ҚУМАР ТУЎРАЛЫ ДИНИМИЗДЕ НЕ ДЕЛИНГЕН?
ЯМАСА ИНТЕРНЕТТЕГИ 1хbet ОЙЫНЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Күн сайын глобалласып, тек жасларға емес, пүткил инсаниятқа, жәмийетке қәўип-қәтерлер тәсири артып баратырған бүгинги дүньяда мәнаўият мәселеси ең әҳмийетли мәселелердиң бирине айланбақта.
Өйткени, заманагөй техникалардан, әсиресе, компьютер ҳәм телефонлардан, интернеттен ҳәдден тыс пайдаланыў, жасына сай келмейтуғын социаллық тармақлардағы адамның дүньяқарасына тез тәсир етиўши күшке ийе сайтларда жәрияланып атырған материалларды, ҳәр қыйлы қумар ойынларды жәмлестириўши виртуал дүнья, әсиресе, сана-сезими толық қәлиплеспеген жасларымызды өзине тартпақта. Ҳәзирги ўақытта түрли басылымларда айтылып атырған технократ инсанлар туўралы оқыўдың өзи адамда қәўетер оятады. Бундай инсанларға виртуал әлемнен басқа я шаңарақта, я жәмийетте қызығыўшылық қалмайды екен. Айырымлар ушын ең пайызлы нәрсе қол телефоны болып қалғаны, әлбетте, ашынарлы жағдай.
Қәнигелер телефонда яки компьютер алдында ўақтын бийҳуўда өткерип, виртуал дүньяда жасайтуғынлар китап оқыўдан, жақынларынан, әтирапындағылардан узақласатуғыны, ата-ана, жәмийет алдындағы ўазыйпаларына кем-кемнен итибарсыз болып бара беретуғыны, ҳәтте, өз келешегине де бийпарқ қарайтуғыны, ақыбетинде, ўақыт өткен сайын жәмийеттен ажырала баслайтуғыны туўралы дәлиллер менен жазып атыр.
Сонлықтан да Президентимиз: «Егер кимдур мәнаўият мәселеси — бул тек мәнаўият орайы яки тийисли министрликлер менен мәкемелердиң иси деп ойласа, қәтелеседи» деп, бул мәселеге бәрше жуўапкер екенлигин тәкирар-тәкирар айтып келмекте. Себеби, мәнаўият — бул биринши гезекте, жақсы тәрбия, жақсы минез-қулық, терең билим. Усындай пазыйлетлердиң жемиси инсанның ҳадаллығында, пәклигинде көринеди.
Соңғы ўақытлары кең жәмийетшиликти тәшўишке салып атырған мәселелердиң бири — интернеттеги қумар ойынлары болып, ҳәзирги күнимизде бундай ойынлар, ҳәтте, камалына жетискен, шаңарақлы азаматларды да өз демине тартып атырған жағдайлар ушыраспақта.
Қумар ойынлары динимизде қараланған, гүнә әмеллерден саналады. Аллаҳтаала Қураны кәримде мәрҳамат етип: «Әлбетте, мәс қылатуғын нәрселер, қумар, бут сәнемлер, пал ашатуғын шөплер — иплас болған шайтанның ислери. Қәне енди, утысқа ериссеңиз» дейди. Көрип отырғаныңыздай, бул аятта төрт нәрсени ашық-айдын ҳарам деп көрсеткен. Солай екен, мусылманман деп турып, қумар ойнаў үлкен гүнә есапланады.
Ҳәзир үйинде отырып, дүньяның қәлеген жеринде болып атырған спорт жарысларына алдын ала пул тигип ойнаў ҳәўиж алмақта. Қумарға берилгенлер ҳеш нәрседен тайынбайды, ата-анасының, устазларының үгит-нәсиятларын еситкиси келмейди.
Жоқарыда келтирилген аяттың даўамында: «Әлбетте, шайтан мәс етиўши нәрселер ҳәм қумар себепли адамлар арасында душпанлық пайда етиўди қәлейди» деп келтирилген. Ҳақыйқатында да, айырымлар азғана пул утқаннан соң енди көп пулға ийе боларман деген үмит пенен бар пулларын қумарға тигип жиберип күйип қалып атырғаны, ҳәтте, көп муғдардағы суммаларға қарызға батып қалған жағдайлар турмыста ушыраспақта.
Усы 1хbet ойыны себепли гейпара шаңарақлар бузылып, нәрестелер жетим қалып атыр. Ата-ана усы ойын себепли перзентин ақ қылып, үйинен шығарып жиберген, ҳәтте, перзенти усы ойынды ойнап атырғанын ўақтында айтпай жасырғаны ушын өз ҳаялын қумар ойнаған перзентине қосып үйинен қуўған жағдайлар туўралы еситип атырмыз. Жақында интернетте қумарға пул тиккен жас жигиттиң бир миллиард сум қарызға киргенине не деўге болады? Ҳәзир сол қарызды жигиттиң әкеси төлеп атырғанлығына ше?
Демек, бул мәселеге қарсы пүткил жәмийетшилик биргеликте гүрес алып барыўы бүгинги күнниң талабына айланып отыр. Бунда биринши гезекте, ата-аналар перзентлер тәрбиясында жүдә итибарлы болыўы, «мен кийиндирип, ишип жегизиў ушын умтылып жүрмен, тәлим-тәрбияны мектеп береди», деген көзқарастан аўлақ болыў көп нәрсениң алдын алады. Жумысымыз қанша тығыз болмасын, изленген имкан таба алатуғын заманда жасап атырмыз. Мәселен, ҳәзир ата-аналар өзиниң қол телефоны арқалы перзентлериниң қайсы сайтларға кирип атырғанын, қай жерде жүргенин билиўге болатуғын, зыянлы тәсири тийетуғын сайтларды блоклайтуғын арнаўлы бағдарламалар ислеп шығылған. Бул арқалы перзентлеримизди ҳәр күни бақлаў, жақсы әмеллерге бағдарлап барыў мүмкиншилиги пайда болмақта.
Баҳраматдин РАЗОВ,
Нөкис қаласындағы Имам ийшан Муҳаммад жоме мешити имам-хатиби.