ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ 212 МҮРӘЖАТЫ УНАМЛЫ ШЕШИМИН ТАПТЫ
Өзбекстан Республикасы Презилентиниң 2019-жыл 14-майдағы «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Нөкис қаласындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тәрепинен өткен жыл даўамында айтарлықтай жумыслар алып барылды.
-Ҳәр күни тастыйықланған кесте тийкарында исбилерменлерден келип түскен машқалалар кәрхана ҳәм мәкеме ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар менен биргеликте додаланып, орнында шешиў илажлары көрилмекте,-дейди қабыллаўхана баслығы Әжинияз Қайратдинов.-Исбилерменлерди қабыллаў кестеси, арнаўлы жумысшы топар ҳәм штабтың қурамы тастыйықланып, оларға ўәкилликли уйымлардың қәнигелери бириктирилди.
Қабыллаўханаға өткен жыл даўамында 352 мәселе бойынша 316 мүрәжат келип түсти. Соннан 212 мәселе қанаатлантырылды, 132 мәселе бойынша ҳуқықый түсиник бериди ҳәм 8 мүрәжат қайтарылды. Көрип шығылған 34 мүрәжат елимиз, 175 мүрәжат республикалық, 143 мүрәжат район көлеминде шешилетуғын мәселелер есапланады. Олардың көпшилиги банк кредитлери, жер, кадастр ҳәм архитектура, қурылыс, салық, рухсатнама, лицензия ҳәм ҳүжжетлерди рәсмийлестириў, инфраструктура ҳәм басқа мәселелерден ибарат.
Атап айтқанда, «Soglom oila soglom jamiyat» жеке меншик кәрханасы мүрәжат етип, халыққа медициналық хызмет көрсетиў бағдарында исбилерменлик жумысын баслағанлығы ҳәм өз жумысын кеңейтиў мақсетинде керекли үскенелер сатып алыў ушын 245 миллион сум жеңилликли кредит алыў ушын банкке онлайн тәризде арза тапсырған. Бирақ, банк тәрепинен өз ўақтында кредит қаржылары ажыратылмағанлығы себепли өзлериниң наразылығын билдирген. Усы мүрәжат қабыллаўхананың араласыўы менен унамлы шешип берилди.
Сондай-ақ, «Timur Аnna» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы 0,15 гектар жер майданына аўыл хожалығы техникаларына хызмет көрсетиў орайын ашыў режелестирилгенлиги, бирақ, архитехтура бөлими тәрепинен тийисли рухматнама бериў жумыслары кешиктирилип атырғанлығы бойынша мүрәжат келип түсти. Бул мүрәжат та унамлы шешип берилди.
Пуқара Манзура Ерниязова гөззаллық салоны жумысын раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы тийкарында 33 миллион сум кредит сорап, электрон тәризде арза берген. Арза бойынша барлық шөлкемлер тәрепинен унамлы шешим берилип, банкке мурәжат етиўи соралған. Деген менен, банк тәрепинен ўақтында кредит қаржысы ажыратылмай атырғанлығынан наразы екенлигин билдирген. Пуқараның бул мүрәжаты унамлы шешимин тапты.
Қабыллаўханаға келип түскен мүрәжатларды көрип шығыўда кемшиликлерге жоқ қойған ўәкилликли уйымларға белгиленген тәртипте усыныслар киргизилип, жуўапкер хызметкерлерге тийисли шаралар көрилмекте. Атап айтқанда, мүддети өткен ҳәм мүрәжатшыларға тийкарсыз жуўап қайтарылғанлығы бойынша жуўапкер шөлкемлерге тийисли тәртипте 6 усыныс киргизилип, 8 хызметкерге «ескертиў» интизамлы шара көрилди.
Өткен жыл даўамында Нөкис қаласындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тәрепинен 354 исбилерменлик субъектиниң қатнасында 29 көшпели қабыллаў өткерилди. Усы қабыллаўларда исбилерменлерден келип түскен мүрәжатлардың көпшилиги унамлы шешимин тапты.
Нөкис қаласының ҳәкими менен биргеликте қабыл етилген қоспа қарар тийкарында қалада Исбилерменлердиң жәмийетшилик кеңеси шөлкемлестирилген болып, оның қурамы белсенди исбилерменлер, ҳуқықтаныўшылар ҳәм жәмийетшиликтиң басқа ўәкиллери арасынан сайлап алынды.
Жәмийетшилик кеңес пенен биргеликте өткерилген мәжилислерде қабыллаўханаға келип түсип атырған мүрәжатлар ҳәр тәреплеме талланып, исбилерменлерди қыйнап киятырған мәселе ҳәм машқалалар додаланып барылмақта. Буннан тысқары, исбилерменликти раўажландырыўға ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыўға тосқынлық етип атырған машқалалар бойыншга мониторинг жүргизилмекте. Бул тараўдағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша турақлы түрде усыныслар таярланып, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў агентлигине киргизилип барылмақта. Бүгинги күнге шекем тараўды раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша 73 усыныснама киргизилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы