибар қаратамыз. Соның ушын да 5-беттеги «шеп қол менен дурыс жазыўды үйрен» деген сөз дизбеги артықмаштай түйиледи.
2.7. Сабақлықтың гейпара орынларында 1-класс оқыўшыларының жас өзгешелигине сәйкес келмейтуғын сораўлар ҳәм тапсырмалардан пайдаланылған. Мәселен 35-бетте «Мойнаққа қалай барамыз?», 37-бетте «Дарсан» аўылы қаяқта?», 41-бетте «Бозатаў қаяқта? Ол қандай район!», 55-бетте «Сиз қайсы елаттансыз?», 69-бетте «Өз елатыңның тарийхын билесең бе?» деген сораўлар ҳәм усы беттеги «Сүўретке қарап «Китапханада...», 73-беттеги «Цирк тамашасы» деген темада киши текст дүзиң» сияқлы тапсырмалар пикиримизге дәлил бола алады.
2.8. «Әлипбе» сабақлығының 11-бетинен баслап төменги жағында 6 түрли реңге боялған кетекшелер бар. Ол жерде даўыслы, даўыссыз, үнли, үнсиз, жуўан, жиңишке сөзлери жазылған. Ҳәр бир ҳәрип өтилген ўақытларында усы кетекшелердиң тийисли жерине алфавит тәртибинде қойылып барылады. Бул көрсетилгенлердиң барлығы да әлипбени үйренип атырған оқыўшылар ушын қыйыншылық туўдырады. Бизиң пикиримизше, оқыўшылардың әлипбени үйрениў дәўири ушын даўыслы ҳәм даўыссыз сес деп айырып билгени мақул болады. Себеби, әлипбеден соң өтилетуғын «Қарақалпақ тили» сабағында оларды өтип, балаларға үйреткени мақсетке муўапықтай сезиледи. Ал, оның орнына 2019-жылғы әлипбедегидей ҳәр бир ҳәриптиң жазылыўын сулыў етип жазып қойғаны балалардың жазыў ислерин орынлаў барысында берилген билимлерди аңсатырақ өзлестирип алыўына мүмкиншилик туўдырады.
- «Әлипбе»де берилген сүўретлердиң айырымлары тәкирарланған ҳәм өзиниң дәслепки мәнислерин жоғалтқан. Мәселен 10-беттеги бесикти қушақлап отырған ананың сүўрети сол турысында 56-бетте, 10-беттеги аспазға байланыслы сүўрет 72-бетте, 23-беттеги жер аўдарып атырған ғаррының сүўрети 36-бетте дийқан сөзине берилген сүўретте тәкирарланып берилген.
«Әлипбе» ҳәм «Әлипбе» сабақлығына жазылған «усиликалық қолланба» ҳаққында усы жылдың 18-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық Билимлендириў орайы имаратында болып өткен авторлар менен ушырасыўды телеграм каналы арқалы көрдим. Егер де авторлардың сөзлерине итибар беретуғын болсақ, бул сабақлық рус тилиндеги сабақлықты жақсырақ жазылған екен деп есаплап, сол сабақлықты басшылыққа алып, миллий бағдарлама тийкарында жазылғанлығы мәлим болды. Деген менен бул жерде Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасын нәзерде тутқан болса, ол Президентимиздиң пәрманы менен 2020-жылдың 23-сентябринен баслап өз күшин жоғалтқан еди. Оның жаңа варианты еле қабылланбады.
Және де, баслаўыш класстың «Әлипбе» сабақлығы басқа сабақлықты басшылыққа алып жазылмайды. Ал, керисинше, сабақлықты жазыўшы авторлар жәмәәти өз алдына бағдарлама дүзип алып, бағдарлама тийкарында өзлериниң сол дүзип атырған сабақлығындағы билимлерди баслаўыш класс оқыўшыларының санасына қалайынша ықшамластырып жеткериў, оларды ең қолайлы жол менен қалайынша тезирек саўатландырыў мәселелеринде тынбай излениў алып барыўлары керек болады. Буның ушын авторлар мектеплердеги баслаўыш класс муғаллимлери менен үзликсиз байланыста болып барыўына, дерлик ҳәр күни олардың пикирлерин тыңлап билиўине, өзлериниң де жаңадан пайда болған усынысларын муғаллимлерге жеткерип бериўден, сол усынысларды мектептеги баслаўыш класс муғаллимлериниң ис-тәжирийбесинде сынап көриўден жалықпаўына туўра келеди.
