ЖУМЫСЛАР НЫЗАМ ТИЙКАРЫНДА
2021-жыл 29-июньде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик мәкеме ҳәм шөлкемлерге юридикалық хызмет көрсетиў жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарар тийкарында 2021-жыл 1-октябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы әдиллик басқармалары жанында юридикалық хызмет көрсетиў орайлары дүзилди.
Қарар менен юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәмлекетлик мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң жумысын ҳуқықый жақтан тәмийинлеў, мәмлекетлик шөлкемлерге сапалы юридикалық жәрдем көрсетиў, олардың хызметкерлериниң ҳуқықый саўатын ҳәм мәдениятын арттырыў, мәмлекетлик шөлкемлердиң мүлкшилик ҳәм басқа да ҳуқықларының ҳәр тәреплеме ҳәм нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў, олар тәрепинен қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң нызамлы ҳәм де ҳәр тәреплеме пуқта ҳәм сапалы болыўын тәмийинлеў — Орайлар жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленди. Соның менен бирге, мәмлекетлик шөлкемлерге юридикалық хызмет көрсетиў менен байланыслы барлық мағлыўмат ҳәм процесслерди толық электрон түрде жыйнаў, қайта ислеў, талқылаў ҳәм әмелге асырыў имканиятын беретуғын «Е-ҳуқуқшунос» электрон системасы енгизиледи.
Усы қарар тийкарында Қоңырат районында да Юридикалық хызмет көрсетиў орайы шөлкемлестирилип, ҳәзирги күнге шекем орай тәрепинен үш мыңға жақын буйрықлар, шәртнамалар ҳәм басқа да ҳуқықый түрдеги ҳүжжетлер экспертизадан өткерилди. Сондай-ақ, Орайға бекитилген мәкеме ҳәм шөлкемлерде ислеўши хызметкерлердиң ҳуқықый саўатын арттырыўда ҳәптесине бир мәрте барып, нызамшылықтағы жаңа өзгерислер ҳәм жаңадан қабыл етилип атырған нызамлар түсиндирилип барылмақта. Орайлар менен келисилмеген ҳалда юридикалық түрдеги ҳүжжетлердиң қабыл етилиўине жол қойылмайды. Бундай ҳүжжетлер юридикалық күшке ийе болмайды ҳәм олар қабыл етилген ўақыттан баслап ҳеш қандай ҳуқықый ақыбетлерди келтирип шығармайды.
Электрон системаға ишки буйрық, шәртнамалар ҳәм басқа да юридикалық түрдеги ҳүжжетлердиң жойбарлары қайта ислеў ҳәм жуўмақ алыў ушын юридикалық хызмет көрсетиў Орайларына жибериледи. Орайлардың жуўапкер хызметкерлери тәрепинен бул жойбарлардың нызамлылығы үйренилип, бул бойынша тийисли жуўмақлар таярланады, ҳүжжетлер электрон санлы қол менен тастыйықланған ҳалда жойбарды жиберген уйымға қайтарылады, нызамға тийкарланбаған жойбарлар болса қабыл етилместен бийкар етиледи.
Юридикалық хызмет көрсетиў Орайлары хызметкерлерине суд процесслеринде юридикалық хызмет көрсетилетуғын шөлкемлердиң ўәкили ретинде қатнасыў ҳуқықы да берилди.
Р.АННАЗАРОВ,
Қоңырат районы Юридикалық хызмет көрсетиў орайының бас юрисконсульты.