ТАҢЛАЎ БАСЛАНДЫ, ОЛ ҚАЛАЙ ӨТКЕРИЛМЕКТЕ?
Соңғы жыллары мәмлекетимизде жаслардың барлық қатламларын китап оқыўға болған қызығыўшылық ҳәм умтылысларын арттырыўда улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олардың арасында китапқумарлық мәдениятының ғалабалығына ерисиўде ҳәр жылы «Жас китапқумар» таңлаўы жоқары көтериңкилик пенен өткерилип келинбекте.
Таңлаўдың быйылғы Қарақалпақстан Республикасы басқышы 25-26-январь күнлери пайтахтымыздағы Жаслар орайында басланды. Таңлаўдың қала ҳәм районлық басқышлары өткен жылдың 27-28-29-декабрь күнлери өткерилген болып, онда 33328 жас қатнасып, ҳәр бири жас өзгешелиги бойынша ең жоқары нәтийжени қолға киргизген еки қатнасыўшы Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды. Бул дегени, ҳәр бир жас өзгешелигинде 34 китапқумар қатнасады.
— Президентимиздиң бес әҳмийетли басламасы, яғный, төртинши басламасы китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў мақсетинде жасларымыз арасында Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өткерилип атырған бул таңлаў үш жас өзгешелиги бойынша l0 жастан l4 жасқа, l5 жастан l9 жасқа шекемги ҳәм 20 жастан 30 жасқа шекемги жаслар арасында өз алдына өткерилиўи белгиленген болып, онлайн арза тапсырыўда Қарақалпақстан Республикасы бойынша 85 мыңнан аслам қатнасыўшының арзасы қабылланды, - дейди Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигеси Еркин Қоңыратбаев.
Таңлаўда 34 қатнасыўшы l0 жастан l4 жас өзгешелиги бойынша еки, яғный, «Көркем шығарма билимданы» ҳәм «Тез сораў-жуўап» шәртлери бойынша өз-ара беллести. Айтып өтиў керек, барлық қатнасыўшыларда қала ҳәм районлық басқышларда жеңимпазлықты қолға киргизген оқыўшы жаслар болып, китапқумарлық бойынша билим ҳәм көнликпелери барысында бир-биринен қалыспады. Ең тийкарғысы, кимдур көркем шығармалар мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин жоқары дәрежеде тәриплеп берген болса, басқасы экспертлик комиссиясы тәрепинен усынылған әдебиятлардан дүзилген сораўларға тез ҳәм шаққанлық пенен жуўап бериўге ҳәрекет етти. Енди асығыслық пенен күткен мәўритлер жетип келип, жеңимпазлар анықланды. Нөкис қаласынан Соҳибжон Гулбаев 63,3 балл менен биринши, Нөкис қаласынан Гүлжамал Кийикбаева 58,3 балл менен екинши, ал, Шоманай районынан Гүлдана Жумабаева 50 балл топлап үшинши орынларға ылайық деп табылды.
Бул күнги таңлаў жуўмағында Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Турсынов қатнасыўшыларды қутлықлап, жеңимпазларға диплом ҳәм Ҳүрмет жарлықларын, баҳалы саўғаларды салтанатлы жағдайда тапсырды.
— Мен бул таңлаўға өткен жылы да қатнасқан едим. Лекин, Қарақалпақстан республикасы басқышына шыға алмадым. Быйылғы жылы таярлығымды күшейттим. Берилген китаплардың дерлик барлығын оқыдым. Биринши басқышта маған Худайберди Тухтабаевтың «Қуёнлар салтанати» шығармасы түсти. Мен 2 минут даўамында усы шығарманы толық тәриплеп бериўге, сондай-ақ, сораўларға жуўаплар қайтарыўға ҳәрекет еттим. Әлбетте, бул жеңимпазлыққа ерисиўимде өз билимим менен устазларымның да хызметлери үлкен. Енди келеси басқышқа күшли таярланып, және де жеңимпазлықты қолға киргизиўге ҳәрекет етемен, - дейди биринши орын жеңимпазы, Нөкис қаласындағы 34-санлы мектептиң 6-класс оқыўшысы С.Гулбаев.
Қулласы, биз бул таңлаўдың өткерилиў барысын тамашалар екенбиз, бундай китапқумар оқыўшыларымыздың санының жылдан-жылға артып атырғанына тәсийин қалдық. Таңлаў еле даўам етпекте. Бул бойынша мағлыўматларды газетамыздың келеси санларында жәриялап барыўға ҳәрекет етемиз.
Г.САПАРОВА, арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТE: таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў пайыты.