КИТАП ПЕНЕН ДОСЛАСҚАНЛАР ЖЕҢИМПАЗ
Газетамыздың алдынғы санында хабар бергенимиздей, усы жылдың 25-26-январь күнлери пайтахтымыздағы Жаслар орайында «Жас китапқумар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышының болып атырғаны ҳаққында жәриялаған едик.
Ал, 26-январь күни болса усы таңлаўдың жас өзгешелиги 15 жастан 19 жасқа ҳәм 20 жастан 30 жасқа шекемги қатнасыўшылар арасында өткерилди.
Айтыўымыз керек, «Жас китапқумар» таңлаўына қатнасыўшы жаслардың ҳәр жыл сайын артып барыўы, әлбетте, бул таңлаўдың өткен жылдағыдан және де жоқары дәрежеде шөлкемлестирилиўине имканият бола алды. Ҳәр бир қатнасыўшы таңлаўда күшли таярлықлар менен өзлерин сыннан өткерди. Таңлаў шәртлери бойынша көркем әдебиятлар дизими арасында қарақалпақ әдебияты ўәкиллериниң де бар екенлигин айтып өтиўимиз керек. Таңлаў жуўмағында 15 жастан 19 жас өзгешелиги бойынша Төрткүл районындағы 10-санлы мектеп оқыўшысы Уғылжерен Холдурдиева 115 балл менен биринши, Кегейли районындағы 14-санлы мектептиң оқыўшысы Шаҳзада Нурымбетова 113,3 балл менен екинши, Елликқала районындағы 4-қәнигелестирилген мектептиң оқыўшысы Хулкарой Қаландаровалар 110 балл топлап үшинши орынларға ылайық деп табылды. Ал, 20 жастан 30 жас аралығында жас өзгешелиги бойынша Қоңырат районындағы 14-санлы мектептиң оқытыўшысы Маҳмуд Ешмуратов 153,3 балл менен биринши, Нөкис районындағы 4-санлы мектептиң оқытыўшысы Асқар Ешмуратов 105 балл менен екинши, ҚМУ студенти Иниятулла Раметуллаев 93,3 балл топлап үшинши орынларға ылайық деп табылды.
— Бул сынаў ең дәслеп оқыўшының өзиниң алдындағы сынаў ҳәм әтирапындағылар алдындағы бир имтихан деп айтыў мүмкин. Биз ойлаймыз, сол таярлығын жақсы орынлаған ҳәм итибар менен оқыған оқыўшы, әлбетте, мақсетине ериседи, өмири даўамында бир үлкен сүйениш ҳәм тийкары бола алады. Бүгин жеңимпаз бола алмаўы мүмкин, себеби, жеңимпазлық бул биреў. Лекин, бул бала китап пенен дос болды. Ол инсан туйғысы менен шуғыллана баслады. Ол китап бетлеринде теңиздиң шаўқымын көрди. Китап бетлеринде саҳраның самалын сезди. Китап бетлеринде өзине усаған балалар барлығын, өзине усаған қәлб ийелери ҳәм өзи қәлеген дослары бар екенлигин тапты ҳәм мине, усы китап пенен досласты. Бул китап пенен досласыў жасларымызға мүбәрек болсын, - дейди «Ёшлик» журналы Бас редакторы Нурилла Чориев.
Жеңимпазларға диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды. Соның менен бирге, таңлаўға қатнасқан барлық қатнасыўшыларға Ҳүрмет жарлықлары ҳәм китаплар саўға етилди. Жеңимпазлар Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилетуғын басқышқа жолламаны қолға киргизди. Айтып өтиўимиз керек, еки күн даўамында өткерилген бул таңлаў карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда жоқары көтериңкилик пенен шөлкемлестирилди. Әсиресе, қатнасыўшыларға өз қарсыласларының шығыўларын гүзетиў мақсетинде бақлаў залы, ата-аналар ҳәм қатнасыўшылардың жақынлары ушын күтиў заллары шөлкемлестирилгенлиги барлық қолайлы шараятлардың жаратылғанлығы менен әҳмийетли болды.
Президентимиздиң бес әҳмийетли басламасы шеңберинде жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў мақсетинде өткерилген таңлаў оқыўшы жаслардың китапқа болған сүйиспеншилигин еле де арттырып, оған меҳир қойып, жақын дос болыўға бағдарлады. Әлбетте, китап пенен жақын дос болыў билимли, илимли ҳәм кәмил инсан етип тәрбиялайды. Сол себепли де, китап ҳәм китапқумарлық мәселеси мәмлекетлик дәрежесине көтерилгени де тосыннан емес. Себеби, биз дүнья тән алған уллы данышпан бабаларымыздың әўладларымыз.
Г.САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: 15 жастан 19 жас өзгешелиги бойынша таңлаў жеңимпазлары.