ӨТКЕН ЖЫЛЫ СУДЛАР ТӘРЕПИНЕН ҚАНДАЙ ЖУМЫСЛАР ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛДЫ?
Усы жыл 24-январь күни Қарақалпақстан Республикасы судында республикамыз судларында өткен жыл даўамында әдил судлаўды тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша әмелге асырылған жумыслардың жуўмағына бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары, жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы А.Адилов баянат жасады.
Атап өтилгениндей, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында өткен жыл даўамында жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен 1872 жынаят иси көрилип, алдыңғы жылдың усы дәўирине салыстырғанда 38 процентке көбейген. Усы дәўирде 1240 шахс судланған. Бул көрсеткиш Нөкис қаласы, Қоңырат, Төрткүл, Әмиўдәрья, Шымбай, Бозатаў, Мойнақ, Нөкис, Хожели ҳәм Елликқала районларында бир қанша артқан. Өткен жыл даўамында оғда аўыр жынаятларды ислеп судланған шахслар азайғаны менен, аўыр жынаятларды ислеген шахслар көбейген.
Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислер бойынша судлаў коллегиясының баслығы К.Тарихов, Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясының баслығы Б.Қтайбеков, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов өткен жылы әмелге асырылған жумыслар бойынша шығып сөйледи.
Атап айтқанда пуқаралық ислери судлары тәрепинен өткен жыл даўамында шаңарақ қатнасықлары менен байланыслы 3280, келисимлер менен байланыслы даўлар бойынша 10774, айрықша тәртипте көрилетуғын 1208, мийнет қатнасықлары менен байланыслы 901, турақ жай менен байланыслы 334, зыянды өндириў менен байланыслы 280, коммуналлық төлемлерди өндириў бойынша 69, жер менен байланыслы 36, басқа мазмундағы мәселелер бойынша 593 ис көрилген.
Экономикалық судлар тәрепинен исбилерменлер ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерден келип түскен 7184 даўа арза көрилген болып, соннан 5895 даўа арза қанаатландырылды. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен өткен жылы әмелге асырылған жумыслар бойынша мағлыўмат берилди.
Баспасөз әнжуманында Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы «Коррупция түсиниги ҳәм оған қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары» атамасында баянат жасады.
Илажда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги