КОРРУПЦИЯ — МИЛЛЕТ ДУШПАНЫ
Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиўге бағдарланған бир қанша әҳмийетли илажлар көрилмекте. Әсиресе, нызамшылық базаларын жетилистириў, мәмлекет ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметиниң ашық-айдынлығы, мәлимлемениң жәриялылығын тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў саласында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша көплеген ислер әмелге асырылмақта.
Дүньяның барлық раўажланған мәмлекетлери қатарында бизиң мәмлекетимизде де миллет душпаны есапланған коррупция иллетине қарсы гүресиў ҳәзирги күнги әҳмийетли мәселелердиң бири есапланады. Бул коррупция машқаласына бүгинги күнде дүньяның дерлик барлық мәмлекети дус келмекте. Оның жүзеге келиў себеплери түрли мәмлекетте түрлише болып, мәмлекеттиң тарийхый басқышы ҳәм социал-экономикалық раўажланыў дәрежеси менен белгиленеди. «Коррупция» сөзи латын тилинен алынған болып, «бузылыў, айныў» ямаса пара бериў менен сатып алып, өз тәрепине аўдырып алыў» деген мәнисти аңлатады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-июльдеги «Коррупцияға қарсы маўасасыз қатнаста болыў орталығын жаратыў, мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында коррупциялық факторларды кескин азайтыў ҳәм бунда жәмийетшилик қатнасын арттырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы пәрман талапларына тийкарланып, мәмлекетимизде жәрияланып атырған коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ис-илажлары жаңа басқышқа алып шығылды десек асыра айтқан болмаспыз.
Себеби, усы пәрман менен «Коррупцияға байланыслы жынаятларды жүзеге келтириўде айыпкер деп табылған шахслардың ашық электрон реестри» жүргизилиўи белгилеп берилди. Демек, усы реестрге киргизилген шахсларға мәмлекет хызметине кириў ҳәм де айрықша тәртипте тайынланатуғын лаўазымларға талабанлығының көрсетилиўи, олар тәрепинен шөлкемлестирген, яғный, олардың қатнасыўшысы есапланған исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик сатып алыўларда ҳәм мәмлекетлик жеке шериклик ҳаққындағы шәртнамада қатнасыўшы сыпатында болыў, сондай-ақ, мәмлекетлик активлерди меншиклестириў менен байланыслы тендер таңлаў саўдаларына қатнасыў және де мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған шөлкемлер ҳәм де мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында басшы лаўазымларда ислеў қадаған етиледи.
Бул өз орнында мәмлекетимизде коррупцияға қарсы аяўсыз қатнасықтың қәлиплесиўи ҳәм де ҳәр бир лаўазымлы шахстан әпиўайы пуқараға шекем коррупция иллетинен узақ болыў, өз хызмет ўазыйпаларын шын кеўилден нызамшылық шеңберинде әмелге асырыўға шақырады деп ойлайман.
Б.Абатбаева,
ҚР Бажыхана басқармасы «Нөкис аэропорты» шегара бажыхана посты инспекторы.