Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:37:00, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУДЛАР ҲАҚҚЫНДА ЖАҢА НЫЗАМ

Соңғы жыллары мәмлекетимизде пуқаралар, юридикалық шахслар, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқуқ ҳәм нызамлы мәплерин суд жолы менен толық қорғалыўын тәмийинлеў, суд тараўында мәлимлеме коммуникациялық технологияларды кең қолланыў, суд мәжилислериниң ашықлығын тәмийинлеў ҳәм сол арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў бойынша избе-из реформалар алып барылмақта.

2021-жыл 28-июль күни жаңадан қабыл етилген Өзбекстан Республикасының «Судлар ҳаққында»ғы Нызамы усы мақсетлерди гөзлейди. Нызам 101 статьядан ибарат болып, өткен жыл 29-июльден нызамлы күшке кирди. Бул Нызамның алдынғысынан тийкарғы парқлары ҳәм өзине тән айырым өзгешеликлерине  тоқтап өтиўди мақул көрдик.

Нызамдағы тийкарғы  жаңалық, Президентимиз тәрепинен 2020-жыл 24-июль күни қабыл етилген «Судлар жумысын және де жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыў­ға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»»ғы Пәрманда белгиленген шөлкемлестириў реформаларынан келип шыққан ҳалда Нызамның 2-статьясында судлардың жаңа дизими белгиленди.

Сондай-ақ, Нызамның судьялар корпусын қәлиплестириўге бағышланған 5-статьясында судьялар корпусын қәлиплестириў судьялардың ғәрезсизлиги принципи Өзбекстан Республикасы Судьялар Жоқарғы Кеңеси тәрепинен әмелге асырылыўы, кеңести шөлкемлестириў ҳәм оның жумыс тәртиби айрықша нызам менен белгиленди. Буннан тысқары, судья­лардың ғәрезсизлиги, нызам ҳәм суд алдында теңлиги, суд ҳүжжетлериниң мәжбурийлиги, суд ислерин жүргизиўдиң әшкаралығы, суд ислери жүргизилетуғын тил, суд қорғаўында болыў ҳуқуқы, айыпсызлық презумпциясы сыяқлы судлар хызметиниң принциплерине қосымша рәўиште «нызамлылық» деп аталған 8-статьяда Өзбекстан Республикасында әдил судлаў нызамға муўапық ҳалда әмелге асырылыўы белгиленген. 17-статьяда тәреплер ҳәм басқа шахслардың суд ҳүжжети үстинен нызамда белгиленген тәртипте шағым етиў ҳуқықына ийе екенлиги беккемлеп қойылды.

Пәрманда белгиленген 2021-жыл 1-январьдан баслап бир-бирин тәкирарлайтуғын суд басқышларын қысқартыў ҳәм әдил судлаўға тән болмаған ислерди бақлаў тәртибинде көриў институтин тамамлаў ўазыйпасының әмелий көриниси сыпатында жаңа нызамның 28-статьясында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының ўәкилликлериндеги ислерди бақлаў тәртибинде көриў нәзерде тутылмаған ҳәм де бақлаў инстанциясы орнына кассация инстанциясында ислерди қайта көриў институты шөлкемлестирилгенлиги мүнәсибети менен нызамның 29-статьясында Өзбекстан Республикасы Олий судының судлаў комис­сиялары ислерди биринши инстанция, апелляция ҳәм кассация тәртибинде, сондай-ақ, кассация инстанциясы судында қайта көриўи белгиленди.

 Ески редакциядағы нызамның 61-статьясына көре, отыз бес жастан киши болмаған, жоқары юридикалық мағлыўматқа ҳәм юридикалық қәнигелиги бойынша, ең дәслеп, ҳуқық қорғаў уйымларында кеминде бес жыллық мийнет стажына ийе болған Өзбекстан Республикасы пуқарасы биринши мәртебе судьялық лаўазымына тайынланыўы мүмкин еди, ал, жаңа редакциядағы Нызамның 67-68-статьяларында отыз бес жасқа толған, жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе ҳәм юридикалық қәнигелиги бойынша кеминде жети жыллық мийнет стажына ийе Өзбекстан Республикасы пуқарасы районларара, район, қала судының, аймақлық әскерий судының судьясы лаўазымына тайынланыўы мүмкинлиги белгиленди. Бул судьялық лаўазымының оғада жуўапкершиликли ўазыйпа екенлиги менен тығыз байланыслы.

Сондай-ақ, бурын судьяларға қолланылыўы мүмкин болған интизамий жаза шаралары нызамасты ҳүжжетлери менен тәртипке салынған болса, жаңа редакциядағы нызамның 74-77-статьялары судьяның интизамий жуўапкерлиги мәселесин тәртипке салыўға қаратылған болып, 76-статья­да интизамий жаза шараларының түрлери анық белгилеп берилди.

Жаңа редакциядағы нызамда судьялар менен бирге олардың шаңарақ ағзаларының материаллык, социаллық қорғалыўы нәзерде тутылғанлығы, судьяларды турақ жай менен тәмийинлеў, турақ жай ижарасы менен байланыслы төлеўлердиң төлеп берилиўи нызам шеңберинде тәртипке салынғанлығы, судьялар ҳәм олар шаңарақ  ағзаларын социаллық тәрептен қорғаў бойынша көрилген шаралар судьяларды әдил судлаўды тәмийинлеў барысындағы хызметин қоллап-қуўатлаўда әҳмийетке ийе болып есапланады.

Сондай-ақ, нызамның жаңа редакциясында судьялардың ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары, судьялар ғәрезсизлигиниң тийкарғы кепилликлери, қол қатылмаслығы, судқа ҳүрметсизлик еткени ушын жуўапкершилик, судьяның ўәкилликлерин тоқтатып турыў ҳәм мүддетинен бурын тоқтатыў, судьялар маманлығы квалификациясы жумысын ҳәм тараўды тәртипке салыў менен байланыслы басқа да қатнасықлар толық тәртипке салынған.

Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы «Судлар ҳаққында»ғы Нызамы суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигине, әдил судлаўдың судьялар тәрепинен тек нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырылыўына, суд мәжилислериниң әшкара ҳәм ашық өткерилиўин тәмийинлеўге, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, исбилерменлик субъектлериниң нызамлы мәплерин суд жолы менен қорғаўға ҳәм сол арқалы шахслардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыўға хызмет етеди.

Азат СЕЙТАНОВ,

Нөкис районы Жынаят ислери бо­йынша суды баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF