ЖАСЛАР ТӘРБИЯСЫНА БАҒЫШЛАНДЫ
Бүгингидей информациялық технологиялардың жедел раўажланыўы нәтийжесинде биз дүньяның қай жеринде болса да жүз берген ўақыя, жаңалықларды сол заматта еситиў имканиятына ийе болдық.
Тилекке қарсы, виртуал әлемде жасларымыздың тәрбиясына, олардың руўхый дүньясына кери тәсирин тийгизетуғын информацияларға да дус келип атырмыз. Әлбетте бундай информациялар айырым жасларымыздың турмысын изден шығарып орны толмас пушайманлыққа алып келмекте. Жақында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының қәнигеси Б.Айымбетовалар қатнасыўында жоқары да сыяқлы унамсыз иллетлерден өсип киятырған жас әўладларды сақлаў, жаслар тәрбиясына ҳәм олардың бүгинги күндеги кийиниў мәденияты бойынша ушырасып атырған машқалалар ҳаққында сәўбетлесиў кешеси болып өтти. Кешени Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы баслығы А.Бекмуратов ашты. Тараў қәнигелериниң атап өткениндей, бүгинги күнде айырым жасларымыздың жәмийетлик орынларда кийиниў мәдениятына итибарсызлығы, олардың миллий менталитетимизге сай болмаған тәризде кийиниўи, сондай-ақ, билип билмей интернет тармағынындағы дин тараўындағы динимизди бурмалаўшы жаман нийетли кимселердиң дузағына түсип атырған жасларымызда ушырасып атырғанлығы ҳәр биримизди қырағылыққа шақырыўы керек. Себеби, шаңарақта ең дәслеп перзент тәрбиясына ата-ана жуўапкер екенлиги атап өтилди. Солай екен, кишкенелигинен-ақ, баланы туўрылыққа, ҳадаллыққа үйретип, бойында адамгершилик пазыйлетлерин сиңдирсек ғана өмирде алжаспай өз келешегин өзи жаратыўына исенимимиз кәмил.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.