Авторлар жәмәәти психология илимлериненде хабардар болғаны, өзлериниң дүзген сабақлығындағы ҳәр бир өтилетуғын материалдың оқыўшылардың жас ҳәм психологиялық өзгешеликлерине сәйкеслигин тынбай изертлеп барғаны мақулырақ болады. Буның ушын авторлардың өзлери баслаўыш класс муғаллимлериниң сабақларына кирип, өзлериниң усыныс еткен материалларын баслаўыш класс оқыўшыларының қабыллаў, пикир жүргизиў, есте сақлаў ҳәм басқа да психологиялық өзгешеликлерине тәсир етиўлерин бақлап барып, балалардың қабыллаўына қыйыншылық туўдыратуғын материаллар болса, ҳеш екиленбестен оны алып таслап, унамлы нәтийжелер берген болса, оны жетилистирип барып, өзлери дүзип атырған сабақлығында пайдаланса бир қанша қәте-кемшиликлердиң алды алынады.
Бизиң пикиримизше, авторлар жәмәәти өзлериниң дүзген «Әлипбе»синдеги ҳәр бир ҳәриптиң, ҳәр бир сөздиң өтилиўин ең болмағанда Нөкистеги мектеплердиң биринде сынап көргенинде жоқарыдағы мысалларда келтирип өтилген «тана» сөзин ҳәм басқа да материалларды абайлап пайдаланған ямаса сабақлықтан пүткиллей алып таслаўы да мүмкин еди. Тилекке қарсы сабақлық жазылған менен сынақтан өткерилмегенлиги белгили болып тур.
Сабақлықта көрсетилиўинше, усы сабақлыққа Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық Билимлендириў орайының методисти Г.Әбдикаримова, Нөкис қаласы 27-санлы мектептиң жоқары категориялы баслаўыш класс муғаллими М.Тилеўова ҳәм 24-санлы мектептиң 1-категориялы муғаллими Н.Сахиева пикир берген. Олардың ишинен тек ғана биреўи баслаўыш класстың муғаллими. Бизиң пикиримизше, сабақлықтың мазмунының жақсыланыўы ушын оны баслаўыш тәлим бойынша қәниге илимпазларғада көрсеткенинде, ең болмағанда, Қарақалпақстанда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының, оның қурамында баслаўыш тәлим методикасы факультетиниң 1958-жылдан берли ҳәрекет етип турғанлығын, усы факультеттеги баслаўыш тәлим методикасы деген кафедраның бар екенлигинен хабары болғанында ҳәм ол жердеги илимпазлардыңда пикирлерин алғанда сабақлық бундай жағдайда шықпаған болар еди.
Жуўмақлап айтқанда, бул «Әлипбе»ни усы ҳалында келеси оқыў жылында пайдаланыў мақсетке муўапық еместей сезиледи. Бизиң пикиримизше, егер де Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жаңа «Әлипбе»ни дүзиўдиң тәрептары болатуғын болса, онда «Әлипбе» сабақлығына таңлаў жәриялағаны мақул болады. Бирақ, енди жазылатуғын «Әлипбе» сабақлығын сынап көриў ўақтының 2021-жылдың сентябрь-декабрь айларында өтип кеткенлигин инабатқа алатуғын болсақ, онда таңлаўда қатнасыў ушын таярланған келеси «Әлипбе» сабақлықларын сынап көриў ўақтын 2022-жылдың сентябрь-декабрь айлары етип белгилеўге туўра келеди.
Арзы ПАЗЫЛОВ,
Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими, Әжинияз атындағы НМПИдиң Педагогика кафедрасы баслығы, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент.
Гулзавира БАБАШЕВА,
Әжинияз атындағы НМПИдиң Улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасының аға оқытыўшысы, педагогика илимлери бойынша философия докторы (РhD).