Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:04:50, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЕХНИКАЛЫҚ ҚОРҒАЎ ОРАЙЛАРЫ — ИСЕНИМЛИ ҚУРАЛ

Бүгинги күнде техникалық қәўипсизлик системалары исенимли қорғаўды тәмийинлеўдиң ажыралмас бөлегине айланды. Қәўип системалары ҳәм техникалық қураллар жәрдеминде объектлерди қорғаўды шөлкемлестириў — бул объектлерге орнатылған қорғаў сигнализация қураллары ҳәм сис­темалары арқалы объекттиң жағдайын күни-түни мониторинг етиў, «Тәшўиш» сигналы түскенде объектке тез ҳәрекетлениўши топардың шығыўы болып табылады.

Объектти техникалық қорғаў — қорғалып атырған объектке руқсатсыз кириў, яки басқа да нызамсыз ҳәрекетлер қәўпиниң алдын алыў, мал-мүлкти, пуқаралардың өмири ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў. Техникалық қураллар жәрдеминде мал-мүлкти қорғаў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў төмендегилерди өз ишине алады:

- қорғаў системаларын орнатыў ҳәм оларға техникалық хызмет көрсетиўдиң квалификациялы, сертификатқа ийе қәнигелер тәрепинен әмелге асырылыўы;

- объектлерде жүз берип атырған ҳәдийселерди белгилеп барыў;

- тез ҳәрекетлениўши топарды «Тәшўиш» сигналы арқалы шақырыў имканиятының бар екенлиги;

- мағлыўматларды узатыўда бир неше байланыс каналларынан пайдаланыў;

- мағлыўматларды узатыў каналларының турақлы қадағаланып турылыўы;

- объектлерди қорғаўға тапсырыў ҳәм шешиў ҳәм де тәшўиш хабары ҳаққында SMS-хабарлаў.

Қорғалып атырған объектте техникалық қәўипсизлик системалары бар болғанда «Тәшўиш» хабары сигналы қорғаў мониторинг орайына түседи. Орай операторының мониторында объект ҳаққындағы барлық зәрүрий мағлыўматлар, сондай-ақ, тәшўиш хабарының түрлери көринеди. Қорғалып атырған объектке тезлик пенен оператив топар жибериледи. Зәрүрлик туўылғанда тәшўиш хабарының өзгешелигинен келип шығып ишки ислер уйым­ларының хызметкерлери, өрт қәўипсизлиги ямаса басқа хызметлер хабардар етиледи. Нәўбетши оператор сондай-ақ, объект басшысы яки оның исенимли ўәкили менен байланысқа шығып, ўақыя яки ҳәдийсе бойынша ескертеди. Объектлерди техникалық қорғаў физикалық шахслар менен комплекс тәризде ямаса өз алдына хызмет түри сыпатында әмелге асырылады. Бул объект қәўипсизлигин тәмийинлеў дәрежесин пәсейттирмеген ҳалда қорғаў шығынларын үнемлеўге, сондай-ақ, инсан факторын азайтыўға имкан береди.

Ж.МАМУТОВ,

Нөкис қалаларара Қорғаў бөлими 2-отряд командири, капитан.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF