АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ТЕХНИКАЛАРЫ ЕГИСКЕ ТАЯР МА?
Бүгинги күнде аўыл хожалығы тараўында алып барылып атырған реформалар ҳәм өзгерислер дийқанларымызға күш жигер бағышлаў менен бирге машақатлы мийнетиниң жемисин татып, жаңа шеклерди ийелеўине, өткерилип атырған ҳәр қыйлы илажлар ҳуқыйқый мәдениятын асырыўға, сондай-ақ, олардың ҳәр тәреплеме нызамлы мәплериниң қорғалыўына ерисилмекте.
Атап өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 17-апрель күнги «Аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол-қурылысы техникаларынан пайдаланыўды жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол қурылысы техникаларын қадағалаў жумысларын шөлкемлестириў Министрлер Кабинети жанындағы «Агросанааткомплекси» үстинен қадағалаў инспекциясына жүкленген еди. Сондай-ақ, усы қарар менен «Аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол қурылыс техникаларын тексериўден өткериў тәртиби ҳаққында»ғы Реже де тастыйықланып, усы режеде тракторлар, трактор тиркемелери, өзи жүретуғын ҳәм аўыл хожалығы машиналары, мелиорация ҳәм жол қурылысы техникаларын мәжбүрий техникалық тексериўден өткериў тәртиби белгиленген.
Мағлыўмат орнында айтатуғын болсақ, ҳәзирги күнде республикамыздың барлық районларында 2 мыңнан аслам культивациялаўшы трактор, 1500ден аслам культиватор, мыңға шамалас шигит егиў сеялкалары, 200ге шамалас ғәлле орыўшы комбайн ҳәм агротехникалық илажларда пайдаланылатуғын басқа да заманагөй агрегатлар орайласқан ҳалда жыйналып оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Жақында «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Елликқала районында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм усы тараў қәнигелери қатнасыўында пресс тур шөлкемлестирилди.
— Бүгинги өткерилип атырған илаждан гөзленген мақсет — журналистлеримиз арқалы халқымызға соңғы жыллары сырт еллерден алып келинип атырған аўыл хожалығы техникалары ҳәм заманагөй агрегатлардың тараўда мол зүрәәт жетистириўдеги әҳмийети ҳаққында ҳәм бул бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларды таныстырыўдан ибарат, - дейди «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы инспекторы А.Қозиев.
Пресс тур даўамында қатнасыўшылар басқарманың Елликқала районы бөлими тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты. Районда быйылғы бәҳәрги егис ушын 54 дана жоқары өнимли тракторлар, 312 культивациялаўшы тракторлар, 122 шигит егиў сеялкалары, 218 культиваторлар, 208 малалар, 1022 тисли тырмалар, 89 шизиллер қатнасыўы режелестирилип, бул техникалардың оңлаў жумыслары жуўмақланыў алдында тур. Атап өтиў орынлы, район аймағында 2018-жылы шөлкемлестирилген «Бостан Кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен өткен жыллар даўамында 200ден аслам заманагөй аўыл хожалығы техникалары ҳәм агрегатларын алып келген болса, жәмийет тәрепинен фермер хожалықлары менен тығыз байланыста болып, шәртнамалар тийкарында нәтийжели жумыслар алып бармақта.
Атап айтқанда, 14 жоқары өнимли сүрим тракторлары, 20 культивациялаўшы тракторлар ҳәм заманагөй агрегатлар, культиватор сеялкалар, 20 лазер басқарыўлы жер тегислегишлер алып келинген.
— Биз усы жылы 10 культивациялаўшы тракторлар, 4 жоқары өнимли сүрим тракторы, 2 экскаватор ҳәм басқа да заманагөй агрегатларын сатып алыўды режелестирдик, соннан 2 жоқары өнимли сүрим тракторы ҳәм 1 экскаваторлар алып келинип фермерлер менен шәртнамалар дүзилип атыр, - дейди усы жәмийет баслығы орынбасары М.Ҳасанов.
Сондай-ақ, пресс тур қатнасыўшылары инспекция қәнигелери тәрепинен райондағы жумыс алып барып атырған тоқымашылық, ғәллешилик, шарўашылық кластерлери ҳаққында ондағы пахта жетистириў, шигитти, гөш ҳәм сүт өнимлерин қайта таярлаў ҳәм оларды халқымызға сапалы жетип барыўын тәмийинлеў бойынша мағлыўматлар алды.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: пресс турдан көринис.